bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Chronicles 23
1 Chronicles 23
Karakalpak 2022
← Chapter 22
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 24 →
1
Даўыт мазмунлы өмир сүрди ҳәм қартайғанда, улы Сулайманды Израилға патша етип қойды.
2
Даўыт Израилдың барлық басшыларын, руўханийлерди ҳәм лебийлилерди бир жерге топлады.
3
Отыз ҳәм оннан жоқары жастағы лебийлилер санап шығылды. Олар барлығы болып отыз сегиз мың ер адам екен.
4
Даўыт былай деди: «Олардың жигирма төрт мыңы Жаратқан Ийениң Үйиндеги ислерди атқарыўға, алты мыңы жоқары лаўазымларға ҳәм қазылық исине,
5
төрт мыңы дәрўаза қараўыллығына, төрт мыңы өзи таярлап берген саз әсбапларын шертип, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтыў хызметине қойылсын».
6
Даўыт лебийлилерди Лебийдиң уллары Гершон, Қоҳат ҳәм Мерарийдиң урпақлары бойынша үш топарға бөлди.
7
Гершонның уллары: Лаадан ҳәм Шимей.
8
Лааданның үш улы болып, туңғышы Ехиел, кейин Зетам ҳәм Иоел.
9
Шимейдиң Шеломит, Хазиел ҳәм Ҳаран деген үш улы бар еди. Олар Лаадан урыўының әўлад басшылары еди.
10
Шимейдиң басқа уллары: Яхат, Зиза, Еуш ҳәм Бериа. Бул төртеўи де Шимейдиң уллары еди.
11
Яхат туңғышы, Зиза екинши улы еди. Бирақ Еуш пенен Берианың уллары көп болмағанлықтан, екеўи бир тийре болып есапланды.
12
Қоҳаттың Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел деген төрт улы болды.
13
Амрамның уллары Харон ҳәм Муўса еди. Харон ең мухаддес затларды бағышлаў исине тайынланды. Сонлықтан Харон ҳәм оның уллары мәңгиге Жаратқан Ийениң алдында қурбанлықлар бериўи, Оған хызмет етиўи ҳәм мәңгиге Оның аты менен халықты жарылқаўы тийис болды.
14
Қудайдың адамы Муўсаның уллары да Лебий урыўына киргизилди.
15
Муўсаның уллары: Гершом ҳәм Элиезер.
16
Гершомның туңғыш улы Шебуел еди.
17
Элиезердиң туңғыш улы Рехабия еди. Элиезердиң басқа улы болмады. Ал Рехабияның уллары көп болды.
18
Исҳардың туңғыш улы Шеломит еди.
19
Хебронның уллары: туңғышы Ерия, екиншиси Амария, үшиншиси Яхазиел, төртиншиси Еқамам.
20
Уззиелдиң уллары: туңғышы Миха, екиншиси Ишшия.
21
Мерарийдиң уллары: Махлий ҳәм Муший. Махлийдиң уллары: Элазар ҳәм Киш.
22
Элазар улсыз бул дүньядан көз жумды. Бирақ оның қызлары бар еди. Аталас ағайинлери болған Киштиң уллары оларға үйленди.
23
Мушийдиң Махлий, Эдер ҳәм Еремот деген үш улы болды.
24
Әўладлары бойынша Лебий урпағы усылар еди. Әўлад басшыларының ҳәр бири шежиреге атпа-ат киргизилди. Жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы ҳәр бир лебийлиге Жаратқан Ийениң Үйинде хызмет етиўге болатуғын еди.
25
Өйткени Даўыт: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе Өз халқын тынышлыққа еристирип, Өзи де Ерусалимди мәңгиге мәкан етиўди шешти.
26
Сонлықтан буннан былай, лебийлилерге Жаратқан Ийениң шатырын ҳәм сыйыныў хызметинде қолланылатуғын затларды тасып жүриўдиң ҳәжети жоқ», – деди.
27
Даўыттың ақырғы буйрығы бойынша жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы лебийлилер саналды.
28
Лебийлилер Жаратқан Ийениң Үйиндеги хызметте Харонның урпақларына жәрдем бериўге миннетли еди. Буларға ҳәўли ҳәм бөлмелерди гүзетиў, мухаддес затларды пәклеў рәсиминен өткериў ҳәм Қудайдың Үйине тийисли басқа да ўазыйпаларды орынлаў ислери кирди.
29
Олар усынылатуғын нанларға, ғәлле садақасы ушын берилетуғын сапалы унға, пәтир нанларға, пеште писирилген садақаларға ҳәм зәйтүн майы араластырылған садақаларға, садақалардың көлем ҳәм өлшемине жуўапкер болды.
30
Лебийлилер ҳәр күни азанда ҳәм кеште Жаратқан Ийени тәрийиплеў ҳәм алғыс-мақтаў айтыў ушын таяр туратуғын еди.
31
Олар Шаббат күнлери де, Жаңа ай байрамларында да, белгиленген байрам күнлеринде Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар берилгенде де, солай иследи. Жаратқан Ийениң алдында хызмет етиўши лебийлилердиң саны бәрқулла алдын ала көрсетпеде белгиленген санда болыўы керек еди.
32
Солай етип, лебийлилерге Ушырасыў Шатыры менен Мухаддес орынды қорғаў ҳәм өз туўысқанлары болған Харон урпақларына Жаратқан Ийениң Үйиндеги хызметте жәрдем бериў ўазыйпасы жүкленди.
← Chapter 22
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 24 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29