bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Chronicles 10
1 Chronicles 10
Karakalpak 2022
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 11 →
1
Филистлер израиллылар менен урысып атырған еди. Израиллылар филистлердиң алдына түсип қашып, көпшилиги Гилбоа таўында набыт болды.
2
Филистлер Шаул менен оның улларының изине түсип, Шаулдың уллары Ионатанды, Абинадабты ҳәм Малкий-Шуаны өлтирди.
3
Шаулдың әтирапында саўаш ҳәўиж алған еди. Сонда садақшылар тәрепинен атылған оқ Шаулға тийип, ол жарақатланды.
4
Шаул өз нөкерине: – Қылышыңды қынабынан суўырып ал да, мени өлтир. Болмаса, мына сүннетсизлер келеди де, мени хорлайды, – деди. Бирақ нөкери қатты қорқып, буны ислемеди. Сонлықтан Шаул қылышын қынынан суўырып алып, өзин қылыштың үстине таслады.
5
Нөкери Шаулдың өлгенин көргенде, ол да қылышының үстине өзин таслап өлди.
6
Солай етип, Шаул менен оның үш улы да қаза тапты ҳәм пүткил шаңарағы олар менен бирге қурып кетти.
7
Ойпатлықта жасайтуғын барлық израиллылар Израил әскерлериниң қашқанын ҳәм Шаул менен оның улларының өлгенин көргенде, өз қалаларын таслап, қаша баслады. Филистлер келип, сол қалаларға орналасып алды.
8
Ертеңине филистлер өлгенлерди тонаў ушын келгенде, Гилбоа таўында Шаулдың ҳәм оның улларының өлигин тапты.
9
Олар Шаулды талан-тараж етип, басын ҳәм қурал-жарақларын алды. Соңынан бул хабарды өзлериниң бутларына ҳәм халқына жеткериў ушын, филистлердиң жерлериниң ҳәммесине хабаршылар жиберди.
10
Олар Шаулдың қурал-жарақларын өз қудайларының бутханасына қойып, басын Дагонның бутханасына илдирип қойды.
11
Гиладтағы пүткил Ябеш халқы филистлердиң Шаулға ислеген ҳәмме ислери ҳаққында еситкенде,
12
олардың барлық мәрт жаўынгерлери барып, Шаул менен оның улларының денелерин Ябешке алып келди. Кейин олардың сүйеклерин Ябештеги теребинф ағашының астына көмип, жети күн ораза тутып, азалады.
13
Шаул Жаратқан Ийеге қыянет еткени ушын өлген еди. Ол Жаратқан Ийениң сөзине бойсынбай, ҳәтте, әрўақ шақырыўшыға да мәсләҳәт салды.
14
Ал Жаратқан Ийеден мәсләҳәт сорамады. Сол себепли Жаратқан Ийе Шаулды өлтиртип, оның патшалығын Ишай улы Даўытқа берди.
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 11 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29