bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Samuel 4
2 Samuel 4
Karakalpak 2022
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 5 →
1
Шаулдың улы Иш-Бошет Абнердиң Хебронда өлтирилгенин еситкенде, қәўетерге түсти. Пүткил Израил халқы да қорқысып қалды.
2
Иш-Бошеттиң хызметинде басқыншылар топарын басқаратуғын Баана ҳәм Рехаб деген еки адам бар еди. Олар Бенямин урпағынан болған бееротлы Риммонның уллары еди. Беерот қаласы беняминлилерге тийисли қала деп саналатуғын еди.
3
Себеби бееротлылар қаланы таслап, Гиттайымға қашып кеткен еди. Сонлықтан олар усы күнге шекем сол жерде келгинди болып жасап киятыр.
4
Шаулдың улы Ионатанның еки аяғы да ләң болып қалған Мефибошет деген бир улы бар еди. Изреелден Шаул менен Ионатанның қазаланғаны ҳаққында хабар келгенде, Мефибошет бес жаста еди. Сонда тәрбияшысы оны алып қашып кеткен еди. Ол баланы асығыс алып қашып баратырғанда, баланы қолынан түсирип алғанлықтан, бала майып болып қалған еди.
5
Бееротлы Риммонның уллары Рехаб пенен Баана жолға шығып, күн қатты қызған ўақытта Иш-Бошеттиң үйине келгенде, Иш-Бошет уйықлап жатырған еди.
6
Рехаб ҳәм оның туўысқаны Баана бийдай алатуғын адам сыяқлы үйге кирип, Иш-Бошеттиң қарнына қанжар тығып өлтирди де, қашып кетти.
7
Ўақыя былай болған еди: олар үйге киргенде, Иш-Бошет уйықлайтуғын бөлмесиндеги өз төсегинде жатырған еди. Рехаб пенен Баана Иш-Бошетти өлтирип, басын кесип алды ҳәм басты көтерип, пүткил түн бойы Иордан тегислиги арқалы жүрди.
8
Олар Иш-Бошеттиң басын Хебронға, Даўыт патшаға алып келип, оған: – Мине, сизди өлтирмекши болған душпаныңыз Шаулдың улы Иш-Бошеттиң басы! Жаратқан Ийе бүгин Шаулдан ҳәм оның урпағынан тақсырым, сизиң өшиңизди алды, – деди.
9
Бирақ Даўыт бееротлы Риммонның уллары Рехаб пенен оның туўысқаны Баанаға былай деп жуўап берди: – Мени ҳәр түрли бәле-қадалардан қутқарған тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен:
10
бурын Шаулдың өлими ҳаққында хабарды маған хош хабар ретинде алып келген адамды услап алып, Сиклагта өлтирген едим. Әкелген хош хабары ушын оған берилген сый усы болды.
11
Енди айыпсыз бир адамды өз үйинде, өз төсегинде өлтирген жаўыз адамлар да сөзсиз өлтириледи. Оның қаны ушын сизлерден өш алып, сизлерди жер бетинен жоқ қылып жибермеймен бе?
12
Соңынан Даўыт адамларына буйрық берди. Олар еки туўысқанды өлтирип, олардың аяқ-қолларын кести де, денесин Хеброндағы ҳәўиздиң бойына асып қойды. Ал Иш-Бошеттиң басын апарып, Хеброндағы Абнердиң қәбирине жерледи.
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 5 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24