bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Chronicles 13
1 Chronicles 13
Karakalpak 2022
← Chapter 12
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 14 →
1
Даўыт барлық басшылары, мыңбасылары ҳәм жүзбасылары менен мәсләҳәтлести.
2
Соңынан ол пүткил Израил жәмийетине былай деди: – Егер бул сизлерге мақул болса ҳәм Қудайымыз Жаратқан Ийениң еркине сай болса, онда Израил жериниң ҳәр тәрепинде жасап атырған туўысқанларымызға ҳәм қалалары менен жайлаўлары әтирапында жасап атырған руўханийлер менен лебийлилерге хабаршылар жиберейик. Олар да келип, бизлерге қосылсын.
3
Қудайымыздың сандығын өзлеримизге қайтарып алып келейик. Өйткени Шаулдың дәўиринде Қудайдың еркин билиўде оннан пайдаланбадық.
4
Бул усыныс пүткил жәмийетке мақул түсти, себеби пүткил халық нәзеринде бул ис туўры еди.
5
Солай етип, Даўыт Қудайдың Келисим сандығын Кирят-Яримнен алып келиў ушын, Мысырдағы Шихор дәрьясынан Лебо-Хаматқа дейинги жерлерде жасайтуғын барлық израиллыларды жыйнады.
6
Кейин Даўыт ҳәм барлық израиллылар керублар арасында тахтта отырған Жаратқан Ийениң аты менен аталған Қудайдың Келисим сандығын алып келиў ушын, Яҳудадағы Баала қаласына, яғный Кирят-Яримге кетти.
7
Олар Қудайдың сандығын Абинадабтың үйинен алып, таза бир арбаға қойды. Арбаға жегилген өгизлерди Узза менен Ахйо жетеклеп жүрди.
8
Ал Даўыт ҳәм пүткил Израил халқы Қудайдың алдында қосықлар айтып, лира, арфа, дәп, кимбал ҳәм кәрнай шертип, бар күши менен шадлыққа бөленип киятырған еди.
9
Олар Кидонның қырман жерине жеткенде, өгизлер сүрнигип кетти ҳәм қулап кетпеўи ушын Узза қолын созып, сандықты услады.
10
Сонда Уззаға қарсы Жаратқан Ийениң ғәзеби лаўлады ҳәм сандыққа қолын созғаны ушын, оны өлтирди. Узза сол жерде, Қудайдың алдында жан тапсырды.
11
Жаратқан Ийениң Уззаны жазалағаны ушын, Даўыт қатты ашыўланды. Сол күннен баслап, ҳәзирге дейин бул орын Перес-Узза деп аталады.
12
Даўыт сол күни Қудайдан қорқып: «Қудайдың сандығын жаныма қалай алып келе аламан?» – деди.
13
Сол күни Даўыт сандықты өзиниң жанына, Даўыттың қаласына алып бармай, гатлы Обед-Эдомның үйине апарды.
14
Қудайдың сандығы гатлы Обед-Эдомның үйинде үш ай турды. Жаратқан Ийе Обед-Эдомның шаңарағын ҳәм оған тийисли ҳәр бир нәрсени жарылқады.
← Chapter 12
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 14 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29