bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Numbers 9
Numbers 9
Karakalpak 2022
← Chapter 8
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 10 →
1
Израиллылар Мысырдан шыққаннан кейинги екинши жылдың биринши айында Жаратқан Ийе Синай шөлинде Муўсаға былай деди:
2
– Израиллылар Қутқарылыў байрамын белгиленген ўақытта байрамласын.
3
Барлық нызам ҳәм қағыйдаларға әмел қылып, қурбанлықты белгиленген ўақытта, усы айдың он төртинши күни кеште шалсын.
4
Солай етип, Муўса израиллыларға Қутқарылыў байрамын белгилеўди буйырды.
5
Олар Синай шөлинде биринши айдың он төртинши күни кеште Қутқарылыў байрамын белгиледи. Олар ҳәр бир нәрсени Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип орынлады.
6
Ал өлиге бир жерин тийгизип, ҳарам саналған базы адамлар сол күни Қутқарылыў байрамында қатнаса алмады. Сол күни олар Муўса менен Харонның алдына келип,
7
Муўсаға былай деди: – Өлиге жантасқанымыз ушын ҳарам саналамыз. Бирақ белгиленген ўақытта басқа израиллылар менен бирге Жаратқан Ийеге арналған қурбанлықты не ушын усына алмаймыз?
8
Муўса: – Күтиң, Жаратқан Ийениң сизлер туўралы маған не буйыратуғынын тыңлап көрейин, – деди.
9
Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
10
– Израиллыларға былай деп айт: «Араңызда бириңиз ямаса әўладыңыздан биреўи өлиге бир жерин тийгизгени ушын ҳарам саналса ямаса биреўи узақ сапарға кетсе, ондай адам Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў байрамын нышанлаўына болады.
11
Бундай адамлар екинши айдың он төртинши күни кеште Қутқарылыў қурбанлығын шалып, оны ашытқысыз нан ҳәм ашшы шөплер менен жесин.
12
Таңға дейин қурбанлықтың гөшинен бир түйир де қалмасын, сүйеклери сындырылмасын. Қутқарылыў байрамын барлық қағыйдалар бойынша белгилеўиңиз тийис.
13
Бирақ пәк саналған ҳәм узақ сапарда болмаған адам Қутқарылыў байрамына қатнасыўдан бас тартса, ол белгиленген ўақытта Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық бермегени ушын халқының арасынан жоқ қылынсын. Солай етип, ол өз гүнасының жазасын тартады.
14
Араңызда жасап атырған келгинди бир адам Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў байрамына қатнасыўды қәлесе, ол байрамның нызам ҳәм қағыйдаларына әмел қылсын. Жергиликли болсын, келгинди болсын, ҳәмме ушын усы нызамды қолланыўыңыз тийис».
15
Мухаддес шатыр, яғный буйрықлар қойылған шатыр тикленген күни оның үстин булт қаплады. Мухаддес шатырды қаплаған булт кештен азанға дейин от сыяқлы болып туратуғын еди.
16
Бул аўҳал ҳәр күни даўам етти. Мухаддес шатырды қаплаған булт түнде от сыяқлы болып туратуғын еди.
17
Булт шатырдан жоқары көтерилгенде, израиллылар жолға шығатуғын еди. Булт қай жерде тоқтаса, олар сол жерде тоқтайтуғын еди.
18
Израил халқы Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша жолға шығып, Оның буйрығы бойынша тоқтап, шатырларын тигетуғын еди. Булт Мухаддес шатырды қаплап турған ўақытта, олар да сол жерде туратуғын еди.
19
Булт Мухаддес шатырды узақ ўақыт қаплап турғанда, Израил халқы Жаратқан Ийениң буйрығына әмел қылып, жолға шықпайтуғын еди.
20
Базыда булт Мухаддес шатырды азғантай күн қаплап туратуғын еди. Халық та Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша, я қоныс басқан жерде қалатуғын, ямаса көшетуғын еди.
21
Базы ўақытлары булт тек ғана кештен азанға дейин турып, азанда Мухаддес шатырдан көтерилетуғын еди. Сонда халық жолға шығатуғын еди. Түнде болсын, күндиз болсын, булт шатырдан көтерилиўден, халық жолға шығатуғын еди.
22
Булт Мухаддес шатырды еки күн, бир ай ямаса узақ ўақыт қаплап турса да, израиллылар қоныс басқан жеринде қалып, жолға шықпайтуғын еди. Бирақ булт жоқары көтерилиўден, олар жолға шығатуғын еди.
23
Олар Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша қоныс басатуғын ямаса жолға шығатуғын еди. Усылай етип, олар Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген буйрығына әмел қылды.
← Chapter 8
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 10 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36