bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Chronicles 26
1 Chronicles 26
Karakalpak 2022
← Chapter 25
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 27 →
1
Дәрўаза қараўыллары мына топарлардан ибарат болды: Қорах урпақларынан: Асаф әўладынан Қоре улы Мешелемия.
2
Мешелемияның уллары: туңғыш улы Зехария, екиншиси Едиаел, үшиншиси Зебадия, төртиншиси Ятниел,
3
бесиншиси Элам, алтыншысы Еҳоханан, жетиншиси Элиеҳоенай.
4
Обед-Эдомның уллары: туңғыш улы Шемая, екиншиси Еҳозабад, үшиншиси Иоах, төртиншиси Сакар, бесиншиси Нетанел,
5
алтыншысы Аммиел, жетиншиси Иссахар, сегизиншиси Пеуллетай. Қудай Обед-Эдомды усылай жарылқаған еди.
6
Обед-Эдомның улы Шемаяның уллары бар еди. Олар уллы қәбилет ийелери болғанлықтан, өз әўладларының басшылары болды.
7
Шемаяның уллары: Отний, Рефаел, Обид ҳәм Элзабад. Шемаяның туўысқанлары Элиҳу менен Семахия да қәбилетли адамлар еди.
8
Олардың барлығы Обед-Эдомның урпақлары еди. Олардың өзлери де, уллары менен туўысқанлары да жумысқа инталы, жүдә уқыплы адамлар болды. Обед-Эдомға тийислилер барлығы болып алпыс еки адам еди.
9
Мешелемияның уллары ҳәм ағайинлери он сегиз адамнан ибарат болып, олар да қәбилетли адамлар еди.
10
Мерарий урпағынан Хосаның уллары: басшысы Шимрий. Шимрий туңғыш ул болмаса да, әкеси оны басшы етип тайынлады.
11
Екиншиси Хилкия, үшиншиси Тебалия, төртиншиси Зехария. Хосаның уллары менен ағайинлери он үш адам еди.
12
Дәрўаза қараўылларының топарлары өз басшылары бойынша бөлинди. Олар да Жаратқан Ийениң Үйинде хызмет етип атырған басқа лебийлилер сыяқлы өз ўазыйпаларына ийе еди.
13
Ҳәр дәрўаза ушын, әўладлары бойынша үлкен-кишиге теңдей шек тасланды.
14
Шығыс тәрептеги дәрўаза тасланған шек бойынша Шелемияға түсти. Кейин оның улы Зехария ушын шек тасланды ҳәм оған арқа тәрептеги дәрўаза түсти. Зехария ақыллы, кеңесгөй адам еди.
15
Қубладағы дәрўаза шек бойынша Обед-Эдомға, ал затлар сақланатуғын бөлмелер оның улларына түсти.
16
Батыстағы дәрўаза менен жоқарғы жолдағы Шаллехет дәрўазасы шек бойынша Шуппим менен Хосаға түсти. Қараўыллар үзликсиз избе-изликте өз ўазыйпасын орынлайтуғын еди.
17
Ҳәр күни шығыстағы дәрўазада алты лебийли, арқадағы дәрўазада төрт лебийли, қубладағы дәрўазада төрт лебийли, затлар сақланатуғын бөлмелерде еки адамнан төрт лебийли қараўыллықта турды.
18
Батыс тәрептеги ҳәўлиге баратуғын жол бойында төрт қараўыл, ҳәўлиниң ишинде еки қараўыл турды.
19
Қорах ҳәм Мерарий урпақларынан болған дәрўаза қараўыллары усылай орналастырылды.
20
Олардың ағайинлери болған лебийлилерге Қудайдың Үйиндеги қазнаға ҳәм Қудайға арналған саўғалар туратуғын қазнаға қараў тапсырылды.
21
Гершонның әўладынан болған Лааданның урпағынан, Лаадан тийресиниң тийре басшысы Ехиелий.
22
Ехиелийдиң уллары Зетам ҳәм оның туўысқаны Иоел Жаратқан Ийениң Үйиниң қазнасын қараўыллады.
23
Амрам, Исҳар, Хеброн ҳәм Уззиел урпақларынан мына адамларға хызмет берилди:
24
Муўсаның улы Гершомның урпағынан Шебуел қазналар үстинен бас бақлаўшы болды.
25
Гершомның туўысқаны Элиезердиң нәсили мынадай еди: Элиезерден Рехабия, Рехабиядан Ийшая, Ийшаядан Иорам, Иорамнан Зихрий, Зихрийден Шеломит туўылған еди.
26
Шеломитке ҳәм оның ағайинлерине Даўыт патшаның, тийре басшыларының, мыңбасылардың, жүзбасылардың ҳәм әскербасылардың бағышлаған саўғалары сақланатуғын қазнаға қараў тапсырылды.
27
Олар саўашта қолға түсирген олжалардан бир бөлегин Жаратқан Ийениң Үйин тәмийинлеў ушын бағышлайтуғын еди.
28
Көзи ашық Самуел, Киш улы Шаул, Нер улы Абнер, Серуя улы Иоаб бағышлаған саўғаларды ҳәм Жаратқан Ийеге арналған басқа саўғаларды да Шеломит пенен оның ағайинлери қараўыллайтуғын болды.
29
Исҳар урпағынан Кенания ҳәм оның уллары Қудайдың Үйиниң сыртындағы ислерге жуўапкер болып, Израилдағы жоқары лаўазымларға ҳәм қазылық исине тайынланды.
30
Хеброн урпағынан Хашабия ҳәм оның бир мың жети жүз қәбилетли ағайини Израилда Иордан дәрьясының батыс бөлегиндеги Жаратқан Ийениң ҳәм патшаның хызметине байланыслы ислерге жуўапкер болды.
31
Хеброн урпағынан болған Ерия өз урпағының шежиреси бойынша Хеброн урпақларының басшысы болды. Даўыттың ҳүкимдарлығының қырқыншы жылында Хеброн урпақларының шежиреси изертленген еди. Сонда Гиладтағы Язерде жасаған Хеброн урпақлары арасынан жүдә қәбилетли адамлар табылды.
32
Ерияның ағайинлери арасында еки мың жети жүзи жүдә қәбилетли әўлад басшылары болды. Қудайдың ҳәм патшаның ислерине қараўы ушын, Даўыт патша оларды Рубен ҳәм Гад урыўлары, және де, Менашше урыўының ярымы үстинен басшы етип тайынлады.
← Chapter 25
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 27 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29