bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Samuel 18
2 Samuel 18
Karakalpak 2022
← Chapter 17
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 19 →
1
Даўыт өзиниң жанындағы әскерлерин бир жерге топлап, көзден өткерди ҳәм олардың үстинен мыңбасылар менен жүзбасылар қойды.
2
Соңынан оларды Серуя улы Иоабтың, оның иниси Абишайдың ҳәм гатлы Иттайдың басшылығында үш топарға бөлип атландырды. Патша әскерлерге: – Мен де сизлер менен бирге бараман, – деди.
3
Бирақ әскерлер: – Илтимас, сиз бизлер менен бирге бармаң. Егер бизлердиң қашыўымызға туўра келсе де, олар бизлерге дыққат аўдармайды, ҳәтте, ярымымыз өлип кетсек те, олар бизлерге дыққат аўдармайды. Сиз бизлердиң он мыңымызға татыйсыз. Сонлықтан сизиң бизлерге қалада турып жәрдем бергениңиз жақсырақ, – деп жуўап берди.
4
Патша оларға: – Сизлер нени мақул көрсеңиз, соны ислеймен, – деди. Адамлар жүзлик ҳәм мыңлық топарларға бөлинип, қаладан шығып баратырғанда, патша дәрўаза жанында турған еди.
5
Патша Иоаб, Абишай ҳәм Иттайға: – Мениң ҳүрметим ушын жигит Абшаломға зыян тийгизбеңлер, – деп буйырды. Ҳәмме әскерлер патшаның әскербасыларға Абшаломға байланыслы берген буйрығын еситти.
6
Даўыттың әскерлери израиллылар менен урысыў ушын урыс майданына шықты. Саўаш Эфрайым тоғайында болды.
7
Израил әскерлери Даўыттың әскерлеринен жеңилип қалды. Ол жерде үлкен қырғын болып, сол күни жигирма мың адам өлди.
8
Саўаш ҳәмме жерге жайылды. Сол күни тоғайдағы қәўипли жағдайларға жолығып өлгенлердиң саны қылыштан өлгенлердиң санынан көбирек еди.
9
Абшалом аңсызда Даўыттың адамларына дус келип қалды. Ол ғашырға минген еди. Ғашыр үлкен бир теребинф ағашының қалың шақалары астынан өтип баратырғанда, Абшаломның басы шақалар арасына кирип, илинип қалды. Ғашыр жолын даўам етип кете берди, ал Абшалом терекке илиниўи менен, салбырап қалды.
10
Сонда бир адам буны көрип қалып, Иоабқа: – Мен Абшаломның бир теребинф ағашына илинип, салбырап қалғанын көрдим, – деп хабарлады.
11
Иоаб хабар берген адамға: – Әнеқалас, оны көрген болсаң, неге жерге қулатып өлтирмедиң? Саған он шекел гүмис пенен бир қайыс саўға етер едим, – деди.
12
Бирақ сол адам оған былай деп жуўап берди: – Егер қолыма мың шекел гүмис санап услатқаныңызда да, патшаның улына қол көтермеген болар едим. Себеби патшаның сизге, Абишайға ҳәм Иттайға: «Мениң ҳүрметим ушын жигитти, Абшаломды сақлап қалыңлар», – деп буйрық бергенин еситтик.
13
Егер мен жанымды қәтерге қойып, Абшаломды өлтиргенимде, бул исим патшаға билинбей қалмас еди. Сиз де мени жақламаған болар едиңиз.
14
Сонда Иоаб сол адамға: – Булай етип, сениң менен ўақытты босқа өткермейин, – деп, қолына үш найза алып барып, теребинф ағашына илинип, еле тири турған Абшаломның жүрегине қадады.
15
Соңынан Иоабтың он нөкер жигити Абшаломды қоршап алып, оны өлтирди.
16
Соннан кейин Иоаб саўашты тоқтатыў ушын кәрнай шерттиргенде, әскерлер израиллыларды қуўыўды тоқтатып, изине қайтты.
17
Иоабтың әскерлери Абшаломды түсирип алды да, тоғайдағы бир терең шуқырға таслады. Шуқырдың үстине үлкен тасларды үйди. Пүткил израиллылар үйлерине қарай қашып кетти.
18
Абшалом тири ўақтында: «Атымды есте қалдыратуғын бирде бир улым жоқ», – деп Патша ойпатлығына бир естелик орнатып, оған өзиниң атын берген еди. Бул естелик ҳәзир де «Абшаломның естелиги» деп аталады.
19
Садоқ улы Ахимаас Иоабқа: – Рухсат бер, жуўырып барып, патшаға Жаратқан Ийениң оны душпанларынан қутқарғанын хабарлайын, – деди.
20
Иоаб оған: – Яқ, бүгин хабарды сен жеткизбейсең. Басқа ўақытта хабар жеткизерсең, бирақ бүгин емес. Өйткени патшаның улы өлди, – деди.
21
Соңынан Иоаб бир хабашстанлы адамға: – Сен барып, көргенлериңди патшаға жеткиз, – деди. Хабашстанлы адам Иоабтың алдында тәжим етти де, жуўырып кетти.
22
Бирақ Садоқ улы Ахимаас және: – Не болса болсын, рухсат бер, мен де хабашстанлының изинен жуўырайын, – деди. Иоаб оған: – Улым, неге жуўырып барғың келип қалды? Бул хабар ушын саған сүйинши бермейди-ғо, – деди.
23
Деген менен, Ахимаас: – Не болса, сол болсын, жуўырып бараман, – деди. Сонда Иоаб: – Мейли, жуўырсаң жуўыр, – деди. Солай етип, Ахимаас тегислик бойлап жуўырып, хабашстанлыдан озып кетти.
24
Сол ўақытта Даўыт қаланың ишки ҳәм сыртқы дәрўазаларының арасында отыр еди. Гүзетши дийўал жанындағы дәрўазаның төбесине шықты. Ол әтирапқа көз жиберип, бир адамның жуўырып киятырғанын көрди.
25
Гүзетши бақырып, буны патшаға хабарлады. Патша оған: – Егер тек бир адам киятырған болса, демек, оның жақсы хабар алып киятырғаны, – деди. Сол адам кем-кемнен жақынласып келе берди.
26
Гүзетши басқа бир адамның да жуўырып киятырғанын көрип, дәрўаза қараўылына: – Әне, және бир адам жуўырып киятыр, – деп бақырды. Сонда патша: – Ол да жақсы хабар алып киятыр, – деди.
27
Гүзетши: – Бириншисиниң жуўырғанын Садоқ улы Ахимаастың жуўырғанына уқсатып турман, – деди. Патша оған: – Ахимаас жақсы адам. Ол жақсы хабар алып келеди, – деп жуўап берди.
28
Сол ўақытта Ахимаас бәлент даўыс пенен патшаға: – Тынышлық, – деп бақырды. Соңынан патшаның алдында ет бетинен жерге жығылып, тәжим етип: – Тақсырыма қол көтергенлерди тәслим еткен Қудайыңыз Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! – деди.
29
Патша оннан: – Абшалом жигит аман ба? – деп сорады. Ахимаас патшаға: – Иоаб патшаның хызметшиси болған хабашстанлы адам менен мени бул жерге жиберген ўақтында, үлкен бир ала-сапыран болып атырған еди. Бирақ не болғанын билмеймен, – деп жуўап берди.
30
Патша оған: – Шетке шығып, бул жерде тур, – деди. Ахимаас шетке шығып турды.
31
Сол ўақытта хабашстанлы адам да жетип келип: – Тақсыр, хош хабар! Бүгин Жаратқан Ийе сизге қарсы бас көтергенлердиң ҳәммесиниң қолынан сизди қутқарды, – деди.
32
Патша хабашстанлыдан: – Абшалом жигит аман ба? – деп сорады. Хабашстанлы патшаға: – Тақсыр! Душпанларыңыздың ҳәм жаман нийет пенен сизге қарсы бас көтергенлердиң ҳәммесиниң ақыры бул жигиттиң ақыры сыяқлы болсын! – деп жуўап берди.
33
Патша албырап қалды. Ол дәрўаза үстиндеги бөлмеге шығып, жылады. Ол шығып баратырып: – Ўаҳ, улым Абшалом! Ўаҳ, улым, улым Абшалом! Улым, сениң орныңа мен өлсем болмас па еди! Ўаҳ, улым, улым Абшалом! – деп зарлап жылар еди.
← Chapter 17
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 19 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24