bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Numbers 7
Numbers 7
Karakalpak 2022
← Chapter 6
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 8 →
1
Муўса Шатырды тигип болғаннан соң, Шатырға ҳәм оның барлық буйымларына, және де, қурбанлық орынға ҳәм оған тийисли барлық буйымларға май серпип, оларды бағышлады.
2
Кейин Израилдың көсемлери, дизимге алыў ўазыйпасын алып барған әўлад ҳәм урыў басшылары өз сыйларын алып келди.
3
Олардың Жаратқан Ийеге алып келген сыйлары үсти бастырылған алты арба ҳәм он еки өгизден ибарат еди. Ҳәр бир көсем бир өгизден ҳәм ҳәр бир еки көсем бир арбадан алып келген еди. Көсемлер бул сыйларын шатырдың алдына әкелип қойды.
4
Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
5
– Бул сыйларды олардан қабыл етип ал. Буларды Ушырасыў шатырындағы хызметлерде қолланың. Лебийлилердиң ислейтуғын хызметлерине қарап, буларды оларға бөлип бер.
6
Сонда Муўса арба ҳәм өгизлерди алып, лебийлилерге бөлистирип берди.
7
Ислейтуғын хызметлери бойынша Гершон урпағына еки арба менен төрт өгиз,
8
Мерарий урпағына төрт арба менен сегиз өгиз берди. Мерарий ҳәм Гершон урпақлары руўханий Харонның улы Итамардың бақлаўы астында хызмет қылатуғын еди.
9
Қоҳат урпағына болса, ҳеш нәрсе бермеди. Себеби олардың ислейтуғын хызмети мухаддес буйымларды ийнинде көтерип, алып жүриў еди.
10
Қурбанлық орын майланып, бағышланған ўақытта, көсемлер өзлериниң басқа сыйларын алып келди ҳәм буларды орынның алдына әкелип қойды.
11
Бул ҳаққында Жаратқан Ийе Муўсаға: «Қурбанлық орынның бағышланыўы ушын ҳәр күни бир көсем өзиниң сыйын усынсын», – деген еди.
12
Биринши күни Яҳуда урыўынан Амминадаб улы Нахшон сыйларын усынды.
13
Оның әкелген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди.
14
Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған,
15
жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар, бир жасар еркек тоқлы,
16
гүна қурбанлығы ушын бир теке,
17
татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке, ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Амминадаб улы Нахшонның алып келген сыйлары усылар еди.
18
Екинши күни Иссахар урыўының көсеми Суар улы Нетанел сыйларын усынды.
19
Оның алып келген сыйлары мыналар еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди.
20
Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған,
21
жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы,
22
гүна қурбанлығы ушын бир теке,
23
татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Суар улы Нетанелдиң алып келген сыйлары усылар еди.
24
Үшинши күни Зебулон урыўының көсеми Хелон улы Элиаб сыйларын усынды.
25
Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди.
26
Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған,
27
жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы.
28
Гүна қурбанлығы ушын бир теке,
29
татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Хелон улы Элиабтың алып келген сыйлары усылар еди.
30
Төртинши күни Рубен урыўының көсеми Шедеур улы Элисур сыйларын усынды.
31
Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы менен араластырылған сапалы унға толы еди.
32
Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған,
33
жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы.
34
Гүна қурбанлығы ушын бир теке,
35
татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Шедеур улы Элисурдың алып келген сыйлары усылар еди.
36
Бесинши күни Шимон урыўының көсеми Суришаддай улы Шелумиел сыйларын усынды.
37
Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы менен араластырылған сапалы унға толы еди.
38
Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған,
39
жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы.
40
Гүна қурбанлығы ушын бир теке,
41
татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Суришаддай улы Шелумиелдиң алып келген сыйлары усылар еди.
42
Алтыншы күни Гад урыўының көсеми Деўел улы Элясаф сыйларын алып келди.
43
Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди.
44
Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған,
45
жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы.
46
Гүна қурбанлығы ушын бир теке,
47
татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Деўел улы Элясафтың алып келген сыйлары усылар еди.
48
Жетинши күни Эфрайым урыўының көсеми Аммиҳуд улы Элишама сыйларын усынды.
49
Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы менен араластырылған сапалы унға толы еди.
50
Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған,
51
жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы.
52
Гүна қурбанлығы ушын бир теке,
53
татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Аммиҳуд улы Элишаманың алып келген сыйлары усылар еди.
54
Сегизинши күни Менашше урыўының көсеми Педасур улы Гамалиел сыйларын усынды.
55
Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди.
56
Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған,
57
жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы.
58
Гүна қурбанлығы ушын бир теке,
59
татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Педасур улы Гамалиелдиң алып келген сыйлары усылар еди.
60
Тоғызыншы күни Бенямин урыўының көсеми Гидоний улы Абидан сыйларын усынды.
61
Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы менен араластырылған сапалы унға толы еди.
62
Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған,
63
жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы.
64
Гүна қурбанлығы ушын бир теке,
65
татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Гидоний улы Абиданның алып келген сыйлары усылар еди.
66
Оныншы күни Дан урыўының көсеми Аммишаддай улы Ахиезер сыйларын усынды.
67
Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди.
68
Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған,
69
жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы.
70
Гүна қурбанлығы ушын бир теке,
71
татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Аммишаддай улы Ахиезердиң алып келген сыйлары усылар еди.
72
Он биринши күни Ашер урыўының көсеми Охран улы Пагиел сыйларын усынды.
73
Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди.
74
Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған,
75
жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы.
76
Гүна қурбанлығы ушын бир теке,
77
татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Охран улы Пагиелдиң алып келген сыйлары усылар еди.
78
Он екинши күни Нафталий урыўының көсеми Энан улы Ахира сыйларын усынды.
79
Оның алып келген сыйлары мыналардан ибарат еди: Мухаддес орын өлшеми менен 130 шекел аўырлығындағы бир гүмис жалпақ табақ, 70 шекел аўырлығындағы бир гүмис қырма. Бул екеўи де ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған сапалы унға толы еди.
80
Түтетки толтырылған 10 шекел аўырлығындағы бир алтын тостаған,
81
жандырылатуғын қурбанлық ушын бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасар еркек тоқлы.
82
Гүна қурбанлығы ушын бир теке,
83
татыўлық қурбанлығы ушын еки буға, бес қошқар, бес теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған бес еркек тоқлы. Энан улы Ахираның алып келген сыйлары усылар еди.
84
Солай етип, қурбанлық орын майланған ўақытта, Израил көсемлериниң орынды бағышлаў ушын алып келген сыйлары мыналар еди: он еки гүмис жалпақ табақ, он еки гүмис қырма, он еки алтын тостаған.
85
Ҳәр бир гүмис жалпақ табақтың аўырлығы 130 шекелден, ҳәр бир қырманың аўырлығы 70 шекелден еди. Мухаддес орын өлшеми менен гүмис ыдыслардың барлығының аўырлығы 2400 шекел болды.
86
Түтетки толтырылған он еки алтын тостағанның ҳәр бириниң аўырлығы Мухаддес орын өлшеминде 10 шекел еди. Барлық алтын тостағанлардың аўырлығы 120 шекел болды.
87
Жандырылатуғын қурбанлық ушын ғәлле садақасы менен бирге усынылған ҳайўанлардың саны он еки буға, он еки қошқар ҳәм бир жасардан болған он еки еркек тоқлы, гүна қурбанлығы ушын да он еки теке.
88
Татыўлық қурбанлығы ушын усынылған ҳайўанлардың саны жигирма төрт буға, алпыс қошқар, алпыс теке ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған алпыс еркек тоқлы еди. Қурбанлық орын майланғаннан соң, орынның бағышланыўы ушын берилген сыйлар усылар еди.
89
Муўса Жаратқан Ийе менен сөйлесиў ушын Ушырасыў шатырына киргенде, Келисим сандығының қақпағының үстиндеги еки керуб мүсини арасынан өзине сөйлеген даўысты еситетуғын еди. Жаратқан Ийе Муўса менен усы тәризде сөйлесетуғын еди.
← Chapter 6
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 8 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36