bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Chronicles 9
1 Chronicles 9
Karakalpak 2022
← Chapter 8
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 10 →
1
Солай етип, пүткил Израил халқы Израил патшаларының жылнама китабында жазылған шежиреге киргизилген еди. Яҳуда халқы Жаратқан Ийеге қыянет ислегени ушын, Бабилонияға сүргин етилген еди.
2
Өз қалаларындағы өз ийеликлерине израиллылар руўханийлер, лебийлилер ҳәм Ибадатхана хызметшилери менен бирге биринши болып қайтып келип, қоныс басты.
3
Яҳуда, Бенямин, Эфрайым ҳәм Менашше урыўынан болған мына адамлар Ерусалимде жасады:
4
Яҳуданың улы Перестиң урпағынан: Банийдиң қуўлығы Имрийдиң шаўлығы Омрийдиң ақлығы Аммиҳудтың улы Утай.
5
Шеланың урпағынан: туңғыш улы Асая ҳәм оның уллары.
6
Зерахтың урпағынан: Еуел ҳәм оның туўысқанлары. Яҳуда урыўынан ҳәммеси болып алты жүз тоқсан адам еди.
7
Бенямин урыўынан: Ҳассенуаның шаўлығы Ҳодаўияның ақлығы Мешулламның улы Саллу,
8
Ерохамның улы Ибнея, Михрийдиң ақлығы Уззийдиң улы Эла ҳәм Ибнияның шаўлығы Реуелдиң ақлығы Шефатияның улы Мешуллам.
9
Шежиресинде жазылғаны бойынша Бенямин урыўынан тоғыз жүз елиў алты адам еди. Булардың ҳәммеси әўлад басшылары еди.
10
Руўханийлер: Едая, Еҳояриб, Яхин
11
ҳәм Азария. Азария Хилкияның улы Мешулламның ақлығы Садоқтың шаўлығы Мерайоттың қуўлығы Ахитубтың жаўлығы еди. Ахитуб Қудайдың Үйиниң бас хызметкери еди.
12
Малкияның шаўлығы Пашхурдың ақлығы Ерохамның улы Адая ҳәм Иммердиң жаўлығы Мешиллемиттиң қуўлығы Мешулламның шаўлығы Яхзераның ақлығы Адиелдиң улы Маасай.
13
Әўлад басшылары болған Қудайдың Үйиниң хызметшилери барлығы бир мың жети жүз алпыс адам еди. Олар Қудайдың Үйиндеги ислерди шеберлик пенен атқаратуғын еди.
14
Лебийлилер: Мерарий урпағынан: Хашабияның шаўлығы Азриқамның ақлығы Хашшубтың улы Шемая,
15
Бақбаққар, Хереш, Галал ҳәм Маттания. Маттания Асафтың шаўлығы Зихрийдиң ақлығы Миханың улы еди.
16
Едутунның шаўлығы Галалдың ақлығы Шемаяның улы Обадия ҳәм нетофалылардың аўылларында жасап атырған Элқананың ақлығы Асаның улы Берехия.
17
Қудайдың Үйиндеги дәрўаза қараўыллары: Шаллум, Аққуб, Талмон, Ахиман. Олардың туўысқаны Шаллум олардың басшысы еди.
18
Олар бүгинге дейин, шығыс тәрептеги Патша дәрўазасында хызмет етип келеди. Лебийлилердиң ордасынан болған дәрўаза қараўыллары да усылар еди.
19
Қорахтың шаўлығы Эбясафтың ақлығы Қорениң улы Шаллум ҳәм оның Қорах әўладынан болған туўысқанлары Үйдиң кирер аўзын қараўыллады. Олардың ата-бабалары да Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырының кирер аўзын қараўыллаған еди.
20
Алдынғы ўақытлары Элазар улы Пинехас дәрўаза қараўылларын басқарған еди ҳәм Жаратқан Ийе оның менен бирге еди.
21
Мешелемия улы Зехария Ушырасыў шатырының дәрўазасының қараўылы еди.
22
Таңлап алынған дәрўаза қараўыллары барлығы болып еки жүз он еки адам еди. Олар аўыллары бойынша шежиреге киргизилди. Оларды бул жуўапкершиликли ўазыйпаға Даўыт ҳәм көзи ашық Самуел тайынлаған еди.
23
Олар ҳәм олардың урпақлары Жаратқан Ийениң Үйиниң, яғный Шатырының дәрўазасында сақшылық қылатуғын еди.
24
Олар төрт тәрептеги: шығыс, батыс, арқа ҳәм қубладағы дәрўазаларды қараўыллады.
25
Олардың аўылларда жасайтуғын туўысқанлары ўақты-ўақты келип, жети күнлик хызметти олар менен бөлисип ислеўге миннетли болды.
26
Бас дәрўаза қараўылларының төртеўи де лебийли болып, оларға Қудайдың Үйиндеги бөлмелер ҳәм ғәзийнеханалар исенип тапсырылған еди.
27
Оларға Қудайдың Үйин қараўыллаў ҳәм ҳәр таңда қапыларды ашыў ўазыйпасы жүкленгенликтен, олар түнди Қудайдың Үйи әтирапында өткеретуғын еди.
28
Лебийлилердиң базылары Қудайдың Үйиниң хызметинде қолланылатуғын затларға жуўапкер болды. Олар затларды хызмет ушын бергенде де, қайтарып алғанда да санайтуғын еди.
29
Олардың басқалары Қудайдың Үйиндеги буйымларға ҳәм басқа барлық затларға, сондай-ақ сапалы унға, шарапқа, зәйтүн майына, ливан шайырына ҳәм хош ийисли затларға жуўапкер еди.
30
Ал руўханийлердиң базылары хош ийисли затларды араластырып таярлаў хызметин атқарды.
31
Қорахтың урпағынан Шаллумның туңғыш улы, лебийли Маттития садақа етип усынылатуғын нанларды таярлаў хызметине қойылған еди.
32
Оның Қоҳат урпағынан болған базы туўысқанларына болса, ҳәр Шаббат күни усынылатуғын нанларды таярлап, оларды усыныў хызмети жүкленди.
33
Лебийлилердиң әўлад басшылары болған сазенде ҳәм қосықшылар Қудайдың Үйиниң бөлмелеринде жасады. Олар күни-түни хызметте болғанлықтан, хызметтиң басқа түрлеринен азат болды.
34
Булардың ҳәммеси урпақ шежиреси бойынша лебийлилердиң әўлад басшылары еди ҳәм олар Ерусалимде жасайтуғын еди.
35
Гибонның тийкарын салған Еиел Гибонда жасады. Оның ҳаялының аты Мааха еди.
36
Еиелдиң туңғыш улы Абдон, кейинги уллары: Сур, Киш, Баал, Нер, Надаб,
37
Гедор, Ахйо, Зехария ҳәм Миклот.
38
Миклот Шимеамның әкеси еди. Булар Ерусалимде, ағайинлериниң жанында жасады.
39
Нер Киштиң, Киш Шаулдың әкеси еди. Шаул Ионатанның, Малкий-Шуаның, Абинадабтың ҳәм Эшбаалдың әкеси еди.
40
Ионатан Мериб-Баалдың, Мериб-Баал Миханың әкеси еди.
41
Миханың уллары: Питон, Мелех ҳәм Тахреа.
42
Ахаз Яраның әкеси еди. Яра Алемет, Азмаўет ҳәм Зимрийдиң әкеси еди. Зимрий Мосаның,
43
Моса Бинеаның, Бинеа Рефаяның, Рефая Эласаның, Эласа Аселдиң әкеси еди.
44
Аселдиң алты улы бар еди. Олардың атлары: Азриқам, Бохеру, Исмайыл, Шеария, Обадия ҳәм Ханан. Булар Аселдиң уллары еди.
← Chapter 8
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 10 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29