bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Numbers 12
Numbers 12
Karakalpak 2022
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 13 →
1
Муўса Хабашстаннан болған ҳаялға үйленгени ушын, Мәриям менен Харон оған қарсы сөйледи.
2
Олар: «Жаратқан Ийе тек ғана Муўса арқалы сөйлеген бе еди? Ол бизлер арқалы да сөйлеген жоқ па еди?» – деди. Жаратқан Ийе олардың бул сөзлерин еситти.
3
Муўса жер жүзинде жасайтуғын барлық адамлардың ишинде ең кишипейил адам еди.
4
Жаратқан Ийе күтилмегенде Муўса, Харон ҳәм Мәриямға: – Үшеўиңиз Ушырасыў шатырына барың, – деди. Үшеўи де шатырға барды.
5
Жаратқан Ийе минара сыяқлы булт ишинде түсип, шатырдың кирер аўзының алдында турды ҳәм Харон менен Мәриямды шақырып алды. Олар екеўи алдыға қарай шыққанда,
6
Жаратқан Ийе оларға былай деди: – Мениң сөзлериме қулақ салың: Егер араңызда бир пайғамбар бар болса, Мен, Жаратқан Ийе Өзимди танытаман оған аян арқалы, Сөйлесемен оның менен түсинде.
7
Бирақ қулым Муўса менен булай сөйлеспеймен, Пүткил үйимдегилерге жуўапкер адам – Муўсадур.
8
Оның менен жумбақлы түрде емес, Ал жүзбе-жүз сөйлесемен ашық түрде. Ол Мениң бийнемди көреди. Сондай болса да, қулым Муўсаға қарсы сөйлеўден қорқпадыңлар ма?
9
Сонда Жаратқан Ийе оларға ғәзеплениўи менен, ол жерден кетти.
10
Булт Мухаддес шатырдан кетиўден-ақ, Мәриям тери кеселлигине шалынып, етлери қар сыяқлы түлеп кетти. Харон Мәриямға бурылып қарағанда, оның тери кеселлигине шалынғанын көрди.
11
Харон Муўсаға: – Оҳ, мырзам, өтиниш ақылсызлық қылып, ислеген гүнамыз ушын жазалама.
12
Мәриям анасының қарнында-ақ денеси ширип баслаған өли нәрестеге уқсап қалмасын, – деди.
13
Муўса Жаратқан Ийеге: – О, Қудай, Мәриямға шыпа бер! – деп жалбарынды.
14
Жаратқан Ийе Муўсаға: – Егер оның әкеси жүзине түкиргенде, ол жети күн даўамында шерменде болып қалмас па еди? Оны жети күн даўамында бөлеклеп, ордадан шығарып жибериң, соннан кейин изине қайтыўына болады, – деп жуўап берди.
15
Солай етип, Мәриям жети күн даўамында бөлекленип, ордадан шығарып жиберилди, ол қайтып келгенше, халық жолға шықпады.
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 13 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36