bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Chronicles 19
1 Chronicles 19
Karakalpak 2022
← Chapter 18
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 20 →
1
Арадан бир қанша ўақыт өткеннен соң, аммонлардың патшасы Нахаш өлип, оның орнына улы патша болды.
2
Сонда Даўыт: «Әкеси маған жақсылық еткени ушын, мен де Нахаш улы Ханунға жақсылық етейин», – деп ойлап, әкесиниң өлимине кеўил айтыў ушын Ханунға елшилерин жиберди. Даўыттың хызметшилери Ханунға кеўил билдириў ушын аммонлардың жерине барғанда,
3
аммон басшылары Ханунға: – Даўыт бул адамларды әкеңиздиң ҳүрмети ушын, сизге кеўил айтыўға жиберген деп ойлайсыз ба? Яқ, олар елди көзден өткерип, билип алыў ҳәм қыйратыў ушын келген, – деди.
4
Солай етип, Ханун Даўыттың хызметшилерин тутқынға алып, сақалларын қырқтырды, шапанларын жамбасына келетуғын етип кестирип, оларды изине қайтарып жиберди.
5
Солай етип, олар қайтып кетти. Даўыт елшилери туўралы еситкенде, оларды күтип алыў ушын адам жиберди. Өйткени елшилер қатты хорланған еди. Патша оларға: «Сақалыңыз өскенше, Ерихода қалыңлар, соңынан қайтып келесизлер», – деди.
6
Аммонлар Даўытты өзлерине қарсы өшегистирип алғанын түсинди. Сонлықтан Ханун менен аммонлар Арам-Наҳарайым, Арам-Мааха ҳәм Собадан саўаш арбалары менен арбалы әскерлерди жаллап алыў ушын мың талант гүмис жиберди.
7
Ханун отыз еки мың саўаш арбасын ҳәм Мааха патшасы менен оның әскерлерин жаллады. Мааха патшасы әскерлери менен келип, Медеба қаласының алдына орда қурды. Аммонлар да қалаларынан шығып, урысқа атланды.
8
Даўыт буны еситкенде, Иоабты ҳәм мәрт жаўынгерлерден ибарат болған пүткил әскерлер топарын оларға қарсы атландырды.
9
Аммонлар шығып, өз қаласының дәрўазасы алдында сап тартып турды. Жәрдемге келген патшалар далада бөлек сап тартып турды.
10
Иоаб алдыдан да, арттан да урысыўға туўры келип турғанын көргенде, Израилдың ағла әскерлеринен базыларын таңлап, арамларға қарсы сапқа турғызды.
11
Қалған топарларды иниси Абишайдың қолына тапсырды. Олар аммонларға қарсы сап тартып турды.
12
Иоаб инисине былай деди: – Егер арамлар меннен басым келсе, сен маған жәрдемге келесең. Ал аммонлар сеннен басым келсе, мен саған жәрдемге бараман.
13
Мәрт бол! Халқымыз ушын ҳәм Қудайымыздың қалалары ушын мәртлерше гүресейик! Жаратқан Ийе нени мақул тапса, соны ислесин.
14
Иоаб әскерлери менен бирге арамларға тәп бергенде, арамлар олардың алдына түсип қашты.
15
Арамлардың қашқанын көрген аммонлар да Иоабтың иниси Абишайдан қашып, қалаға кирип кетти. Буннан кейин, Иоаб Ерусалимге қайтып келди.
16
Арамлар өзлериниң израиллылардан жеңилгенин көргенде, Евфрат дәрьясының арғы жағасындағы арамларға елшилер жиберип, Ҳададезердиң сәркәрдасы Шофахтың қол астындағы арамларды шақырды.
17
Бул Даўытқа мәлим болғанда, ол пүткил Израил ордасын топлады да, Иордан дәрьясын кесип өтип, оларға қарсы әскерлерин сапқа турғызды. Даўыт арамларға ҳүжимге өтип, олар менен урысты.
18
Арамлар израиллылардың алдына түсип қашты. Даўыт олардың жети мың саўаш арбасының арбакешлерин, қырық мың пияда әскерин ҳәм олардың сәркәрдасы Шофахты да өлтирди.
19
Ҳададезердиң қол астындағы патшалар өзлериниң израиллылардан жеңилгенин көргенде, Даўыт пенен тынышлық келисимин дүзди ҳәм оған бағынышлы болды. Буннан кейин, арам халқы аммон халқына жәрдем бериўден бас тартатуғын болды.
← Chapter 18
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 20 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29