bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Deuteronomy 20
Deuteronomy 20
Karakalpak 2022
← Chapter 19
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 21 →
1
«Сизлер душпанларыңызға қарсы саўашқа шығыў ушын барғаныңызда, олардың атлары, саўаш арбалары ҳәм сизлерден гөре көп әскерлери бар екенин көрсеңиз, олардан қорқпаңлар. Өйткени сизлерди Мысырдан алып шыққан Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге яр болады.
2
Саўаш басламасыңыздан алдын руўханий келип, әскерлердиң алдына шығып, сөз сөйлеп,
3
оларға былай деп айтсын: „Ҳәй, израиллылар, қулақ салыңлар! Бүгин сизлер душпанларыңызға қарсы саўашқа баратырсыз. Руўхыңыз түспесин, қорқпаңлар. Қәўетерге түсип, олардан сескенбеңлер.
4
Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Өзи сизлер менен бирге урысқа барады! Ол сизлер ушын душпанларыңызға қарсы урысып, сизлерге жеңис береди!“
5
Қадағалаўшылар әскерлерге былай деп айтсын: „Араңызда таза үй қурған ҳәм оған көшип барып, қолланыўға үлгермеген адам бар ма? Егер бар болса, үйине қайтсын. Ол урыста қайтыс болса, оның үйине басқа биреў көшип барып, жасайды.
6
Жүзимзар егип, оның мийўесинен татпаған адам бар ма? Егер бар болса, үйине қайтсын. Ол урыста қайтыс болса, оның жүзимин басқа биреў терип алады.
7
Бир қыз бенен атастырылып болып, үйленбеген адам бар ма? Егер бар болса, үйине қайтсын. Ол урыста қайтыс болса, сол қызға басқа биреў үйленип кетеди“.
8
Қадағалаўшылар және былай деп айтсын: „Араңызда қорқып, руўхы түскен адам бар ма? Бар болса, үйине қайтсын. Болмаса, туўысқанлары да оған уқсап қорқысып қалады“.
9
Қадағалаўшылар әскерлерге усы сөзлерди айтып болғаннан соң, әскербасылар әскерлердиң үстинен басшылық етсин.
10
Бир қалаға қарсы ҳүжим етиў ушын, оған жақынласқаныңызда, қала халқына тынышлық жолы менен тәслим болыўын усыныңлар.
11
Егер де олар усы тынышлық усынысыңызды қабыллап, дәрўазаларын сизлерге ашып берсе, онда қалада жасайтуғынлардың ҳәммеси ерксиз хызметшиге айланып, сизлер ушын жумыс ислейди.
12
Бирақ тынышлық усынысыңызды қала халқы қабылламай, сизлер менен урысыўды қәлесе, онда қаланы қоршап алыңлар.
13
Қудайыңыз Жаратқан Ийе қаланы сизлерге тәслим қылғанда, ол жерде жасап атырған барлық еркеклерди қылыш жүзинен өткизиңлер.
14
Ҳаялларды, балаларды, ҳайўанларды ҳәм қаладағы ҳәр бир нәрсени өзлериңизге олжа етип алыңлар. Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берген душпаныңыздың мал-мүликлерин қолланыўыңызға болады.
15
Сизлер ийелеп алатуғын елиңизден узақта жайласқан қалаларға усылай ислеңлер.
16
Бирақ Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған жердеги қалаларда ҳеш бир тири жан қалдырмаңлар.
17
Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге буйырғанындай, хет, амор, қанан, периз, хиў ҳәм ебус халықларын пүткиллей қырып таслаңлар.
18
Болмаса, олар өзлериниң қудайларына табынып, ислейтуғын жеркенишли ислерин сизлерге үйретеди ҳәм сизлер де Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислейсиз.
19
Егер де бир қаланы қолға алыў ушын, узақ ўақыт қоршап турсаңыз, оның дөгерегиндеги мийўе ағашларды шаўып, жоқ қылмаңлар. Олардың мийўелерин жеўиңизге болады, бирақ шаўып тасламаңлар. Өйткени даладағы мийўе ағашлар қорғанның ишине қашып кететуғындай адам емес-ғо.
20
Тек ғана мийўе бермейтуғын тереклерди шаўып, жоқ қылыўыңызға болады. Қаланы қолға аламан дегенше, қамал қылатуғын үскенелер соғыў ушын, сол тереклерден пайдаланыўыңызға болады».
← Chapter 19
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 21 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34