bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Deuteronomy 26
Deuteronomy 26
Karakalpak 2022
← Chapter 25
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 27 →
1
«Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған елге кирип, ол жерди ийелеп, жайласып алғаныңызда,
2
сол елдиң жерлеринен жыйнап алатуғын барлық зүрәәтлериңиздиң биринши өнимлеринен алып, себетке салыңлар. Кейин оларды Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Өз атын орналастырыў ушын таңлайтуғын жерине алып барыңлар.
3
Сол ўақытта хызмет етип атырған руўханийдиң алдына барып, оған былай деп айтыңлар: „Жаратқан Ийениң бизлерге беремен деп, ата-бабаларымызға ант ишкен елине келдим. Бүгин мен усыны Қудайың Жаратқан Ийениң алдында тән аламан“.
4
Руўханий қолыңыздан себетти алып, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң қурбанлық орнының алдына қойсын.
5
Соннан кейин, сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында былай деп айтыңлар: „Ата-бабам көшпели арамлы еди. Ол азғантай адамы менен Мысырға барып, сол жерде келгинди болып жасай баслады. Бирақ ол уллы, күшли ҳәм сансыз халыққа айланды.
6
Мысырлылар бизлерге жаман қатнаста болып, зулымлық етти ҳәм аўыр жумыс ислеўге мәжбүрледи.
7
Сонда бизлер ата-бабаларымыздың Қудайы Жаратқан Ийеге жалбарынып, дад салдық. Жаратқан Ийе дадымызды еситти ҳәм бизлердиң азап шегип атырғанымызды, ислеп атырған аўыр мийнетимизди, мысырлылардың бизлерге ислеп атырған езиўшилигин көрди.
8
Соннан кейин, Ол қүдирети ҳәм созылған күшли қолы, уллы ҳәм қорқынышлы ислери ҳәм кәраматлы белгилери менен бизлерди Мысырдан алып шықты.
9
Ол бизлерди усы жерге алып келди, сүт ҳәм пал ағып турған усы жерди бизлерге берди.
10
Енди, Жаратқан Ийе, бизлерге берген жериңниң биринши зүрәәтин Саған алып келдик“. Кейин себетти Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдына қойып, Оған сыйыныңлар.
11
Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге ҳәм шаңарақларыңызға берген барлық ийгиликли затлары ушын қуўанып, шадланыңлар. Лебийлилер ҳәм араңызда жасап атырған келгиндилер де сизлер менен бирге байрамласын.
12
Сизлер үшинши жылы, оннан бирин беретуғын жылы, барлық зүрәәтиңизден оннан бир бөлегин айырып қойыңлар. Сол оннан бириңизди лебийлилерге, келгиндилерге, жетим-жесирлерге бериңлер. Солай етип, олар да қалаларыңызда ишип-жеп тойсын.
13
Соннан кейин, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге былай деп айтыңлар: „Үйимнен мухаддес оннан бирлерди толығы менен шығарып, Өзиң буйырғаныңдай, буларды лебийлилерге, келгиндилерге ҳәм жетим-жесирлерге бердим. Сениң ҳеш бир буйрықларыңды бузбадым, олардың ҳеш бирин де умытпадым.
14
Аза тутқан ўақтымда, мухаддес оннан биринен жемедим, ҳарам болған ўақтымда да, оларға тиймедим ҳәм өлилердиң әрўақларына усынбадым. Қудайым Жаратқан Ийе, Сениң сөзиңе қулақ салдым ҳәм маған буйырғанларыңның ҳәммесин орынладым.
15
Енди аспандағы мухаддес мәканыңнан бизлерге нәзериңди түсир! Ата-бабаларымызға ишкен антың бойынша бизлерге берген сүт ҳәм пал ағып турған жерге ҳәм Израил халқыңа берекет бер“».
16
«Бүгин Қудайыңыз Жаратқан Ийе усы қағыйдаларға ҳәм нызамларға әмел қылыўыңызды буйырып атыр. Буларды шын жүрегиңиз ҳәм жан-тәниңиз бенен муқыятлы түрде орынлаңлар.
17
Бүгин сизлер: „Жаратқан Ийе бизлердиң Қудайымыз, Оның жолларынан жүремиз, Оның қағыйдаларына, буйрықларына ҳәм нызамларына әмел қыламыз, Оған бойсынамыз“, – деп ашық тән алдыңыз.
18
Жаратқан Ийе берген ўәдеси бойынша, бүгин сизлерди Өз ғәзийнеси сыпатында жәриялайды. Оның барлық буйрықларына әмел қылыңлар.
19
Ол сизлерди Өзи жаратқан барлық халықлардан жоқары қылады. Сизлер алғыс-мақтаўға ҳәм ҳүрметке ерисесиз. Оның берген ўәдеси бойынша, сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң мухаддес халқы боласыз».
← Chapter 25
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 27 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34