bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Samuel 6
2 Samuel 6
Karakalpak 2022
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 7 →
1
Даўыт және Израилдағы пүткил сайланды әскерлерди топлады. Олар отыз мың адам еди.
2
Соңынан Даўыт ҳәм оның менен бирге болған сол адамлардың ҳәммеси сандықтың үстиндеги керублар арасында тахтта отырған Әлемниң Жаратқан Ийесиниң аты менен аталған Қудайдың сандығын алып келиў ушын Баале-Яҳудаға кетти.
3
Олар Қудайдың сандығын төбешиктеги Абинадабтың үйинен алып, таза бир арбаға қойды. Абинадабтың уллары Узза менен Ахйо таза арбаны жетеклеп жүрди.
4
Олар Қудайдың сандығын алып кетип баратырғанда, Ахйо сандықтың алдында жүрди.
5
Сол ўақытта Даўыт ҳәм пүткил Израил халқы Жаратқан Ийениң алдында бар күши менен қосық айтып, лира ҳәм арфа шертип, дәп қағып, систраны шыңғырлатып, кимбалды даңғырлатып, ойынға түсип киятырған еди.
6
Олар Нахон деген адамның қырманына жетип барғанда, өгизлер сүрнигип кетти. Сонда Узза қолын созып, Қудайдың сандығын услап қалды.
7
Ҳүрметсизлиги ушын Жаратқан Ийениң Уззаға ғәзеби лаўлады ҳәм сол жерде-ақ оның жанын алды. Узза Қудайдың сандығының қасында жан тапсырды.
8
Жаратқан Ийениң Уззаны жазалағаны ушын, Даўыт қатты ашыўланды. Сол күннен баслап, ҳәзирге дейин бул орын Перес-Узза деп аталады.
9
Даўыт сол күни Жаратқан Ийеден қорқып: «Енди қалай Жаратқан Ийениң сандығын әкелип, жаныма қоя аламан?» – деди.
10
Сол күни Даўыт сандықты өзиниң аты менен аталған қалаға алып барыўдың орнына, гатлы Обед-Эдомның үйине апарды.
11
Жаратқан Ийениң сандығы гатлы Обед-Эдомның үйинде үш ай турды. Жаратқан Ийе Обед-Эдомды ҳәм оның пүткил шаңарағын жарылқады.
12
Даўытқа: «Қудайдың сандығы себепли, Жаратқан Ийе Обед-Эдомның шаңарағын ҳәм оған тийисли ҳәмме нәрсени жарылқады», – деген хабар жетти. Сонда Даўыт барып, Қудайдың сандығын Обед-Эдомның үйинен Даўыттың қаласына қуўанышлы түрде алып келди.
13
Жаратқан Ийениң сандығын көтергенлер алты адым атқанда, Даўыт бир буға менен бир семиртилген тананы қурбанлыққа шалды.
14
Зығыр эфод кийип алған Даўыт Жаратқан Ийениң алдында бар күши менен ойынға түсти.
15
Усылайынша Даўыт ҳәм пүткил Израил халқы қуўанышлы даўыслар ҳәм кәрнай сеслери астында сандықты алып киятырған еди.
16
Сандық Даўыттың қаласына кирип киятырғанда, Шаулдың қызы Михал терезеден қарап турған еди. Ол Жаратқан Ийениң алдында секирип ойынға түсип киятырған Даўыт патшаны көргенде, оны өз кеўлинде пәс көрип кетти.
17
Жаратқан Ийениң сандығы алып келинип, Даўыттың арнаўлы түрде қурдырған шатырының ишиндеги өз орнына қойылды. Соңынан Даўыт Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықларын берди.
18
Жандырылатуғын ҳәм татыўлық қурбанлықларын берип болғаннан кейин, Даўыт Әлемниң Жаратқан Ийесиниң аты менен халыққа пәтия берди.
19
Кейин ол пүткил халыққа, Израил жәмийетиндеги ҳәр бир еркек ҳәм ҳаялға бир шөрек нан, бир уўыс хурма ҳәм бир уўыс кептирип нығызланған кишмиштен тарқатты. Буннан соң, пүткил халық үйлерине қайтты.
20
Даўыт өз хожалығына пәтия бериў ушын үйине қайтып келгенде, Шаулдың қызы Михал оны қарсы алыўға шықты ҳәм оған: – Израил патшасы бүгин қандай абырайға еристи?! Өз қулларының шорылары алдында жарамсыз адам сыяқлы жалаңашланып, өзин көрсетти-ғо, – деди.
21
Даўыт Михалға былай деп жуўап берди: – Мени әкеңниң ҳәм оның пүткил нәсилиниң орнына таңлап, Өз халқы Израилға ҳүкимдар етип қойған Жаратқан Ийениң алдында ойынға түстим. Аўа, мен Жаратқан Ийениң алдында ойнай беремен.
22
Енди өзимди буннан да төмен тутып, және де пәсирек санайман. Бирақ сен айтқан сол шорылар мени ҳүрметке бөлейди.
23
Шаулдың қызы Михал өмириниң ақырына шекем бийперзент өтти.
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 7 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24