bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Chronicles 28
1 Chronicles 28
Karakalpak 2022
← Chapter 27
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 29 →
1
Даўыт Израилдағы барлық ҳәмелдарларды – урыў басшыларын, патшаның хызметиндеги әскерий бөлимлердиң басшыларын, мыңбасыларды, жүзбасыларды, патшаға ҳәм оның улларына тийисли мүликлерди ҳәм сүриўлерди қадағалаўшыларды, сарай хызметкерлерин, әҳмийетли адамларды ҳәм барлық мәрт жаўынгерлерди Ерусалимге жыйнады.
2
Даўыт патша орнынан турып, оларға былай деди: – Туўысқанларым ҳәм халқым, мени тыңлаңлар! Қудайдың аяқ қойғышы болған Жаратқан Ийениң Келисим сандығы ушын турақлы орын болатуғын бир Үй қурмақшы едим. Қурылыс ушын таярлық та көрдим.
3
Бирақ Қудай маған: «Мениң атыма арнап Үй қурмайсаң. Себеби сен көп урысып, қан төккен адамсаң», – деди.
4
Деген менен, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе мениң урпақларымның мәңгиге Израилда патша болыўы ушын, әкемниң пүткил нәсили арасынан мени таңлады. Ол Яҳуданы басшы етип таңлады ҳәм Яҳуда урыўынан әкемниң шаңарағын, ал әкемниң уллары арасынан мени таңлап, пүткил Израилдың патшасы қылыўды мақул тапты.
5
Жаратқан Ийе маған көп уллар берип, олардың арасынан Израил үстинен Жаратқан Ийениң патшалық тахтында отырыўы ушын улым Сулайманды таңлады.
6
Жаратқан Ийе маған былай деди: «Мениң Үйимди ҳәм ҳәўлилеримди улың Сулайман қурады. Өйткени Мен оны Өзиме ул етип таңладым. Мен де оған Әке боламан.
7
Егер ол Мениң буйрық ҳәм нызамларымды ҳәзиргидей булжытпай орынлайтуғын болса, оның патшалығын мәңгиге беккемлеймен».
8
Енди Қудайымыздың алдында ҳәм Жаратқан Ийениң жәмийети болған Израил халқының көзи алдында сизлерге тапсыраман: Қудайыңыз Жаратқан Ийениң барлық буйрықларын муқыятлы түрде орынлаңлар. Сонда сизлер усы берекетли жерди мәңгиге ийелеп, әўладларыңызға мәңгиге мийрас етип бересизлер.
9
Ал сен, улым Сулайман, әкеңниң Қудайын танып бил ҳәм шын жүректен, жан-тәниң менен Оған хызмет ет. Себеби Жаратқан Ийе ҳәр бир жүректи сынайды ҳәм барлық ой-қыялларды түсинеди. Егер Оны излесең, сен Оны табасаң. Бирақ сен Оны тәрк етсең, Ол сеннен мәңгиге жүз бурады.
10
Қулақ сал! Мухаддес мәкан болған Үйди қурыў ушын Жаратқан Ийе сени таңлаған екен, сен де мәрт болып иске кирис!
11
Кейин Даўыт Үйдиң айўанының, оның имаратларының, затлар сақланатуғын бөлмелериниң, жоқарғы қабатының, ишки бөлмелериниң ҳәм гүнадан пәкленетуғын орынның сызылмасын улы Сулайманға берди.
12
Даўыт Мухаддес Руўх арқалы өзине аян болған барлық сызылмаларды: Жаратқан Ийениң Үйиниң ҳәўлиси менен дөгерегиндеги барлық бөлмелердиң, Қудайдың Үйиниң ғәзийнеханаларының, бағышланған саўғалар қойылатуғын бөлмелердиң сызылмаларының барлығын Сулайманға тапсырды.
13
Даўыт Сулайманға руўханийлер менен лебийлилердиң топарларына, олардың Жаратқан Ийениң Үйиндеги барлық хызметлерине ҳәм хызметте қолланылатуғын барлық буйымларға байланыслы көрсетпелер берди.
14
Ол ҳәр түрли хызметлерде қолланылатуғын алтын ҳәм гүмис буйымларды ислетиўге керек болған алтын ҳәм гүмистиң муғдарын да белгилеп қойды:
15
ҳәр бир шыра ҳәм шыра қойғыштың пайдаланылатуғын хызметине қарай, ҳәр бир алтын шыра қойғыш пенен оның шыралары ушын қанша алтын, ҳәр бир гүмис шыра қойғыш пенен оның шыралары ушын қанша гүмис кететуғынын айтты.
16
Сондай-ақ, усынылған нанлар қойылатуғын столлар ушын кететуғын алтынның, гүмис столлар ушын кететуғын гүмистиң,
17
шанышқы, қан себетуғын табақлар, гүзе ушын кететуғын сап алтынның, ҳәр бир алтын тостаған ушын жумсалатуғын алтынның, ҳәр бир гүмис тостаған ушын ислетилетуғын гүмистиң,
18
түтетки түтетилетуғын орын ушын кететуғын сап алтынның мөлшерин билдирди. Буннан тысқары, Даўыт оған арбаның, яғный қанатларын жайып, Жаратқан Ийениң Келисим сандығын жаўып туратуғын алтын керублардың сызылмасын да берди.
19
Даўыт: «Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийениң көрсетпеси бойынша жазылып, жобаластырылды. Ол маған жобаны толық түсиниўге қәбилет берди», – деди.
20
Кейин Даўыт улы Сулайманға былай деди: – Мәрт ҳәм батыр болып, иске кирис! Қорқпа, руўхың түспесин. Себеби Қудай Ийе, яғный мениң Қудайым сениң менен бирге. Жаратқан Ийениң Үйиниң барлық ислери тамам болмағанша, Ол сени таслап та қоймайды, тәрк те етпейди.
21
Мине, руўханийлер менен лебийлилердиң топарлары Қудайдың Үйиндеги ҳәр қандай жумыс ушын таяр тур. Ҳәр түрли тараўдың шебер өнерментлери болған қәлеўшилер саған жәрдем береди. Ал басшылар менен пүткил халық сениң буйрықларыңа бойсынады.
← Chapter 27
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 29 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29