bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Samuel 10
2 Samuel 10
Karakalpak 2022
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 11 →
1
Арадан бир қанша ўақыт өткеннен соң, Аммон патшасы өлип, оның орнына улы Ханун патша болды.
2
Сонда Даўыт: «Әкесиниң маған жақсылық еткени сыяқлы, мен де Нахаш улы Ханунға жақсылық етейин», – деп ойлап, әкесиниң өлимине кеўил айтыў ушын, Ханунға хызметшилерин жиберди. Даўыттың хызметшилери аммонлардың жерине барғанда,
3
аммон басшылары өз мырзасы Ханунға: – Даўыт бул адамларды әкеңиздиң ҳүрмети ушын сизге кеўил айтыўға жиберген деп ойлайсыз ба? Яқ, Даўыт оларды қаланы көзден өткерип, билип алыў ҳәм қыйратыў ушын сизге жиберген, – деди.
4
Солай етип, Ханун Даўыттың хызметшилерин тутқынға алып, олардың сақалларының ярымын қырқтырды, шапанларын жамбасына келетуғын етип кестирип, оларды изине қайтарып жиберди.
5
Даўыт елшилери туўралы еситкенде, оларды күтип алыў ушын адам жиберди. Өйткени елшилер қатты хорланған еди. Патша оларға: «Сақалыңыз өскенше, Ерихода қалыңлар, соңынан қайтып келесизлер», – деди.
6
Аммонлар Даўытты өзлерине қарсы өшегистирип алғанын түсинди. Сонда адам жиберип, Бейт-Рехоб пенен Собадан жигирма мың арамлы пияда әскерди, Мааха патшасы менен оның мың адамын ҳәм Тоб аймағынан он еки мың адамды жаллап алды.
7
Даўыт буны еситкенде, Иоабты ҳәм мәрт жаўынгерлерден ибарат болған пүткил әскерлер топарын оларға қарсы атландырды.
8
Аммонлар шығып, қала дәрўазасы алдында сап тартып турды. Ал Рехоб пенен Собадан келген арамлар, Тоб пенен Маахадан келген адамлар менен бирге далада бөлек сап тартып турды.
9
Иоаб душпан әскерлериниң алдында да, артында да турғанын көргенде, Израилдың ағла әскерлеринен базыларын таңлап алып, оларды арамларға қарсы сапқа турғызды.
10
Қалған топарларды иниси Абишайдың қолына тапсырды. Абишай оларды аммонларға қарсы сапқа дизди.
11
Иоаб инисине былай деди: – Егер арамлар меннен басым келсе, сен маған жәрдемге келесең. Ал аммонлар сеннен басым келсе, мен саған жәрдемге бараман.
12
Мәрт бол! Халқымыз ушын ҳәм Қудайымыздың қалалары ушын мәртлерше гүресейик. Жаратқан Ийе нени мақул тапса, соны ислесин.
13
Иоаб әскерлери менен бирге арамларға тәп бергенде, арамлар олардың алдына түсип қашты.
14
Арамлардың қашқанын көрген аммонлар да Абишайдан қашып, қалаға кирип кетти. Буннан кейин Иоаб аммонлар менен урысыўдан ўаз кешип, Ерусалимге қайтып кетти.
15
Өзлериниң израиллылардан жеңилгенин көрген арамлар бир жерге топланды.
16
Соба патшасы Ҳададезер хабар жиберип, Евфрат дәрьясының арғы тәрепинде жасайтуғын арамларды шақыртты. Арамлар Ҳададезердиң сәркәрдасы Шобахтың басшылығында Хеламға келди.
17
Бул Даўытқа мәлим болғанда, ол пүткил Израил ордасын топлады да, Иордан дәрьясын кесип өтип, Хеламға барды. Арам әскерлери Даўытқа қарсы сап тартып турды ҳәм оның менен саўаш қылды.
18
Деген менен, арамлар израиллылардың алдына түсип қашты. Даўыт олардың жети жүз саўаш арбасының арбакешлерин, қырық мың арбалы әскерин өлтирип, Ҳададезердиң сәркәрдасы Шобахты жарақатлады ҳәм ол саўаш майданында жан тапсырды.
19
Ҳададезердиң қол астындағы ҳәмме патшалар өзлериниң израиллылардан жеңилгенин көргенде, израиллылар менен тынышлық келисимин дүзип, оларға бағынышлы болды. Буннан кейин, арам халқы аммон халқына жәрдем бериўден қорқып қалды.
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 11 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24