bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Numbers 29
Numbers 29
Karakalpak 2022
← Chapter 28
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 30 →
1
«Жетинши айдың биринши күни мухаддес жыйналыс қылың, күнделикли жумысларыңызды ислемең. Сол күни сизлер ушын кәрнай шертилетуғын күн болсын.
2
Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болыўы ушын минсиз бир буға, бир қошқар ҳәм бир жасардан болған жети еркек тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық етип усының.
3
Буға менен бирге ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған оннан үш эфа сапалы ун, қошқар менен бирге оннан еки эфа сапалы ун,
4
ҳәр бир тоқлы менен бирге оннан бир эфа сапалы ун алып келиң.
5
Өзлериңизди гүналардан пәклеў ушын гүна қурбанлығы етип бир теке усының.
6
Қағыйда бойынша ҳәр бир айда ҳәм күнделикли берилетуғын жандырылатуғын қурбанлық пенен ишимлик садақасы ҳәм ғәлле садақасынан тысқары усыларды қурбанлыққа бериң. Булар – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады».
7
«Жетинши айдың оныншы күни мухаддес жыйналыс қылың. Сол күни ораза тутып, ҳеш қандай жумыс ислемең.
8
Жаратқан Ийеге хош ийисли сый ушын бир буға, бир қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған жети тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық қылып усының. Қурбанлыққа берилетуғын бул ҳайўанлар минсиз болсын.
9
Буға менен бирге берилетуғын ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған оннан үш эфа сапалы ун, қошқар менен бирге оннан еки эфа сапалы ун,
10
ҳәр бир тоқлы менен бирге оннан бир эфа сапалы уннан усының.
11
Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар гүналарыңыздан пәклениў ушын берилген гүна қурбанлығынан, күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ишимлик ҳәм ғәлле садақаларынан тысқары берилсин».
12
«Жетинши айдың он бесинши күни мухаддес жыйналыс қылың. Сол күни күнделикли жумысларыңызды ислемең. Жети күн даўамында Жаратқан Ийеге арнап байрам қылың.
13
Биринши күни Жаратқан Ийеге хош ийисли сый ушын он үш буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық етип усының. Бул ҳайўанлар минсиз болсын.
14
Ҳәр бир буға менен бирге берилетуғын ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы араластырылған оннан үш эфа сапалы ун, ҳәр бир қошқар менен бирге оннан еки эфа сапалы ун,
15
ҳәр бир тоқлы менен бирге оннан бир эфа сапалы уннан усының.
16
Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
17
Екинши күни он еки буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны усының. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын.
18
Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының.
19
Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
20
Үшинши күни он бир буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын.
21
Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының.
22
Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
23
Төртинши күни он буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын.
24
Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының.
25
Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
26
Бесинши күни тоғыз буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын.
27
Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының.
28
Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
29
Алтыншы күни сегиз буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын.
30
Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының.
31
Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
32
Жетинши күни жети буға, еки қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған он төрт еркек тоқлыны қурбанлық қылың. Бул ҳайўанлардың ҳәммеси минсиз болсын.
33
Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының.
34
Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
35
Сегизинши күни салтанатлы жыйналыс қылың, күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер.
36
Жаратқан Ийеге хош ийисли сый ушын бир буға, бир қошқар ҳәм ҳәр бири бир жасардан болған жети еркек тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық етип усының. Бул ҳайўанлар минсиз болсын.
37
Ҳәр бир буға, қошқар ҳәм тоқлы менен бирге санына қарай белгиленген муғдарда ғәлле ҳәм ишимлик садақаларын усының.
38
Гүна қурбанлығы ушын бир теке усының. Бул қурбанлықлар күнделикли жандырылатуғын қурбанлық пенен ғәлле ҳәм ишимлик садақаларынан тысқары берилсин.
39
Усы қурбанлықлардың барлығын – ўәде бойынша берилетуғын қурбанлық ҳәм ықтыярлы қурбанлықларыңыздан тысқары жандырылатуғын қурбанлық болсын, ғәлле ҳәм ишимлик садақалар болсын, татыўлық қурбанлық болсын Жаратқан Ийеге белгиленген ўақытта алып келиң».
← Chapter 28
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 30 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36