bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Numbers 24
Numbers 24
Karakalpak 2022
← Chapter 23
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 25 →
1
Билам Жаратқан Ийениң Израил халқын жарылқаўды мақул көретуғынын билгенде, алдынғыдай барып, жорыўға урынбады. Ол өз нәзерин шөлге қаратты.
2
Билам ол жақта Израилдың урыў-урыў болып жайласқанын көрди. Сонда Қудайдың Руўхы Биламның үстине түсти
3
ҳәм Билам мына сөзлерди айтты: «Көзи ашық Беор улы Билам,
4
Қудайдың сөзлерин еситкен, Қүдирети күшли Қудайдың аяны түскен, Жерге қулаған, бирақ Қудай көзлерин ашқан адам сөйлейди:
5
„Яқып урпағы, шатырларың қандай әжайып, Израил халқы, мәкан жериңиз қандай гөззал!
6
Олар созылғандур пальмазардай, Дәрья бойындағы бағы-бақша киби, Жаратқан Ийениң отырғызған алоэ ағашындай, Мегзейди суў бойындағы кедр ағашларына.
7
Суў ыдысларынан суў толып тасар, Туқымлары мол суў менен суўғарылар. Агагтан Израил патшасы уллы болар, Израил патшалығы қүдиретли болар.
8
Қудай оларды Мысырдан алып шықты, Жабайы буға сыяқлы күши бар Оның. Душпаны болған халықларды жалмамай жутар, Олардың сүйеклерин езип, оқларын сындырар.
9
Израил арысландай, ана арыслан яңлы, Жерге ийилди де, жатты, Оны оятыўға кимниң батылы барар? Сени жарылқайтуғынлар жарылқансын, Сени ғарғайтуғынлар ғарғысқа ушырасын!“»
10
Биламға ғәзеби қайнаған Балақ қолларын бир-бирине урып: – Душпанларымды нәлетлесин деп, сизди шақырған едим. Ал сиз болсаңыз, оларға үш мәрте пәтия бердиңиз.
11
Енди дәрҳал үйиңизге қайтың! Сизге саўға сыйлайман деген едим, бирақ Жаратқан Ийе сизди саўғадан бос қалдырды, – деди.
12
Сонда Билам оған жуўап берип, былай деди: – Маған жиберген елшилериңе: «Балақ сарайындағы барлық гүмис ҳәм алтынды маған берсе де, Жаратқан Ийениң буйрығысыз ҳеш қандай жақсы да, жаман да нәрсе қылмайман. Ал Жаратқан Ийе нени буйырса, соны сөйлеймен», – деп айтқан жоқпан ба?
14
Енди мен өз елиме қайтаман. Бирақ алдын Израил халқының келешекте сениң халқыңа нелер ислейтуғынын айтып берейин.
15
Соңынан Билам мына сөзлерди айтты: «Көзи ашық Беор улы Билам,
16
Қудайдың сөзлерин еситкен, Қудай Тааладан билим алған, Қүдирети күшли Қудайдың саўлатын көрген, Жерге қулаған, Қудай көзлерин ашқан адам сөйлейди:
17
„Оны көрип турман, бирақ ҳәзир емес, Оған қарап турман, бирақ ол жақын емес. Яқып урпағынан бир жулдыз шығар, Израилдан патшалық ҳасасы көтерилер. Ол Моабтың көсемлерин жоқ қылып, Шеттиң урпағының басларын езер.
18
Душпаны болған Эдомды ийелеп алар, Аўа, Сеир жеңилиске ушырар, Ал Израил халқы күшке толар.
19
Яқып урпағынан болған адам басшылық қылар, Қала халқының қалғанларын жоқ қылар“».
20
Соннан кейин, Билам амалеклерди көрип, мынадай сөзлерди айтты: «Амалек халқы басқа халық арасында биринши еди, Бирақ апат болажақ оның ақыры».
21
Кейин ол кен халқын көрип, мынадай сөз айтты: «Сизлердиң баспанаңыз беккем, Уяңыз жартасларға қурылған.
22
Бирақ, ҳәй кенлер, ашшур халқы сизлерди тутқын қылғанда, Сизлер жанып, жоқ боласызлар».
23
Билам сөзлерин және былай деп даўам етти: «Оҳ, буны әмелге асыратуғын Қудай болса, Онда ким аман қалар?
24
Киттим жағаларынан кемелер келер, Ашшур менен эбер халқын тәслим қылар, Бирақ өзлери де апатқа дуўшар болар».
25
Кейин, Билам жолға шығып, үйине қайтты. Балақ та өз жолы менен кетти.
← Chapter 23
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 25 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36