bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Deuteronomy 5
Deuteronomy 5
Karakalpak 2022
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 6 →
1
Муўса пүткил израиллыларды бир жерге жыйнап, оларға былай деди: «Ҳәй, Израил, бүгин сизлерге айтатуғын қағыйдалар ҳәм нызамларға қулақ салыңлар! Оларды үйренип, муқыятлы түрде орынлаңлар!
2
Қудайымыз Жаратқан Ийе Хореб таўында бизлер менен бир келисим дүзди.
3
Жаратқан Ийе ата-бабаларымыз бенен емес, ал бизлер менен, бүгин усы жерде тири болған ҳәммемиз бенен келисим дүзди.
4
Жаратқан Ийе сол таўда оттың ишинен сизлер менен жүзбе-жүз сөйлести.
5
Сол ўақытта мен Жаратқан Ийе менен сизлердиң араңызда турып, Оның сөзин сизлерге жеткердим. Себеби сизлер оттан қорқып, таўға шықпадыңыз. Сонда Жаратқан Ийе былай деп айтты:
6
„Мен – сени Мысырдан, қул болған жериңнен алып шыққан Қудайың Жаратқан Ийемен.
7
Сениң Меннен басқа қудайларың болмасын.
8
Жоқарыдағы аспанда, төмендеги жер жүзинде ҳәм жер астындағы суўларда болған ҳеш бир нәрсениң көринисин соғып, өзиңе бут жасама.
9
Оларға табынба ҳәм хызмет қылма. Себеби Мен – сениң Қудайың Жаратқан Ийе, қызғаныўшы Қудайман. Мени жек көргенлерди әкесиниң гүнасы ушын балаларын, олардың үшинши, төртинши әўладына шекем жазалайман.
10
Бирақ Мени сүйгенлерге ҳәм буйрықларымды орынлағанларға мыңыншы урпағына дейин жақсылық қыламан.
11
Қудайың Жаратқан Ийениң атын жөнсиз тилиңе алма. Өйткени Жаратқан Ийе атын босқа тилге алғанларды жазасыз қалдырмайды.
12
Қудайың Жаратқан Ийениң буйрығына муўапық, Шаббат күнине әмел қылып, оны мухаддес тут.
13
Алты күн жумыс ислеп, барлық ислериңди исле.
14
Ал жетинши күн Маған, Қудайың Жаратқан Ийеге арналған Шаббат күни. Сол күни ҳеш қандай ис қылма. Улың да, қызың да, қулың да, шорың да, өгизиң, ешегиң ҳәм басқа малларың да, араңыздағы келгинди адам да ҳеш қандай ис қылмасын. Солай етип, қул ҳәм шорыларың да өзиңдей дем алсын.
15
Мысырда қул болғаныңды ҳәм Қудайың Жаратқан Ийе сени сол жерден күшли ҳәм қүдиретли қолын созып шығарғанын есле. Соның ушын, Қудайың Жаратқан Ийе Шаббат күнине әмел қылыўыңды буйырды.
16
Қудайың Жаратқан Ийе буйырғанындай, ата-анаңды ҳүрметле. Сонда Қудайың Жаратқан Ийениң саған беретуғын жеринде өмириң узақ болады ҳәм абадан турмыс кеширесең.
17
Адам өлтирме.
18
Неке ҳадаллығын бузба.
19
Урлық ислеме.
20
Ҳеш кимге қарсы жалған гүўалық берме.
21
Ҳеш бир адамның ҳаялын күсеме. Оның үйин, атызын, қулын, шорысын, өгизин, ешегин, ҳеш бир нәрсесин күсеме“.
22
Жаратқан Ийе бул сөзлерди пүткил жәмийетиңизге сол таўда оттың, булттың, қойыў қараңғылықтың ишинен бәлент даўыс пенен айтты. Бул сөзлерге басқа ҳеш нәрсе қоспады. Соннан кейин, Ол бул буйрықларды тегис еки тастың үстине жазып, маған берди.
23
Таў от болып жанып турғанда, қараңғылық ишинен даўыс еситтиңиз. Сонда барлық урыў басшыларыңыз ҳәм ақсақалларыңыз мениң алдыма келип,
24
былай деди: „Мине, Қудайымыз Жаратқан Ийе бизлерге салтанатын ҳәм уллылығын көрсетти ҳәм оттың ишинен шыққан Оның даўысын еситтик. Бүгин бизлер Қудайдың адамзат пенен сөйлескенин ҳәм адамзаттың тири қалғанын көрдик.
25
Бирақ енди бизлер не ушын өмиримизди және қәўип астына қойыўымыз керек? Бул үлкен от бизлерди жағып, жоқ етеди-ғо! Егер Қудайымыз Жаратқан Ийениң даўысын және бир мәрте еситсек, онда сөзсиз өлип қаламыз.
26
Оттың ишинен сөйлеген тири Қудайдың даўысын бизлер сыяқлы еситип, тири қалған адам бар ма?
27
Сен барып, Қудайымыз Жаратқан Ийениң сөзлерин тыңла. Соннан кейин, Оның барлық сөзлерин бизлерге айтып бер. Бизлер қулақ салып, орынлаймыз“.
28
Жаратқан Ийе сизлердиң маған айтқанларыңызды еситип, маған былай деди: „Мен бул халықтың саған не айтқанларын еситтим. Олардың барлық айтқанлары дурыс.
29
Қәнекей, олардың жүреклери ҳәмме ўақытта усындай болса, Меннен қорқып, барлық буйрықларыма әмел қылса! Сонда өзлери де, урпақлары да мәңги абадан турмыс кеширер еди.
30
Енди сен оларға барып, шатырларыңызға қайтың, деп айт.
31
Ал сен усы жерде, Мениң қасымда қал. Мен саған барлық буйрықларымды, қағыйдаларымды ҳәм нызамларымды беремен. Буларды халыққа сен үйретесең. Солай етип, Мен оларға мүлик етип берип атырған елде булардың ҳәммесине әмел қылсын“.
32
Енди оңға да, солға да бурылмай, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берген буйрықларын муқыятлы түрде орынлаңлар.
33
Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйырған барлық жоллары менен жүриңлер. Сонда сизлер мүлик етип алатуғын жерде аман болып, абадан турмыс кеширип, узақ өмир сүресизлер».
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 6 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34