bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Deuteronomy 22
Deuteronomy 22
Karakalpak 2022
← Chapter 21
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 23 →
1
«Егер де бир израиллы туўысқаныңыздың адасқан сыйырын ямаса қойын көрсеңиз, өзиңизди көрмегенге салмаңлар. Оны өз ийесине апарып бериңлер.
2
Егер де малдың ийеси сеннен узақта болса ямаса кимниң малы екенин билмесең, оны өзиңниң үйиңе алып бар. Малдың ийеси малын излеп келген ўақытта, оған қайтарып бересең.
3
Туўысқаныңның ешегин, кийимин ямаса басқа да жойтқан нәрселерин таўып алғаныңызда да анық солай ислеңлер. Өзиңизди көрмегенге салмаңлар.
4
Және де, израиллы бир туўысқаныңыздың ешеги ямаса сыйыры жолда қулап жатырғанын көрип қалсаңыз, оны көрмегенге салмаңлар. Оларды аяққа турғызыў ушын туўысқаныңызға жәрдем бериңлер.
5
Ҳаяллар еркектиң кийимин, еркеклер ҳаял адамның кийимин киймесин. Қудайыңыз Жаратқан Ийе бундай қылғанлардан жеркенеди.
6
Жол-жөнекей теректе ямаса жерде бир қустың уясына дус келип қалсаңыз, қус мәйек басып атырған ямаса палапанлары менен отырған болса, қусты палапанлары менен бирге қосып алмаңлар.
7
Өзиңизге тек ғана палапанларын алыўыңызға болады, бирақ анасын босатып жибериңлер. Сонда сизлер абадан турмысқа ерисип, өмириңиз узақ болады.
8
Таза үй салғаныңызда, төбесин жийеклеп, қоршаў ислеп шығыңлар. Сонда үйиңиздиң төбесинен биреў жерге қулап, өлип қалса, шаңарағыңыз буған жуўапкер болмайды.
9
Жүзимзарыңызға жүзимнен басқа егин екпеңлер. Болмаса, еккен туқымыңыз да, жүзимзарыңыз да ҳарам болып, өзлериңиз қоллана алмайсыз.
10
Жерди сүриў ушын ешек пенен өгизди бир гүндеге қоспаң.
11
Жүн ҳәм зығырдан араластырып тоқылған кийим киймең.
12
Кийимиңиздиң етеклериниң төрт мүйешине шашақ ислетип, тиктирип қойыңлар».
13
«Егер биреў үйленип, қыз бенен жатқаннан кейин, оны унатпай қалса
14
ҳәм оны айыплап: „Бул қызға үйлендим, бирақ оның менен жатқанымда, ол қыз болмай шықты“, – деп жаман атлы қылса,
15
қыздың ата-анасы қызының пәклигин дәлиллейтуғын төсектеги қызлық белгини алып, ақсақалларға көрсетиў ушын қала дәрўазасына алып барсын.
16
Қыздың әкеси ақсақалларға былай десин: „Қызымды мына жигитке узатқан едим. Ал кейин ол қызымды унатпай қалыпты.
17
Енди болса, қызыңыз қыз болып шықпады, деп жалған айыплап атыр. Бирақ мынаў қызымның пәклигин дәлиллейтуғын қызлық белгиси!“ Кейин қыздың ата-анасы қызының қызлық белгиси бар төсекти ақсақаллардың көз алдында жайып, көрсетсин.
18
Қала ақсақаллары үйленген жигитти әкелдирип, сабалап жазаласын.
19
Және де, ақсақаллар сол жигитке айыбы ушын жүз шекел гүмис төлетсин. Жигит израиллы пәк бир қызды жаман атлы қылғаны ушын, гүмисти қыздың әкесине берсин. Қыз сол жигиттиң ҳаялы болып қалсын ҳәм жигит өмири даўамында қыз бенен ажырасыў ҳуқықына ийе емес.
20
Ал егер де сол адамның айтқанлары дурыс болып, қыздың пәклигиниң дәлили болмаса,
21
қызды әкесиниң үйиниң есигине алып барсын. Қала халқы сол қызды тас боран қылып өлтирсин. Өйткени ол әкесиниң үйинде жасаған ўақтында бузықшылық қылып, Израилда жеркенишли ис қылды. Солай етип, араңыздағы жаўызлықты жоқ қылыңлар.
22
Егер де бир адам басқа биреўдиң ҳаялы менен жатқан жеринен усланса, онда еркек те, ҳаял да өлтирилсин. Усылай етип, Израилдан жаўызлықты жоқ қылыңлар.
23
Егер бир адам қалада басқа биреў менен атастырылып қойылған бир қызды ушыратып қалып, оның менен жатса,
24
екеўи де қала дәрўазасының қасына алып барылсын ҳәм тас боран қылып өлтирилсин. Себеби қыз қаланың ишинде болса да жәрдем сорап, даўыслап бақырмады, ал еркек болса, басқа биреўдиң болажақ ҳаялының абырайын төкти. Солай етип, араңыздағы жаўызлықты жоқ қылыңлар.
25
Егер де бир адам атастырылып қойылған бир қызды далада ушыратып қалып, оны услап алып зорласа, онда тек сол зорлаған адам ғана өлтирилсин.
26
Қызға ҳеш нәрсе қылмаңлар. Өйткени қыздың өлимге ылайық ҳеш қандай айыбы жоқ. Бул биймәлел биреўге ҳүжим қылып, оны өлтирген адамның исине уқсайды.
27
Себеби ол адам атастырылған қызды ашық далада услап алған, ал қыз болса, жәрдем сорап, бақырған. Деген менен, қутқаратуғын ҳеш ким болмаған.
28
Егер де бир адам атастырылмаған бир пәк қызды ушыратып, оны услап алса ҳәм оның менен жатқан жеринен усланса,
29
қыз бенен жатқан адам қыздың әкесине елиў шекел гүмис берсин. Ол қызды зорлағаны ушын, оған үйленсин ҳәм өмири даўамында қыз бенен ажырасыў ҳуқықына ийе емес.
30
Ҳеш ким әкесиниң ҳаялына үйленбесин, усылай ислеп, әкесин шерменде қылмасын».
← Chapter 21
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 23 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34