bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Chronicles 29
1 Chronicles 29
Karakalpak 2022
← Chapter 28
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
1
Даўыт патша пүткил жәмийетке былай деди: – Қудай таңлап алған улым Сулайман жас ҳәм тәжирийбесиз. Ал қылынатуғын ис жүдә үлкен. Себеби бул имарат адам ушын емес, ал Қудай Ийе ушын салынады.
2
Қудайымның Үйи ушын қолымнан келгенинше алтын буйымлар ушын алтын, гүмис буйымлар ушын гүмис, қола буйымлар ушын қола, темир буйымлар ушын темир, ағаш буйымлар ушын ағаш, және де, оникс, қаснаққа қойылатуғын таслар, периўза, ҳәр түрдеги реңли таслар, сондай-ақ, қымбатбаҳа таслардың ҳәмме түрлерин ҳәм көп муғдарда мрамор жыйнадым.
3
Булардан тысқары, Қудайымның Үйине болған ықласым себепли, өзимниң жеке қазнамдағы алтын менен гүмисти де Қудайымның Үйине беремен. Оларды бул мухаддес Үй ушын өзим таярладым.
4
Мен берип атырған үш мың талант Офир алтыны менен жети мың талант сап гүмис Үйдиң дийўалларын қаплаў,
5
барлық алтын ҳәм гүмис буйымларды ислеў ушын ҳәм өнерментлердиң барлық ислеринде қолланылсын. Және де, ким бүгин өзин Жаратқан Ийеге бағышлап, Оған өз ықтыяры менен садақа бериўди қәлейди?
6
Сонда әўлад басшылары, Израилдың урыў басшылары, мыңбасылар, жүзбасылар ҳәм патшаның ислерин басқаратуғын хызметкерлер ықтыярлы садақалар берди.
7
Олар Қудайдың Үйиниң қурылысы ушын бес мың талант алтын менен он мың дарик алтын, он мың талант гүмис, он сегиз мың талант қола ҳәм жүз мың талант темир саўға қылды.
8
Баҳалы таслары бар адамлар оларды Жаратқан Ийениң Үйиниң қазнасына, Гершонның урпағынан болған Ехиелдиң қолына тапсырды.
9
Халық өз басшыларының ықтыярлы түрде берген сыйлары ушын қуўанды. Өйткени олар Жаратқан Ийеге шын жүректен ықтыярлы түрде садақалар берип атырған еди. Даўыт патша да қатты қуўанды.
10
Даўыт пүткил жәмийеттиң көз алдында Жаратқан Ийени алғыслап, былай деди: «Бабамыз Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе, Мәңгиге Саған алғыслар болсын!
11
Жаратқан Ийе, уллылық, қүдирет, даңқ, Жеңис ҳәм салтанат Сеники. Аспанда ҳәм жерде болған ҳәр бир нәрсе Сеники. Патшалық та Сеники, Жаратқан Ийе! Сен ҳәр бир нәрседен жоқарысаң.
12
Байлық ҳәм ҳүрмет Сеннен келер. Ҳәмме нәрсеге ҳүкимдарсаң. Күш ҳәм қүдирет Сениң қолыңда. Биреўди жоқарылатыў ҳәм күшли қылыў, Сениң қолыңда.
13
Енди, Қудайымыз, Сени тәрийиплеп, Әжайып атыңа алғыс-мақтаўлар айтамыз.
14
Бирақ Саған ықтыярлы садақалар бере алатуғындай, мен киммен, халқым ким болыпты? Ҳәр бир нәрсе Сеннен шығады, бизлер тек Сениң қолыңнан алғанларымызды ғана Саған берип атырмыз.
15
Сениң алдыңда бизлер ата-бабаларымыз сыяқлы, жат жерли келгиндимиз. Жер жүзиндеги өмиримиз көлеңке сыяқлы өткинши ҳәм үмитсиз.
16
Қудайымыз Жаратқан Ийе, мухаддес атыңа арнап Үй қурыў ушын бизлер таярлаған мына ағыл-тегил байлықты Сениң қолыңнан алғанбыз, ҳәммеси Сеники.
17
Қудайым, мен Сениң жүректи сынайтуғыныңды ҳәм ҳадаллықты унататуғыныңды билемен. Мына нәрселердиң ҳәммесин мен шын жүректен ықтыярлы түрде бердим. Ҳәзир усы жерде турған халқыңның да Саған ықтыярлы садақалар берип атырғанын қуўаныш пенен көрип турман.
18
Жаратқан Ийе, бабаларымыз Ибрайымның, Ысақтың ҳәм Израилдың Қудайы! Халқыңның бул қәлеўин мәңгиге олардың жүрегинде сақлап, жүреклерин Өзиңе садық қәлпинде сақлап қала гөр!
19
Улым Сулайманға да Сениң буйрықларыңа, қарарларыңа ҳәм қағыйдаларыңа бойсыныўы ушын, және де мен керекли затларды таярлап қойған Үйди қурыўы ушын садық жүрек бере гөр!»
20
Соңынан Даўыт пүткил жәмийетке: – Қудайыңыз Жаратқан Ийени алғыслаңлар! – деди. Солай етип, ҳәммеси ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени алғыслады, Қудайдың ҳәм патшаның алдында басларын ийип, тәжим етти.
21
Келеси күни халық Жаратқан Ийеге арнап, мың бас буға, мың бас қошқар, мың тоқлы шалып, жандырылатуғын қурбанлықлар берди. Буларға қоса, ишимлик садақаларын да усынды. Пүткил израиллылар ушын басқа да көп қурбанлықлар берилди.
22
Сол күни израиллылар үлкен қуўаныш пенен Жаратқан Ийениң алдында ишип-жеди. Кейин, Даўыттың улы Сулайманды екинши мәрте патша деп тастыйықлады. Сулайманды Жаратқан Ийениң алдында майлап, ҳүкимдар, ал Садоқты майлап, руўханий етип қойды.
23
Солай етип, Сулайман әкеси Даўыттың орнына патша болып, Жаратқан Ийениң берген тахтына отырды. Ол табыслы болып, пүткил Израил оған бойсынды.
24
Барлық басшылар, батырлар ҳәм Даўыттың уллары патша Сулайманға бағынды.
25
Жаратқан Ийе пүткил Израилдың көз алдында Сулайманды уллы мәртебели қылды ҳәм оны бурынғы Израилдағы патшалардың ҳеш бири ерисе алмаған салтанатқа бөледи.
26
Ишай улы Даўыт пүткил Израил үстинен патшалық етти.
27
Даўыт Израилда қырық жыл патшалық етип, оның жети жылын Хебронда, отыз үш жылын Ерусалимде өткизди.
28
Даўыт ғаррылық дәўранын сүрип, байлыққа ҳәм иззет-ҳүрметке толы күнлерди бастан кеширди ҳәм мазмунлы узақ өмир сүрип, бул дүньядан көз жумды. Оның орнына улы Сулайман патша болды.
29
Даўыт патшаның патшалық қурған дәўириндеги ислеген ислери басынан аяғына шекем көзи ашық Самуелдиң, пайғамбар Натанның, ўәлий Гадтың қолжазбаларында жазылған.
30
Бул жазбалар Даўыттың патшалығы дәўириндеги ислер, оның қаҳарманлықлары, оның басынан кеширген ўақыялары, Израилда ҳәм дөгеректеги барлық еллерде болған ўақыялар туўралы баян етеди.
← Chapter 28
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29