bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Numbers 36
Numbers 36
Karakalpak 2022
← Chapter 35
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
1
Бир күни Юсуп улы Менашше урыўынан Махир улы Гилад әўладынан болған басшылар Муўсаның ҳәм Израилдың тийре басшыларының алдына келип, оларға былай деди:
2
– Жаратқан Ийе елди мүлик етип, шек бойынша израиллылар арасында үлестириў ушын мырзамыз Муўсаға буйрық берди. Туўысқанымыз Селофехадтың мүлки қызларына берилиўи ушын да буйрық берилген еди.
3
Деген менен, егер Селофехадтың қызлары басқа бир Израил урыўына тийисли еркеклерге турмысқа шықса, олардың мүликлери күйеўлери тийисли болған урыўдың мүлкине өтип кетеди. Сонда урыўымыз шек бойынша алған жер үлесиниң бир бөлегинен айырылып қалады.
4
Ҳәттеки, израиллылардың Қутлы жылы белгиленгенде де, қызлардың мүлки урыўымызға қайтарылмай, күйеўлери тийисли болған урыўда қалып кетеди. Солай етип, олардың мүликлери бабаларымыздың урыўына түскен мүликтен алынып, бир бөлек жеримизден айырылып қаламыз.
5
Муўса Жаратқан Ийениң сөзи бойынша израиллыларға былай деп буйрық берди: – Юсуп әўладынан болған адамлардың айтқанлары дурыс.
6
Жаратқан Ийе Селофехадтың қызлары ҳаққында мынадай буйрық береди: «Селофехадтың қызлары қәлеген жигитке турмысқа шығыўына болады, бирақ бул жигитлер әкесиниң урыўынан ҳәм тийресинен болыўы шәрт.
7
Израил халқының мүлик етип алған жери бир урыўдан екинши урыўға өтип кетпесин. Ҳәр бир израиллы өз урыўының мүлкин сақлап қалсын.
8
Израилдағы ҳәр бир урыўдағы жер мүлкине мийрасхор болған қыз әкеси тийисли болған урыў ҳәм тийресиндеги жигитке турмысқа шықсын. Солай етип, ҳәр бир израиллы ата-бабаларының мүлкине өзлери ийелик етип қалсын.
9
Сонда мүлик бир урыўдан екинши урыўға өтип кетпейди. Ҳәр бир Израил урыўы өзлерине алған мүликти сақлап қалсын».
10
Селофехадтың қызлары Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай иследи.
11
Селофехадтың қызлары Махла, Тирса, Хогла, Милка ҳәм Ноа өз аталас ағаларына турмысқа шықты.
12
Солай етип, олар Юсуп улы Менашше урпағынан болған жигитлерге турмысқа шықты ҳәм олардың мүликлери әкелери тийисли болған тийре ҳәм урыўда қалды.
13
Жаратқан Ийениң Муўса арқалы ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегинде, Ерихо қаласының қарсысындағы Иордан дәрьясының бойында израиллыларға берген буйрық ҳәм нызамлары усылардан ибарат еди.
← Chapter 35
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36