bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Numbers 19
Numbers 19
Karakalpak 2022
← Chapter 18
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 20 →
1
Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
2
– Жаратқан Ийе буйырған нызамның талаплары мыналар: израиллыларға минсиз, кемшилиги жоқ ҳәм ҳеш қандай мойынтырық салынбаған қызыл жас сыйыр алып келиўин айтың.
3
Сыйыр руўханий Элазарға берилсин. Кейин оны орданың сыртына шығарып, Элазардың көз алдында шалынсын.
4
Руўханий Элазар бармағын сыйырдың қанына батырып, оны Ушырасыў шатырының алдынғы тәрепине жети мәртебе серпсин.
5
Соннан кейин, Элазардың көз алдында сыйыр, оның териси, гөши, қаны ҳәм дәриси менен бирге жандырып жиберилсин.
6
Руўханий кедр ағашын, майоран шөбин ҳәм қырмызы жипти алып, оларды жанып атырған сыйырдың үстине тасласын.
7
Кейин руўханий кийимлерин жуўып, өзи суўға жуўынып алсын. Соннан кейин, ол ордаға кириўине болады. Бирақ ол кешке дейин ҳарам саналады.
8
Сыйырды жаққан адам да кийимлерин жуўып, өзи жуўынып алсын. Ол да кешке дейин ҳарам саналады.
9
Соннан кейин, пәк саналған бир адам сыйырдың күлин жыйнап алып, орданың сыртындағы таза бир жерге апарып қойсын. Израил жәмийети бул күлди пәклениў суўына қосыў ушын сақлап қойсын. Бул күл адамлардың гүнадан пәклениў рәсими ушын қолланылады.
10
Сыйырдың күлин жыйнаған адам кийимлерин жуўсын, ол кешке дейин ҳарам саналады. Бул израиллылар ушын да, араңызда жасап атырған келгиндилер ушын да мәңги қағыйда болсын.
11
Адамның өлигине бир жерин тийгизип алған ҳәр бир адам жети күн ҳарам саналады.
12
Ол адам пәклениў суўы менен үшинши ҳәм жетинши күни өзин пәклесин. Сонда ол пәк болады. Егер ол үшинши ҳәм жетинши күни өзин пәклемесе, онда ол пәк саналмайды.
13
Адамның өлигине бир жерин тийгизип, өзин пәклемеген адам Жаратқан Ийениң Шатырын ҳарамлаған болады. Ондай адам Израил халқының арасынан жоқ қылынсын. Оның үстине пәклениў суўы серпилмегени ушын, ол ҳарам саналады, ҳарамлылығы өзинде қалады.
14
Егер шатырдың ишинде бир адам қайтыс болса, буған тийисли қағыйда мынадан ибарат: сол ўақытта шатырда болған ҳәм шатырға кирген ҳәр бир адам жети күн даўамында ҳарам саналады.
15
Шатырдың ишинде қақпағы жабылмай, аўзы ашық қалған ҳәр бир ыдыс ҳарам саналады.
16
Далада қылыш пенен өлтирилген ямаса өз әжели менен өлген биреўдиң өлигине, сүйегине ямаса қәбирине бир жерин тийгизген ҳәр бир адам жети күн даўамында ҳарам саналады.
17
Ҳарам саналған адам ушын бир ыдыстың ишине жандырылған гүна қурбанлығының күлинен салып, үстине ағын суўдан қуйың.
18
Пәк саналған бир адам майоран шөбин алып, суўға батырсын. Кейин оны шатырға, оның ишиндеги барлық буйымлардың ҳәм ҳәр бир адамның үстине себелесин. Өлген адамның сүйегине, өлтирилген ямаса өз әжели менен өлген адамға ямаса қәбирге бир жерин тийгизген адамның үстине де сол суўдан себеленсин.
19
Пәк саналған адам үшинши ҳәм жетинши күни ҳарам саналған адамның үстине суўдан сеўип, оны жетинши күни пәклесин. Пәкленген адам кийимлерин суўға жуўып, өзи де жуўынсын, сонда ол кеште пәк саналады.
20
Егер ҳарам саналған адам өзин пәклемесе, ол жәмийеттиң арасынан жоқ қылынсын. Өйткени ол Жаратқан Ийениң Мухаддес мәканын ҳарамлаған болады. Пәклениў суўы оның үстине серпилмегени ушын, ол адам ҳарам саналады.
21
Бул халық ушын мәңги қағыйда болсын. Пәклениў суўын серпкен адам да кийимлерин жуўсын. Пәклениў суўын услаған адам кешке дейин ҳарам саналады.
22
Ҳарам адам жантасқан ҳәр бир нәрсе ҳарам саналады. Сол ҳарамланған затқа жантасқан адам да кешке дейин ҳарам саналады.
← Chapter 18
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 20 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36