bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Numbers 8
Numbers 8
Karakalpak 2022
← Chapter 7
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 9 →
1
Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2
– Харонға айт, ол жети шыраны шыра қойғышқа орнатқанда, шыра қойғыштың алдынғы тәрепине жақтылық түсип туратуғын қылып орнатсын.
3
Харон айтылғандай етип иследи. Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай, шыраларды шыра қойғыштың алдынғы тәрепине жақты түсетуғын қылып орналастырды.
4
Шыра қойғыш Жаратқан Ийениң Муўсаға көрсеткен үлгиси бойынша, ултанынан баслап, гүллерине дейин алтыннан шөккишлеп исленген еди.
5
Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
6
– Лебийлилерди Израил халқының арасынан айырып алып, оларды пәклеў рәсиминен өткиз.
7
Оларды пәклеў ушын былай ислейсең: пәклейтуғын суўды олардың үстине серп. Олар шашлары менен барлық жүнлерин қырып тасласын ҳәм кийимлерин жуўсын. Усылайынша, олар пәк болады.
8
Кейин олар бир буға менен ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы ун алып келсин. Гүна қурбанлығы ушын сен де басқа бир буға алып кел.
9
Лебийлилерди Ушырасыў шатырының алдына алып келип, барлық Израил жәмийетин жыйна.
10
Лебийлилерди Жаратқан Ийениң, яғный Мениң алдыма әкелгениңде, израиллылар олардың үстине қолларын қойсын.
11
Жаратқан Ийеге хызмет етиўи ушын, Харон израиллылардың арасынан лебийлилерди садақа сыпатында Маған бағышласын.
12
Лебийлилер қолларын буғалардың басына қойсын ҳәм олардың гүналарынан пәклениўи ушын, буғалардың биреўи гүна қурбанлығы ушын, екиншиси жандырылатуғын қурбанлық ушын Жаратқан Ийеге усынылсын.
13
Лебийлилерди Харон ҳәм оның улларының алдында турғыз. Оларды садақа сыпатында Жаратқан Ийеге, Маған бағышла.
14
Лебийлилерди басқа израиллылардың арасынан усы тәризде бөлип ал. Лебийлилер Маған тийисли болады.
15
Сен лебийлилерди пәклеп, садақа сыпатында бағышлағаннан соң, олар Ушырасыў шатырындағы хызметин баслаўына болады.
16
Израиллылар арасында лебийлилер толығы менен Маған тийисли. Себеби қарыннан биринши шыққан барлық уллардың орнына оларды Өзиме таңлап алдым.
17
Израил халқының арасындағы барлық биринши туўылғанлар адам болсын, ҳайўан болсын – олар Меники. Өйткени Мен Мысырда биринши туўылғанларды жоқ қылған күни, оларды Өзиме айырып алдым.
18
Солай етип, Израил халқында барлық биринши туўылған уллардың орнына лебийлилерди таңладым.
19
Израиллылар Мухаддес орынға жақынласып, бәлеге дуўшар болмаўы ушын, олардың орнына Ушырасыў шатырындағы хызметти ислеп, израиллылардың гүналарын пәклеў ушын, лебийлилерди Харон ҳәм оның улларының қолларына тапсырдым.
20
Муўса, Харон ҳәм пүткил Израил жәмийети Жаратқан Ийениң лебийлилерге байланыслы Муўсаға берген ҳәр бир буйрығын толығы менен орынлады.
21
Лебийлилер өзлерин пәклеп, кийимлерин жуўды. Харон оларды Жаратқан Ийениң алдында арнаўлы түрде бағышлады ҳәм оларды тазалаў ушын, гүналарынан пәкледи.
22
Буннан соң, лебийлилер Харон ҳәм оның улларының қол астында Ушырасыў шатырындағы өзлерине тийисли хызметлерин орынлаўға келди. Солай етип, Жаратқан Ийе лебийлилерге тийисли Муўсаға қандай буйрық берген болса, Израил халқы сол буйрықларды орынлады.
23
Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
24
– Лебийлилерге тийисли қағыйда мынадай: Жигирма бес ҳәм оннан жоқары жастағылар Ушырасыў шатырындағы хызметин басласын.
25
Ал елиў жасқа келгенде, сол хызметинен босап, буннан кейин хызметте болмасын.
26
Хызметтен босаған лебийлилер Ушырасыў шатырында хызмет етип атырған туўысқанларына жәрдем бериўине болады, бирақ өзлери артық хызмет ислемесин. Лебийлилердиң ўазыйпаларын усылайынша белгилеп бер.
← Chapter 7
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 9 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36