bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Chronicles 16
1 Chronicles 16
Karakalpak 2022
← Chapter 15
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 17 →
1
Қудайдың сандығы алып келинип, Даўыттың арнаўлы түрде қурдырған шатырының ишине қойылды. Соңынан Қудайға арнап жандырылатуғын ҳәм татыўлық қурбанлықларын берди.
2
Жандырылатуғын ҳәм татыўлық қурбанлықларын берип болғаннан кейин, Даўыт Жаратқан Ийениң аты менен халыққа пәтия берди.
3
Кейин ол пүткил израиллыларға – ҳәр бир еркек ҳәм ҳәр бир ҳаялға бир шөрек нан, бир уўыс хурма ҳәм бир дана кептирип нығызланған кишмиштен тарқатты.
4
Даўыт лебийлилердиң айырымларын Жаратқан Ийениң сандығы алдында хызмет етип, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге жалбарыныў ҳәм Оны тәрийиплеп, алғыс-мақтаў айтыў ушын тайынлады.
5
Олардың басшысы Асаф, оның жәрдемшиси Зехария, кейингилери Еиел, Шемирамот, Ехиел, Маттития, Элиаб, Беная, Обед-Эдом ҳәм Еиел еди. Олар арфа ҳәм лира шертиўи, Асаф болса бәлент даўыслы кимбал,
6
ал руўханий Беная менен Яхазиел Қудайдың Келисим сандығының алдында ҳәр күни белгиленген ўақытта кәрнай шертиўи тийис болды.
7
Сол күни Даўыт биринши рет Асафқа ҳәм оның туўысқанларына Жаратқан Ийеге арнап, мына алғыслаў жырын айтыўды тапсырды:
8
«Жаратқан Ийени алғыслап, атын айтып шақырың, Халықларға билдириң Оның ислерин!
9
Оны жырлап, саз шертип алғыс айтың, Баян етиң барлық әжайып ислерин!
10
Оның мухаддес аты менен мақтаның, Жаратқан Ийени излейтуғынлардың жүреклери шадлыққа толсын!
11
Жаратқан Ийени ҳәм Оның қүдиретин излең, Бәрқулла Оның дәргайында болыўға умтылың!
12
Есте сақлаң Оның ислеген әжайып ислерин, Кәраматлары менен аўзынан шыққан ҳүкимлерин!
13
Ҳәй, Оның қулы болған Израил урпақлары, Ол таңлап алған Яқыптың балалары!
14
Ол – Жаратқан Ийе, бизлердиң Қудайымыз! Ҳүкимлери пүткил жер жүзин қаплаған.
15
Мәңгиге есте сақлаң Оның келисимин, Мың-мыңлаған әўладларға берген сөзин,
16
Ибрайым менен дүзген келисимин, Ысаққа берген антын!
17
Буны Яқып ушын бир қағыйда етип тастыйықлады, Израил ушын мәңгилик келисим қылып:
18
„Әўладларыңның пайына тийген мүлик етип, Қанан жерин саған беремен“, – деди.
19
Сол ўақытта олар саны жағынан аз еди, Сол жерде аз санлы ҳәм келгинди еди.
20
Олар бир халықтан екиншисине, Бир патшалықтан екиншисине гезип жүрген еди.
21
Жаратқан Ийе ҳеш кимниң оларды езиўине жол қоймады, Олар ушын патшаларға ескертиў берип:
22
„Мениң майлағанларыма тиймең, Пайғамбарларыма жаманлық қылмаң!“ – деди.
23
Ҳәй, пүткил дүнья, Жаратқан Ийеге арнап қосық айтың! Ҳәр күни жәриялаң Оның қутқарыўын!
24
Баян етиң даңқын миллетлерге, Әжайып ислерин барлық халықларға!
25
Аўа, Жаратқан Ийе уллы, мақтаўға жүдә ылайықлы, Барлық қудайлардан айбатлы.
26
Халықлардың барлық қудайлары жалған, Ал Жаратқан Ийе көклерди жаратқан.
27
Салтанат ҳәм уллылық Оның дәргайында, Қүдирет ҳәм қуўаныш Оның мәканында.
28
Ҳәй, пүткил халықлар, Жаратқан Ийени мақтаң, Жаратқан Ийениң салтанатын ҳәм қүдиретин мақтаң!
29
Жаратқан Ийениң салтанатын атына ылайықлы түрде мақтаң, Сыйлар алып, Оның алдына кириң! Мухаддес сән-саўлатқа бөленген Жаратқан Ийеге сыйының!
30
Титирең пүткил жер жүзи Оның алдында! Дүнья беккем орнатылған, ол тербелмейди.
31
Қуўансын көклер, йошлансын жер жүзи, Миллетлер арасында: „Жаратқан Ийе патшалық қылмақта!“ – деп айтылсын.
32
Йошлансын теңиз ҳәм оны толтырып турғанлар! Қуўансын дала ҳәм оның үстиндегилер!
33
Сонда тоғайдағы ағашлар шадланып бақырысар, Жаратқан Ийениң алдында. Өйткени Ол жер жүзин ҳүким етиў ушын киятыр.
34
Жаратқан Ийени тәрийиплең, Ол ийгиликли, Садықлығы мәңги даўам етеди.
35
Оған былай деңлер: „Қутқарыўшымыз Қудай, бизлерди қутқар, Бизлерди жыйнап, басқа халықлардан азат ет. Мухаддес атыңды тәрийиплейик, Саған алғыс айта алғанымыз ушын мақтанайық“.
36
Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге, Әўел бастан, мәңгиге дейин алғыслар болсын!» Пүткил халық: «Аўмийин!» – деп, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтты.
37
Даўыт Асафты ҳәм оның ағайинлерин Жаратқан Ийениң Келисим сандығының алдында болып, сол жерде ҳәр күнги мүтәжликлерге қарай бәрқулла хызмет етиў ушын бекитти.
38
Олар менен бирге хызмет етиўи ушын Обед-Эдомды ҳәм оның алпыс сегиз лебийли ағайинин де тайынлады. Едутунның улы Обед-Эдом менен Хоса дәрўаза қараўыллары болды.
39
Даўыт руўханий Садоқ пенен оның руўханий туўысқанларын Гибондағы сыйыныў орнына қурылған Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырына хызметке қойды.
40
Олар Жаратқан Ийениң Израилға берген Нызамында жазылған барлық қағыйдаларға сай, ҳәр күни таңда ҳәм кеште жандырылатуғын қурбанлықлар берилетуғын қурбанлық орында Жаратқан Ийеге арнап, қурбанлықлар беретуғын болды.
41
Олар менен бирге Ҳеманды, Едутунды ҳәм атлары аталып таңлап алынған басқа адамларды Жаратқан Ийениң садықлығының мәңги даўам ететуғынын тәрийиплеў ушын тайынлады.
42
Ҳеман менен Едутун Қудайға алғыс-мақтаў айтылғанда, кәрнай, кимбал, және де, басқа саз әсбапларының шертилиўине жуўапкер еди. Едутунның уллары дәрўаза қараўыллары етип тайынланды.
43
Соннан кейин, пүткил халық өз үйлерине тарқасты. Даўыт та өз шаңарағындағыларға пәтия бериў ушын, үйине қайтты.
← Chapter 15
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 17 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29