bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Samuel 8
2 Samuel 8
Karakalpak 2022
← Chapter 7
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 9 →
1
Арадан бираз ўақыт өткеннен кейин, Даўыт филистлерди жеңип, оларды бойсындырды ҳәм филистлердиң қолынан Метег-Амма қаласын тартып алды.
2
Соңынан моаб халқын да жеңилиске ушыратты. Оларды жерге қатара жатқызып, арқан менен өлшеди ҳәм еки өлшемди өлтирип, үшинши өлшемди тири қалдырды. Солай етип, моаблылар Даўытқа бағынышлы болып, оған салық төлейтуғын болды.
3
Соба патшасы Рехоб улы Ҳададезер Евфрат дәрьясы бойлап өз патшалығын қайта тиклемекши болып барғанда, Даўыт оған шабыўыл жасап, жеңип шықты.
4
Даўыт оның бир мың жети жүз арбалы ҳәм жигирма мың пияда әскерин қолға түсирди. Ол саўаш арбасына жегилетуғын барлық атлардың тирсеклерин кесип майырып, оннан тек жүз атты ғана алып қалды.
5
Даўыт Соба патшасы Ҳададезерге жәрдемге келген Дамаскте жасайтуғын арамлардан жигирма еки мың адамды өлтирди.
6
Соңынан ол Дамасктеги арамлардың жерине өзиниң сақшылар топарын орналастырды. Арамлар да Даўытқа қул болып, салық төлейтуғын болды. Даўыт қай жерге барса да, Жаратқан Ийе оны жеңиске еристирди.
7
Даўыт Ҳададезердиң сәркәрдалары алып жүрген алтын қалқанларды алып, Ерусалимге әкелди.
8
Және де, ол Ҳададезердиң қол астындағы Бетах ҳәм Беротай қалаларынан көп муғдарда қола алды.
9
Хамат патшасы Той Даўыттың Ҳададезердиң пүткил әскерлерин жеңип шыққанынан хабар тапты.
10
Сонда Той өз улы Иорамды сәлем бериў ҳәм Ҳададезер үстинен ерискен жеңиси менен қутлықлаў ушын, Даўыт патшаға жиберди. Себеби Той Ҳададезер менен узақ ўақыттан бери урысып киятырған еди. Иорам Даўытқа гүмис, алтын ҳәм қоладан исленген затларды саўғаға алып келди.
11
Даўыт патша бул саўғаларды басып алған еллеринен алып келген гүмис ҳәм алтынлар менен бирге Жаратқан Ийеге бағышлады.
12
Булар арам, моаб, аммон, филист ҳәм амалек халықларынан алып келинген, және де, Соба патшасы Рехоб улы Ҳададезерден тартып алынған гүмис ҳәм алтынлар еди.
13
Даўыт Дуз ойпатлығында эдом халқынан он сегиз мың адамды өлтирип қайтқаннан соң, оның даңқы асты.
14
Даўыт Эдом аймағының ҳәмме жерине өз сақшылар топарын орналастырды. Пүткил эдом халқы Даўытқа бағынышлы болды. Даўыт қайда барса да, Жаратқан Ийе оны жеңиске еристирди.
15
Даўыт пүткил Израилда патшалық етип, халқына туўры ҳәм әдиллик пенен ҳүкимдарлық етти.
16
Серуя улы Иоаб сәркәрда, Ахилуд улы Еҳошафат дийўанбеги болды.
17
Ахитуб улы Садоқ пенен Абиятар улы Ахимелех руўханий, Серая хаткер еди.
18
Еҳояда улы Беная керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылардың сәркәрдасы еди. Ал Даўыттың уллары руўханийлер еди.
← Chapter 7
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 9 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24