bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Numbers 10
Numbers 10
Karakalpak 2022
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 11 →
1
Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2
– Гүмистен еки кәрнайды шөккишлеп соқтыр, буларды жәмийетти жыйнаў ушын ҳәм ҳәр бир орданың жолға шығыўы ушын қолланасаң.
3
Еки кәрнай бирге шертилген ўақытта, барлық жәмийет сениң қасыңа, Ушырасыў шатырының алдына жыйналсын.
4
Тек ғана бир кәрнай шертилсе, онда көсемлер, яғный Израилдың тийре басшылары сениң жаныңа жыйналсын.
5
Кәрнай қысқа-қысқа етип шертилген ўақытта, шығыс тәрепте қоныс басқанлар жолға шықсын.
6
Екинши мәрте қысқа-қысқа етип шертилген ўақытта, қубла тәрепте қоныс басқанлар жолға шықсын. Кәрнайдың қысқа-қысқа етип шертилиўи урыўлардың жолға шығыўы кереклигин билдиреди.
7
Жәмийетти жыйнаў ушын кәрнайды узақ ўақыт әпиўайы даўыс пенен шерттир.
8
Кәрнайларды Харонның руўханий уллары шертсин. Бул сизлер ҳәм келешек әўладларыңыз ушын мәңги қағыйда болып қалсын.
9
Үлкеңизде сизлерге ҳүжим қылған душпанға қарсы саўашқа шыққаныңызда, кәрнай шертип, белги бериң. Сонда Қудайыңыз Жаратқан Ийе болған Мен сизлерди еслеп, душпанларыңыздан қутқараман.
10
Шадлы күнлериңизде – байрамларыңызда, Жаңа ай байрамларыңызда, жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықлар бергениңизде кәрнай шертиң. Усылай етип, Қудайыңыз болған Мен сизлерди еслеймен. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
11
Израил халқы Мысырдан шыққаннан кейин екинши жылдың екинши айының жигирмаланшы күни булт буйрықлар қойылған шатырдан жоқары көтерилди.
12
Сонда израиллылар да Синай шөлинен жолға шығып, булт Паран шөлинде тоқтағанша көшип-қонып жүрди.
13
Олар Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген буйрығы бойынша жолға биринши мәрте шықты.
14
Олар ҳәр сапары жолға шыққанда, ҳәр бир орда өз байрағы астында бир тәртипте жүретуғын еди. Биринши болып, Амминадаб улы Нахшон басшылығындағы Яҳуда ордасы бөлимлери менен бирге өз ордасының байрағы астында көшти баслап жүрди.
15
Иссахар урыўы бөлимине Суар улы Нетанел,
16
Зебулон урыўы бөлимине Хелон улы Элиаб басшылық қылатуғын еди.
17
Соннан кейин, Мухаддес шатыр жыйнастырылып, оны көтерип, алып жүретуғын Гершон урпағы менен Мерарий урпағы жолға шықты.
18
Олардан соң Шедеур улы Элисур басшылығындағы Рубен ордасы бөлимлери менен бирге өз ордасының байрағы астында жолға шықты.
19
Шимон урыўы бөлимине Суришаддай улы Шелумиел,
20
Гад урыўы бөлимине Деўел улы Элясаф басшылық қылатуғын еди.
21
Оннан кейин Қоҳат урпағы мухаддес буйымларды көтерип, жолға шықты. Олар белгиленген жерге жетип бараман дегенше, Мухаддес шатыр қурылып болыныўы тийис еди.
22
Аммиҳуд улы Элишама басшылығындағы Эфрайым ордасы бөлимлери менен бирге өз ордасының байрағы астында жолға шықты.
23
Менашше урыўы бөлимине Педасур улы Гамалиел,
24
Бенямин урыўы бөлимине Гидоний улы Абидан басшылық қылатуғын еди.
25
Көштиң ең ақырында Аммишаддай улы Ахиезер басшылығындағы Дан ордасы бөлимлери менен бирге өз ордасының байрағы астында жолға шықты. Олар Израил ордаларының артқы сақшылары еди.
26
Ашер урыўы бөлимине Охран улы Пагиел,
27
Нафталий урыўы бөлимине Энан улы Ахира басшылық қылатуғын еди.
28
Израиллылар бөлимлерге бөлинип, усы тәртипте жолға шығатуғын еди.
29
Муўса мидянлы қәйин атасы Реуелдиң баласы Хобабқа былай деди: – Жаратқан Ийениң: «Сизлерге беремен», – деген жерине баратырмыз. Сиз де бизлер менен бирге барың, сизге жақсы қатнаста боламыз. Өйткени Жаратқан Ийе Израилға жақсылық етиўди ўәде қылды.
30
Хобаб оған: – Яқ, бармайман. Өз елиме, ағайин-туўғанларымның жанына қайтаман, – деп жуўап берди.
31
Муўса оған былай деди: – Илтимас, бизлерди таслап кетпең. Себеби сиз шөлде қоныслайтуғын жерлерди билесиз. Бизлерге жол көрсетесиз.
32
Егер бизлер менен бирге барсаңыз, Жаратқан Ийениң ислейтуғын барлық жақсылықларын сиз бенен де бөлисемиз.
33
Израиллылар Жаратқан Ийениң таўынан шығып, үш күнлик жол жүрди. Қоныслайтуғын жерди табыў ушын Жаратқан Ийениң Келисим сандығы олардың алдында жүрип барды.
34
Қоныс басқан жерден жолға шыққанда, Жаратқан Ийениң булты күн бойы олардың үстинде болды.
35
Келисим сандығы жолға шыққанда, Муўса былай деп айтатуғын еди: «Тур, Жаратқан Ийе! Тарқалып кетсин душпанларың, Сени жек көргенлер алдыңнан қашып кетсин!»
36
Келисим сандығы тоқтағанда болса, Муўса былай деп айтатуғын еди: «Қайт, мың-мыңлаған Израил халқының Жаратқан Ийеси!»
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 11 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36