bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Samuel 12
2 Samuel 12
Karakalpak 2022
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 13 →
1
Жаратқан Ийе пайғамбар Натанды Даўытқа жиберди. Сонда Натан Даўытқа келип, былай деди: – Бир қалада еки адам болыпты. Олардың бириншиси бай, ал екиншиси кәмбағал екен.
2
Бай адамның жүдә көп майда ҳәм ири маллары бар екен.
3
Бирақ кәмбағалдың сатып алып, бағып атырған бир урғашы қозысынан басқа ҳеш нәрсеси жоқ екен. Қозы кәмбағалдың үйинде балалары менен бирге өсипти. Оның нанынан жеп, кесесинен суў ишип, қойнында уйықлапты. Сол адам ушын қозы өз қызындай еди.
4
Бир күни бай адамның үйине бир жолаўшы келипти. Келген қонаққа аўқат таярлаў ушын, өзиниң қой ҳәм сыйырларынан бирин сойыўға байдың көзи қыймай, кәмбағалдың қозысын алып, қонағына аўқат таярлап берипти.
5
Даўыттың бай адамға қатты ғәзеби келип, Натанға былай деди: – Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: бундай исти ислеген адам өлимге ылайықлы!
6
Тас баўырлық қылып, усындай исти ислегени ушын, қозыны төрт есе қылып төлеўи тийис.
7
Сонда Натан Даўытқа былай деди: – Сол адам сизсиз! Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен сени майлап, Израилға патша етип қойдым ҳәм Шаулдың қолынан қутқардым.
8
Мен саған мырзаңның үйин бердим, ҳаялларын да қойныңа салдым. Израил ҳәм Яҳуда халқын да саған бердим. Егер бул да аз болса, булардан да көп нәрселерди берер едим.
9
Солай екен, неге Мениң нәзеримде жаўыз болған ислерди ислеп, сөзимди писент етпедиң? Хет халқынан болған Урияны қылыш пенен өлтирип, ҳаялын өзиңе алдың. Аўа, сен оны аммонлардың қылышы менен өлтирдиң.
10
Буннан былай, мәңгиге сениң хожалығыңнан қылыш арымайды. Себеби сен Мени писент етпей, хет халқынан болған Урияның ҳаялын өзиңе ҳаяллыққа алдың».
11
Жаратқан Ийе және былай дейди: «Саған өз хожалығың арқалы жаманлық келтиремен. Сениң көз алдыңда ҳаялларыңды алып, жақынларыңның бирине беремен. Ол күпә-күндиз ҳаялларыңның қойнына киреди.
12
Аўа, сен бул исти жасырынша иследиң, бирақ Мен буны пүткил Израил халқының көз алдында күпә-күндиз ислеймен».
13
Даўыт Натанға: – Мен Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследим, – деди. Натан оған: – Жаратқан Ийе гүнаңыздан өтти, сиз өлмейсиз.
14
Бирақ сиз бул исиңиз арқалы Жаратқан Ийениң душпанларына Оған тил тийгизиўге жол қойып бердиңиз. Сол себепли сизиң туўылған перзентиңиз өледи, – деп жуўап берди.
15
Соңынан Натан үйине қайтты. Жаратқан Ийе Урияның ҳаялының Даўыттан туўған баласын аўыр кеселге дуўшар етти.
16
Даўыт Қудайға бала ушын жалбарынып, ораза тутты. Үйине келип, жерде жатқан ҳалда түнлерди өткерди.
17
Сарай ақсақаллары Даўытты жерден турғызыў ушын келгенде, ол турыўды қәлемеди ҳәм олар менен бирге аўқат та жемеди.
18
Жетинши күни бала шетнеди. Хызметшилери Даўытқа баланың шетнегени ҳаққында хабарлаўға қорқты. Олар: «Бала тири ўақытта, бизлер оның менен сөйлескен едик, бирақ ол бизлерге қулақ аспады. Енди баланың шетнегенин оған қалай айтамыз? Ол өзине қандай да бир жаман нәрсе ислеп қояр», – деп сыбырласты.
19
Даўыт хызметшилериниң өз ара сыбырласып атырғанын көргенде, баланың шетнегенин түсинди. Ол хызметшилеринен: – Бала қайтыс болды ма? – деп сорады. Олар Даўытқа: – Аўа, қайтыс болды, – деп жуўап берди.
20
Сонда Даўыт орнынан турып, жуўынды. Үстине әтир жағып, кийимлерин алмастырды ҳәм Жаратқан Ийениң Үйине барып, сыйынды. Соңынан үйине қайтып келип, өзине аўқат берилиўин буйырды ҳәм алдына қойылған аўқатты жеди.
21
Хызметшилери оған: – Бул исиңизди қалай түсинсек болады? Бала тири ўақтында ораза тутып, жыладыңыз. Ал ол өлгеннен кейин, орныңыздан турып, аўқат жедиңиз, – деди.
22
Даўыт оларға былай деп жуўап берди: – Аўа, бала тири ўақтында ораза туттым, жыладым. Себеби: «Ким биледи, Жаратқан Ийе маған мийримин түсирип, бала жасап кетер», – деп ойлаған едим.
23
Бирақ енди бала өлди. Солай екен, ораза тутыўымның не кереги бар? Оны қайтара алар ма едим? Мен оның жанына бараман, бирақ ол мениң жаныма қайтып келмейди.
24
Даўыт ҳаялы Бат-Шебаны жубатты ҳәм жанына кирип, оның менен жатты. Бат-Шеба ул туўды ҳәм оның атын Сулайман деп қойды. Жаратқан Ийе баланы сүйгенликтен,
25
Натан пайғамбарды оған жиберди. Натан Жаратқан Ийениң сөзи бойынша балаға Едидия деп ат қойды.
26
Сол ўақытлары аммонлардың Рабба қаласына қарсы саўаш жүргизип атырған Иоаб патша сарайы жайласқан қорған қаланы қолға киргизди.
27
Соңынан Иоаб Даўытқа хабаршылар жиберип былай деди: «Мен Рабба қаласына ҳүжим қылып, оның суў тармағын қолға киргиздим.
28
Енди сиз қалған әскерлерди баслап келиң де, қаланы қоршап алып, оны қолға киргизиң. Егер қаланы мен басып алсам, қала мениң атым менен аталып кетер».
29
Даўыт пүткил әскерлерин топлап, Рабба қаласына кетти ҳәм қалаға ҳүжим жасап, оны қолға киргизди.
30
Даўыт олардың патшасының басындағы тажды алды. Ҳасыл таслар менен безелген, аўырлығы бир талант келетуғын алтын таж Даўыттың басына кийгизилди. Даўыт қаладан көп муғдарда олжа да алып қайтты.
31
Ол қала халқын сыртқа шығарып, оларды жарғы, шөккиш ҳәм балта менен жумыс ислеўге, гербиш таярлаўға мәжбүр етти. Даўыт аммонлардың қалаларының ҳәммесинде усылай иследи. Соңынан Даўыт пүткил әскерлерин ертип, Ерусалимге қайтты.
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 13 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24