bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Samuel 5
2 Samuel 5
Karakalpak 2022
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 6 →
1
Израилдың барлық урыўлары Хебронға, Даўытқа келип, былай деди: «Бизлер сизиң өз сүйегиңиз ҳәм өз етиңизбиз.
2
Бурын Шаул патшамыз болған ўақытта саўашта Израилды өзиңиз баслап жүретуғын едиңиз. Жаратқан Ийе сизге: „Халқым Израилға сен шопанлық етип, Израил үстинен ҳүкимдар боласаң“, – деп ўәде берген еди».
3
Солай етип, Израилдың барлық ақсақаллары Хебронға, патша Даўыттың алдына келгенде, Даўыт Хебронда Жаратқан Ийениң алдында олар менен келисим дүзди. Олар да Даўытты майлап, Израилға патша етип қойды.
4
Даўыт отыз жасында патша болып, қырық жыл патшалық етти.
5
Ол Хебронда жети жыл алты ай Яҳуда үстинен, Ерусалимде отыз үш жыл пүткил Израил ҳәм Яҳуда үстинен патшалық етти.
6
Патша ҳәм оның адамлары Ерусалимде жасап атырған ебус халқына шабыўыл жасаў ушын жолға шыққанда, ебус халқы: «Даўыт бул жерге кире алмайды», – деп ойлап, Даўытқа: – Сен бул жерге кире алмайсаң. Соқырлар менен шолақлар-ақ сени қуўып салады, – деп бақырды.
7
Деген менен, Даўыт Сион қорғанын қолға киргизди. Кейин ала бул қорған Даўыттың қаласы деп аталды.
8
Сол күни Даўыт адамларына былай деди: – Ебус халқын жеңбекши болған ҳәр бир адам суў тармақлары арқалы барып, Даўытты жек көретуғын сол шолақ ҳәм соқыр ебусларды жоқ қылсын. Сонлықтан: «Соқырлар менен шолақлар сарайға кирмейди», – деген гәп қалған екен.
9
Буннан кейин, Даўыт қорған қалаға орналасып алды ҳәм оны Даўыттың қаласы деп атады. Ол қорғанның айнала дөгерегине Милло деген жерден баслап қосымша қорған қурды.
10
Даўыт күшке толып бара берди. Өйткени Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе оның менен бирге еди.
11
Тир патшасы Хирам Даўытқа елшилер, соның менен бирге кедр ағашларын, ағаш усталарын ҳәм тас қалаўшыларды жиберди. Бул адамлар Даўыт ушын бир сарай қурды.
12
Сонда Даўыт Жаратқан Ийениң өзин Израилға патша етип тайынлағанын ҳәм Өз халқы Израил ушын оның патшалығын даңққа еристиргенин түсинди.
13
Даўыт Хеброннан Ерусалимге келгеннен кейин де өзине және тоқаллар ҳәм ҳаяллар алып, олардан да ул ҳәм қызлар көрди.
14
Даўыттың Ерусалимде туўылған ул-қызларының атлары мыналар: Шаммуа, Шобаб, Натан, Сулайман,
15
Ибхар, Элишуа, Нефег, Яфиа,
16
Элишама, Эляда ҳәм Элифелет.
17
Филистлер Даўыттың майланып, Израилға патша етип қойылғанын еситкенде, пүткил филист әскерлери Даўытты қолға түсириў ушын излеп кетти. Буны еситкен Даўыт қорғанға кетти.
18
Филистлер келип, Рефаим ойпатлығына жайласты.
19
Даўыт Жаратқан Ийеден: – Филистлерге қарсы жүрис қылайын ба? Оларды маған тәслим етесең бе? – деп сорады. Жаратқан Ийе Даўытқа: – Аўа, жүрис қыл. Оларды саған сөзсиз тәслим етемен, – деди.
20
Сонда Даўыт әскерлери менен бирге Баал-Перасимге кетти ҳәм ол жерде филистлерди қыйратты. Кейин ол: «Ҳәр бир бөгетти жайпап өтетуғын суў тасқыны сыяқлы, Жаратқан Ийе душпанларымды алдымда қыйратып таслады», – деди. Сол себепли сол жерге Баал-Перасим деген ат берилди.
21
Филистлер бутларын сол жерге таслап қашқан еди. Даўыт ҳәм оның адамлары сол бутларды алып кетти.
22
Көп өтпей, филистлер қайтадан келип, Рефаим ойпатлығына жайласты.
23
Даўыт Жаратқан Ийеден қайта сорағанда, Жаратқан Ийе оған былай деп жуўап берди: – Оларға бул жерден ҳүжим қылма. Олардың артынан айланып бар да, тут ағашлары тәрептен ҳүжим қыл.
24
Сен тут ағашларының жоқарысынан аяқ сеслери сыяқлы даўысты еситиўден-ақ, ҳәрекетке кирис. Себеби сол ўақытта Мен сениң алдыңда филист ордасын қыйратыў ушын баратырған боламан.
25
Даўыт Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылды ҳәм филист ордасын Гебадан Гезерге дейин қыйратып барды.
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 6 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24