bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Numbers 1
Numbers 1
Karakalpak 2022
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 2 →
1
Израиллылар Мысырдан шыққаннан кейинги екинши жылдың екинши айының биринши күни Жаратқан Ийе Синай шөлинде, Ушырасыў шатырында Муўсаға былай деди:
2
– Сен Харон менен бирге пүткил Израил жәмийетин тийрелери ҳәм әўладлары бойынша санап шық. Саўашқа жарамлы болған жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы барлық еркеклерди бөлимлерге бөлип, бирме-бир атларын жазып дизимге алың.
4
Сизлерге жәрдем бериўи ушын жаныңызда ҳәр бир урыўдан бир адамнан болсын. Олар әўлад басшыларынан болсын.
5
Сизлерге жәрдем беретуғын адамлардың атлары мыналар: Рубен урыўынан Шедеур улы Элисур,
6
Шимон урыўынан Суришаддай улы Шелумиел,
7
Яҳуда урыўынан Амминадаб улы Нахшон,
8
Иссахар урыўынан Суар улы Нетанел,
9
Зебулон урыўынан Хелон улы Элиаб,
10
Юсуп урпағынан болған Эфрайым урыўынан Аммиҳуд улы Элишама, Юсуп урпағынан болған Менашше урыўынан Педасур улы Гамалиел,
11
Бенямин урыўынан Гидоний улы Абидан,
12
Дан урыўынан Аммишаддай улы Ахиезер,
13
Ашер урыўынан Охран улы Пагиел,
14
Гад урыўынан Деўел улы Элясаф,
15
Нафталий урыўынан Энан улы Ахира.
16
Халық арасынан таңлап алынған бул адамлар өз урыўының көсемлери болып, Израилдың тийре басшылары еди.
17
Муўса менен Харон атлары аталған усы адамларды шақыртып алды.
18
Олар Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша екинши айдың биринши күни пүткил халықты жыйнады. Жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы ер адамларды тийрелери, әўладлары бойынша атларын бирме-бир дизимге алды. Солай етип, Муўса Синай шөлинде халықты санап шықты.
20
Тийре ҳәм әўладлары бойынша бирме-бир атлары дизимге алынған жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы урысқа жарамлы ер адамлардың саны төмендегидей еди: Израилдың туңғыш улы Рубен урыўынан – 46 500 адам,
22
Шимон урыўынан – 59 300 адам,
24
Гад урыўынан – 45 650 адам,
26
Яҳуда урыўынан – 74 600 адам,
28
Иссахар урыўынан – 54 400 адам,
30
Зебулон урыўынан – 57 400 адам,
32
Юсуп улы Эфрайым урыўынан – 40 500 адам,
34
Юсуп улы Менашше урыўынан – 32 200 адам,
36
Бенямин урыўынан – 35 400 адам,
38
Дан урыўынан – 62 700 адам,
40
Ашер урыўынан – 41 500 адам,
42
Нафталий урыўынан – 53 400 адам.
44
Муўса, Харон ҳәм Израилдың он еки урыўының көсемлери тәрепинен дизимге алынғанлар усылар еди. Ҳәр бир көсем өз урыўының ўәкили еди.
45
Израилда жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы урысқа жарамлы барлық израиллылар өзлериниң әўладлары бойынша есапқа алынды.
46
Есапқа алынғанлардың барлығы 603 550 адам болды.
47
Бирақ Лебий урыўы басқалар менен бирге дизимге алынбады.
48
Себеби Жаратқан Ийе Муўсаға былай деген еди:
49
«Тек Лебий урыўының есабын алма ҳәм оларды басқа израиллылар менен бирге дизимге киргизбе.
50
Лебийлилерди ишинде буйрықлар жазылған еки тас турған Мухаддес шатырға, оған тийисли ҳәр бир буйым ҳәм затларға жуўапкер қылып қой. Олар Шатырды ҳәм оның барлық буйымларын көтерип алып жүрсин ҳәм абайлап қарап жүрсин. Оның дөгерегине өз шатырларын қурсын.
51
Мухаддес шатыр көширилгенде, оны лебийлилер жыйнасын, тоқтаған ўақытта да, оны лебийлилер қурсын. Лебийлилерден басқа Шатырға жақынласқан ҳәр бир адам өлтирилсин.
52
Израиллылар бөлимлерге бөлинип, шатырларын қурсын. Ҳәр бир адам өз ордасында ҳәм өз байрағы астында орналассын.
53
Ал Израил жәмийети Жаратқан Ийениң ғәзебине ушырамаўы ушын, лебийлилер буйрықлар қойылған Шатырдың дөгерегине өз шатырларын қурсын ҳәм оны қараўылласын».
54
Израиллылар булардың барлығын Жаратқан Ийе Муўсаға қалай буйырған болса, анық сондай етип орынлады.
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 2 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36