bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Numbers 4
Numbers 4
Karakalpak 2022
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 5 →
1
Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
2
– Лебий урыўындағы Қоҳат урпағын тийре ҳәм әўладлары бойынша санап шық.
3
Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге жарамлы отыздан елиў жасқа дейинги адамлардың ҳәммесин сана.
4
Қоҳат урпағының жумысы Ушырасыў шатырындағы ең мухаддес буйымларға жуўапкершиликтен ибарат.
5
Халық жолға шыққан ўақытта Харон менен уллары келип, ишки бөлмениң пердесин шешип алсын ҳәм оның менен Келисим сандығын жапсын.
6
Кейин оның үстине жумсақ териден исленген жабыў жаўып, үстине және қызғыш көк жапқыш жапсын ҳәм сырықларын сандықтың ҳалқаларына жайластырсын.
7
Усынылған нанлар қойылатуғын столдың үстине қызғыш көк реңли жапқыш жайып, үстине табақларды, түтетки салатуғын тостағанларды, ишимлик садақалары ушын кеселер ҳәм гүзелерди қойсын. Столдың үстинде күнделикли усынылған нанлар да турсын.
8
Булардың үстине қырмызы реңли жапқыш жаўып, кейин оны жумсақ териден исленген жапқыш пенен жапсын, ал сырықларын столдың ҳалқаларына жайластырсын.
9
Соннан соң шыра қойғышты, оның шыраларын, пиликлерди тазалайтуғын қысқышлар менен ыдысларды ҳәм зәйтүн майы ушын қолланылатуғын ыдысларды қызғыш көк реңли жапқыш пенен жаўып орасын.
10
Кейин буларды жумсақ тери менен орап, зәмбердиң үстине қойсын.
11
Түтетки түтетилетуғын алтын орынның үстине қызғыш көк таўар жайып, оның үстин жумсақ бир тери менен қапласын ҳәм сырықларын алтын орынның ҳалқаларына жайластырсын.
12
Мухаддес орында қолланылатуғын барлық буйымларды алып, оларды қызғыш көк жапқыш пенен орап, үстин жумсақ териден исленген жапқыш пенен жапсын ҳәм кейин екинши зәмбердиң үстине қойсын.
13
Қурбанлық орынды күлден тазалап, оны шым қызыл реңли жабыў менен жапсын.
14
Соннан соң, хызмет ўақтында қолланылатуғын барлық буйымларды: шоқ салынатуғын ыдысларды, шанышқыны, күл алатуғын белшени, қан себетуғын табақларды қурбанлық орынның үстине қойып, жумсақ териден исленген жабыў менен жапсын ҳәм сырықларын қурбанлық орынның ҳалқаларына жайластырсын.
15
Израил ордасы басқа жерге көшетуғын ўақытта, Харон менен оның уллары мухаддес буйымларды ҳәм буларға тийисли барлық затларды жыйнастырып, орап болғаннан соң, Қоҳат урпақлары келип, оларды көтерип алып жүрсин. Олар өлмеўи ушын мухаддес буйымларға қол тийгизбесин. Қоҳат урпағының Ушырасыў шатырындағы алып жүретуғын буйымлары усылардан ибарат.
16
Руўханий Харон улы Элазар шыралар ушын зәйтүн майына, хош ийисли түтеткиге, күнделикли берилетуғын ғәлле садақасына ҳәм майлаў рәсимине қолланылатуғын зәйтүн майына, және де, шатырға ҳәм оның ишиндеги барлық мухаддес буйымлар менен буларға тийисли затларға жуўапкер болсын.
17
Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
18
– Қоҳат тийрелериниң лебийлилердиң арасынан жоқ болып кетиўине жол қоймаңлар.
19
Олардың ең мухаддес затларға жақынласып, өлип қалмаўы ушын былай ислең: Харон менен оның уллары келип, Қоҳат урпағының ҳәр бириниң ислейтуғын хызметин ҳәм не алып жүретуғынын белгилесин.
20
Бирақ Қоҳат урпағы азғантай ўақытқа болса да ишке кирип, мухаддес буйымларға қарамасын, болмаса олар өледи.
21
Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
22
– Гершон урпағын да әўладлары ҳәм тийрелери бойынша санақтан өткиз.
23
Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге жарамлы отыздан елиў жасқа дейинги барлық ер адамларды сана.
24
Гершон тийрелериниң хызмети ҳәм жүк тасыў ўазыйпалары мыналардан ибарат:
25
олар Ушырасыў шатырының ишки ҳәм сыртқы жапқышларын, оның кирер аўзындағы пердени,
26
шатыр менен қурбанлық орынды айлана дөгереклеп турған ҳәўлиниң перделерин, ҳәўлиниң кирер аўзындағы пердени ҳәм арқанлар менен усыларға қолланылатуғын барлық затларды көтерип алып жүрсин. Усы затлар менен байланыслы жумыслардың ҳәммесин Гершон урпағы орынласын.
27
Харон ҳәм оның уллары Гершон урпағының хызметин, жүклерди тасыўын ҳәм басқа да орынлайтуғын ўазыйпаларын шөлкемлестирсин.
28
Гершон тийрелериниң Ушырасыў шатырындағы ислейтуғын жумыслары усылардан ибарат. Олар руўханий Харон улы Итамардың бақлаўы астында хызмет етеди.
29
Енди Мерарий урпағын тийрелери ҳәм әўладлары бойынша санақтан өткиз.
30
Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге жарамлы отыздан елиў жасқа дейинги барлық ер адамларды сана.
31
Олар Ушырасыў шатырындағы жумыс барысында мыналарды орынлайды: шатырдың тахтайларын, қадаларын, бақанларын, ултанларын,
32
шатырды дөгереклеп турған ҳәўлиниң бақанлары менен оның ултанларын, қазықларын, арқанларын ҳәм буларға қолланылатуғын барлық затларды көтерип алып жүрсин. Олардың ҳәр бирине не тасыйтуғынын анықлап, белгилеп бериң.
33
Мерарий тийрелериниң Ушырасыў шатырына байланыслы хызмети усылардан ибарат. Олар руўханий Харон улы Итамардың бақлаўы астында хызмет етеди.
34
Муўса, Харон ҳәм жәмийеттиң көсемлери Қоҳат урпағын тийрелери ҳәм әўладлары бойынша санап шықты.
35
Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге жарамлы отыздан елиў жасқа дейинги барлық ер адамларды санап шыққанда,
36
олардың саны 2750 адам болды.
37
Ушырасыў шатырында жумыс ислейтуғын Қоҳат урпағы усылар еди. Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша Муўса менен Харон оларды санап шықты.
38
Гершон урпағы да тийрелери ҳәм әўладлары бойынша саналды.
39
Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге жарамлы отыз жастан елиў жасқа дейинги барлық ер адамлар саналғанда,
40
олардың саны 2630 адам болды.
41
Ушырасыў шатырында жумыс ислейтуғын Гершон урпағы усылар еди. Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Муўса менен Харон оларды санап шықты.
42
Мерарий урпағы да тийрелери ҳәм әўладлары бойынша саналды.
43
Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге жарамлы отыз жастан елиў жасқа дейинги барлық ер адамлар саналғанда,
44
олардың саны 3200 адам болды.
45
Ушырасыў шатырында жумыс ислейтуғын Мерарий урпағы усылар еди. Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша Муўса менен Харон оларды санап шықты.
46
Солай етип, Муўса, Харон ҳәм Израилдың көсемлери лебийлилерди тийрелери ҳәм әўладлары бойынша санап шықты.
47
Ушырасыў шатырында жумыс ислеўге ҳәм жүк тасыўға жарамлы отыз жастан елиў жасқа дейинги барлық ер адамлар саналғанда,
48
олардың улыўма саны 8580 адам болды.
49
Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша олардың ҳәр бирине ислейтуғын хызмети ҳәм тасыйтуғын жүклери белгилеп берилди. Солай етип, Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша барлық адамлар дизимге алынды.
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 5 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36