bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Chronicles 21
1 Chronicles 21
Karakalpak 2022
← Chapter 20
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 22 →
1
Шайтан Израилға қарсы шығып, Даўытты Израил халқын санақтан өткериўге ийтермеледи.
2
Сонда Даўыт Иоабқа ҳәм ләшкербасыларға: – Барып, Беер-Шебадан Данға дейинги израиллыларды санақтан өткизип, олардың қанша екенин билиўим ушын нәтийжесин маған алып келиң, – деди.
3
Бирақ Иоаб: – Жаратқан Ийе Израил халқын ҳәзиргисинен жүз есе қылып көбейтсин. Тақсыр, олардың ҳәммеси сизиң қулларыңыз емес пе? Неге усылай ислеўди қәлеп қалдыңыз? Не ушын Израилды гүнаға батырмақшысыз? – деди.
4
Деген менен, патшаның сөзи Иоабтың сөзинен үстин келди. Солай етип, Иоаб кетти ҳәм пүткил Израилды аралап шығып, Ерусалимге қайтып келди.
5
Иоаб санақ нәтийжесин Даўытқа баян қылды. Пүткил Израилда урысқа жарамлы бир миллион бир жүз мың, ал Яҳудада төрт жүз жетпис мың адам бар екен.
6
Иоаб патшаның буйрығына наразы болғанлығы себепли, лебийлилер менен беняминлилерди есапқа киргизбеди.
7
Бул буйрық Қудайға да унамады ҳәм Ол Израил халқын жазалады.
8
Сонда Даўыт Қудайға: «Бул исти ислеп, үлкен гүнаға баттым. Жалбарынаман, қулыңның айыбын кешире гөр. Мен қатты ақмақлық қылдым», – деди.
9
Жаратқан Ийе Даўыттың ўәлийи Гадқа былай деди:
10
– Барып, Даўытқа былай деп айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Мен саған үш жазаны усынаман. Өзиңе солардың биреўин таңла, кейин саған сол жазаны беремен».
11
Гад Даўытқа барып былай деди: – Жаратқан Ийе былай дейди: «Мыналардан бирин таңла:
12
үш жыл ашлық болсын ба? Үш ай душпанларың қуўдалап, сени қырсын ба? Ямаса Жаратқан Ийениң қылышы болған иллет Оның периштеси арқалы пүткил Израил елин қырғынға ушыратсын ба?» Енди жақсылап ойлап көрип, мени Жибергенге не деп жуўап беретуғынымды шешиң.
13
Даўыт Гадқа: – Маған жүдә қыйын. Адамның қолына түскенше, Жаратқан Ийениң қолына түсейин. Себеби Оның реҳими жүдә күшли, – деп жуўап берди.
14
Солай етип, Жаратқан Ийе Израил халқына иллет жиберди ҳәм халықтан жетпис мың адам өлди.
15
Қудай Ерусалимди жоқ етиў ушын бир периштесин жиберди. Бирақ Қудайдың периштеси Ерусалимди қыра баслағанда, Жаратқан Ийе болып атырған апатты көрип, ашынып кетти ҳәм халықты қырған периштеге: «Жетер енди, қолыңды тарт», – деди. Сол ўақытта Жаратқан Ийениң периштеси ебус халқынан болған Орнанның қырман жеринде турған еди.
16
Даўыт басын көтергенде, қолындағы жалаңашланған қылышын Ерусалим тәрепке созып, жер менен аспан арасында турған Жаратқан Ийениң периштесин көрди. Сонда аза кийимин кийген Даўыт пенен халық ақсақаллары ет бетинен жерге жығылды.
17
Даўыт Қудайға жалбарынып: «Халқыңды санақтан өткериўди буйырған мен емеспен бе? Гүна ислеп, жаўызлық қылған мен-ғо. Ал мына қойлардың не жазығы бар? Қудайым, Жаратқан Ийе! Өтинемен, жақсысы, мени ҳәм әкемниң хожалығын жазала. Бирақ халқыңның иллеттен қырылып кетиўине жол қойма», – деди.
18
Сонда Жаратқан Ийениң периштеси пайғамбар Гадқа: «Ебус халқынан болған Орнанның қырман жерине барып, сол жерде Жаратқан Ийеге арнап, қурбанлық орын қурсын», – деген хабарды Даўытқа жеткериўди буйырды.
19
Даўыт Жаратқан Ийениң Гад арқалы берген буйрығы бойынша жолға шықты.
20
Қырманда бийдайын айдатып атырған Орнан артына қарағанда, периштени көрди. Сонда оның қасындағы төрт улы жасырынып алды.
21
Сол ўақытта Даўыт Орнанға жақынлап киятырған еди. Орнан Даўытты көргенде, қырманнан шықты да, ет бетинен жерге жығылып, Даўытқа тәжим етти.
22
Даўыт Орнанға: – Мына қырман турған жерди маған бер. Халыққа келген иллет тоқтаў ушын, мен бул жерге Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қураман. Қырман турған жерди маған толық қунына сат, – деди.
23
Орнан Даўытқа: – Ала бериң! Тақсыр, нени мақул көрсеңиз, соны ислең. Мине, өгизлерди жандырылатуғын қурбанлық ушын, түйек айдайтуғын тахтаны отын ушын ҳәм бийдайды ғәлле садақасы ушын беремен. Булардың ҳәммесин беремен, – деп жуўап берди.
24
Бирақ патша Даўыт Орнанға: – Яқ, болмайды! Буларды толық қунын төлеп, сатып аламан. Саған тийисли нәрселерди Жаратқан Ийеге усынбайман. Тегин нәрсени жандырылатуғын қурбанлық етип усынбайман, – деди.
25
Солай етип, Даўыт бул жер ушын Орнанға алты жүз шекел алтын төледи.
26
Даўыт сол жерге Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурып, жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм татыўлық қурбанлықларын берди. Ол Жаратқан Ийеге жалбарынды ҳәм Жаратқан Ийе қурбанлық орындағы жандырылатуғын қурбанлыққа аспаннан от жиберип, оған жуўап берди.
27
Буннан кейин, Жаратқан Ийе периштеге қылышын қынабына салып қойыўды буйырды. Периште буйрықты орынлады.
28
Даўыт ебус халқынан болған Орнанның қырманында Жаратқан Ийениң өзине жуўап бергенин көргенде, ол жерде қурбанлықлар шалды.
29
Шөлде Жаратқан Ийеге арнап Муўса қурдырған шатыр ҳәм жандырылатуғын қурбанлық берилетуғын қурбанлық орын сол ўақытта Гибондағы сыйыныў орнында еди.
30
Бирақ Даўыт Жаратқан Ийениң периштесиниң қылышынан қорққанлықтан, Қудайдың еркин билиў ушын ол жерге бара алмады.
← Chapter 20
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 22 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29