bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Numbers 35
Numbers 35
Karakalpak 2022
← Chapter 34
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 36 →
1
Жаратқан Ийе ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегинде, Ерихоның қарсысындағы Иорданның бойында Муўсаға былай деди:
2
– Израиллыларға буйыр, олар алатуғын үлес жеринде лебийлилердиң жасаўы ушын қалалар ажыратып берсин. Соның менен бирге, қалалардың әтирапындағы жайлаўларды да берсин.
3
Солай етип, лебийлилердиң жасаўы ушын қалалары ҳәм олардың пада, сүриўлери менен басқа да ҳайўанлары ушын жайлаўлары болсын.
4
Лебийлилерге берилетуғын қалалардың айлана әтирапындағы жайлаўлар қала қорғанынан баслап мың шығанақ узынлыққа созылған болсын.
5
Қала ортада жайласқан болып, оның сыртынан баслап, шығысқа, қублаға, батысқа ҳәм арқаға қарай еки мың шығанақтан өлшеп шығың. Булар қалалар ушын жайлаўлар болады.
6
– Лебийлилерге берилетуғын қалалардан алтаўы паналайтуғын қала болсын. Солай етип, адам өлтириўшиниң сол жерге қашыўына жол қоясызлар. Усы алты қаладан тысқары лебийлилерге қырық еки қала берилсин.
7
Барлығы болып, лебийлилерге жайлаўлары менен бирге қырық сегиз қала бересизлер.
8
Израиллылардың үлес жеринен лебийлилерге берилетуғын қалалар ҳәр бир урыўға түскен пайына ылайықлы болсын. Көп үлес жер алған урыў көп, аз үлес жер алған урыў аз қала берсин.
9
Жаратқан Ийе Муўса менен сөйлесиўин даўам етип, былай деди:
10
– Израиллыларға былай деп айт: «Иордан дәрьясынан өтип, Қанан елине киргениңизден кейин,
11
паналайтуғын қалаларды таңлап алың. Солай етип, абайсызда адам өлтирип қойған адам сол паналайтуғын қалаға қашып кете алатуғын болсын.
12
Бул қалалар адам өлтирип қойған адамның жәмийет алдында ҳүким етилмесинен алдын өлтирилмеўи ушын, оның өш алыўшы әмеңгерден қашып, паналайтуғын жери болады.
13
Сизлер ажырататуғын алты қала паналайтуғын қала болсын.
14
Паналайтуғын қалалардың үшеўи Иордан дәрьясының шығыс тәрепинен, қалған үшеўи Қанан жеринен таңлап алынсын.
15
Бул алты қала израиллылар ҳәм араңызда жасап атырған келгиндилер менен жат жерли адамлар ушын паналаў қаласы болсын. Солай етип, абайсызда адам өлтирип қойған адам сол жерге қашып барсын.
16
Егер ким де ким темир қурал менен бир адамды урып өлтирип қойса, онда урған адам қанхор саналады ҳәм ол сөзсиз өлтирилсин.
17
Егер тас пенен биреўди урып, оны өлтирсе, өлтирген адам қанхор саналады ҳәм ол сөзсиз өлтирилсин.
18
Ямаса ол ағаш буйым менен биреўди урып, оны өлтирсе, онда өлтирген адам қанхор саналады ҳәм ол сөзсиз өлтирилсин.
19
Өлген адамның өш алыўшы адамы қанхорды ушыратып қалыўдан-ақ, оны өлтирсин.
20
Сондай-ақ егер бир адам биреўди жек көргенликтен ийтерип жиберип ямаса билқастан оған қарай бир нәрсени ылақтырып, ол адамды өлтирсе,
21
ямаса өшегисип, оны мушы менен урып өлтирсе, урған адам сөзсиз өлтирилсин. Өйткени ол қанхор. Өлген адамның өшин алыўшы адам қанхорды ушыратып қалыўдан-ақ, оны өлтирсин.
22
Егер ким де ким бир адамды өшегисип емес, ал абайсыздан ийтерип жиберсе, ямаса оған қарай билместен бир нәрсени ылақтырып жиберсе,
23
ямаса оны көрмей қалып, үстине бир тасты түсирип алып, оны өлтирип қойса, бирақ өлтирип қойған адам оған душпан болмай, оған жаўызлық ойламаған болса,
24
жәмийет адам өлтирип қойған менен өш алыўшы әмеңгердиң арасында усы қағыйдалар бойынша қарар шығарсын.
25
Жәмийет адам өлтирип қойған адамды өш алыўшы әмеңгердиң қолынан қорғаўы керек ҳәм оны қашып келген паналайтуғын қалаға қайтадан қайтарып жиберсин. Ол адам мухаддес май менен майланған бас руўханийдиң өлимине дейин сол жерде жасап қалсын.
26
Бирақ адам өлтириўши қашып барған паналайтуғын қаланың шегарасынан шықса,
27
өш алыўшы әмеңгер де оны паналайтуғын қаланың шегарасының сыртында көрип қалса, өш алыўшы әмеңгер адам өлтириўшини өлтирсе, ол айыплы саналмайды.
28
Өйткени адам өлтириўши бас руўханийдиң өлимине дейин паналайтуғын қала ишинде болыўы керек. Тек ғана бас руўханийдиң өлиминен соң өз жерине қайтыўына болады.
29
Қай жерде жасасаңыз да булар әўладлар даўамында сизлер ушын қағыйда болсын.
30
Адам өлтириўши гүўалардың айтқан сөзлери бойынша өлим жазасына тартылсын. Тек бир адамның ғана гүўалығы менен ҳеш ким өлтирилмесин.
31
Өлимге ылайықлы қанхордың жанын қутқарыў ушын қун алмаң, ол сөзсиз өлтирилсин.
32
Паналайтуғын қалаға қашқан адам қун төлеп, бас руўханийдиң өлиминен алдын өз жерине қайтып барып жасаўына рухсат бермең.
33
Өзлериңиз жасап атырған елди ҳарамламаң. Қан төгиўшилик елди ҳарамлайды. Ишинде қан төгилген жер тек ғана қан төккен адамның қаны менен пәкленеди.
34
Өзлериңиз ишинде жасап атырған ҳәм Мен ишинде болып атырған жерди ҳарамламаң. Себеби Мен израиллылардың арасында жасайтуғын Жаратқан Ийемен».
← Chapter 34
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 36 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36