bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Samuel 17
2 Samuel 17
Karakalpak 2022
← Chapter 16
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 18 →
1
Ахитофел Абшаломға және былай деди: – Рухсат берсеңиз, он еки мың адамды сайлап алып, бүгин түнде кетип, Даўыттың изине түсейин.
2
Ҳәзир Даўыт шаршап, ҳалдан тайған ўақытта, оған ҳүжим етип, көзин қорқытсам, қасындағылар қашып кетеди. Сонда мен Даўыт патшаның бир өзин өлтиремен.
3
Соңынан пүткил халықты сизге қайтарып алып келемен. Халықтың сизге қайтыўы сиз өлтирмекши болып атырған адамның өлимине байланыслы. Солай етип, пүткил халық зыян көрмейди.
4
Бул кеңес Абшаломға да, пүткил Израил ақсақалларына да унап қалды.
5
Бирақ Абшалом: – Арк тийресинен болған Хушайды да шақырың. Ол не дер екен, еситейик, – деди.
6
Хушай келгенде, Абшалом оған Ахитофелдиң қандай кеңес бергени туўралы айтып берди. Соңынан ол Хушайдан: – Оның кеңеси бойынша ис тутайын ба? Болмаса, сен кеңес бер, – деп сорады.
7
Хушай Абшаломға былай жуўап берди: – Ахитофелдиң бул ретте берген кеңеси жақсы емес.
8
Әкеңиздиң ҳәм оның адамларының мәрт жаўынгерлер екенин билесиз. Олар далада балаларынан айырылған айыў сыяқлы ғәзепли. Буның үстине, әкеңиз тәжирийбели жаўынгер, ол түнди әскерлер жанында өткермейди.
9
Бул ўақытта ол үңгирлердиң биринде ямаса бир жерде жасырынып жүрген болса керек. Егер ол әскерлеримизге биринши болып ҳүжим жасаса, ол ҳаққында еситкен ҳәр бир адам: «Абшаломға ергенлер қырғынға ушырапты», – деп айтады.
10
Сонда жүреклери арысланның жүрегиндей болған мәртлердиң де қорқыныштан руўхлары түседи. Себеби әкеңиздиң батырлығын ҳәм оның қасындағылардың мәртлигин пүткил Израил биледи.
11
Сонлықтан сизге айтатуғын кеңесим мынаў: Даннан Беер-Шебаға шекемги, теңиз жағасындағы қум сыяқлы сан-санақсыз болған пүткил израиллыларды әтирапыңызға топлаң. Сиз өзиңиз де саўашқа шығың.
12
Сонда бизлер жасырынған жерлериниң биринде Даўытқа ҳүжим қылып, жер бетине түскен шық киби үстине бастырып барамыз. Даўытты да, оның жанындағылардың ҳеш бирин де тири қалдырмаймыз.
13
Егер ол бир қаланы паналаса, онда пүткил израиллылар сол қалаға арқанлар алып барады. Қаланы бир тасы қалмағанша, ойпатлыққа қарай тартып қулатып, жоқ қыламыз.
14
Абшалом ҳәм пүткил израиллылар: «Хушайдың кеңеси Ахитофелдиң кеңесинен жақсырақ», – деди. Себеби Жаратқан Ийе Абшаломды апатқа ушыратыў ушын, Ахитофелдиң жақсы кеңесин жоққа шығарыўды шешип қойған еди.
15
Хушай руўханийлер Садоқ пенен Абиятарға Ахитофелдиң Абшалом менен Израил ақсақалларына берген кеңеси ҳәм өзиниң оларға берген кеңеси туўралы айтып берди.
16
Соңынан оларға: – Сизлер мына хабарды Даўытқа тез жеткизиң: бул түнди Иордан тегислигинде, дәрьяның өткелинде өткизбесин. Тез арғы тәрепке өтсин. Болмаса, патшаның өзи де, жанындағылар да толық қырылып кетеди, – деди.
17
Сол ўақытлары қалада көринбеў ушын, Ионатан менен Ахимаас қала сыртындағы Рогел булағы жанында күтип туратуғын еди. Бир шоры қыз барып, оларға болып өткенлерди хабарлап туратуғын, ал олар еситкенлерин Даўыт патшаға жеткизип туратуғын еди.
18
Бирақ бир өспирим оларды көрип қалып, Абшаломға хабарлады. Сонда Ионатан менен Ахимаас асығыс ол жерден кетип, Бахуримдеги бир адамның үйине келди. Үйдиң ҳәўлисинде бир қудық бар еди. Ионатан менен Ахимаас сол қудыққа жасырынды.
19
Сол адамның ҳаялы бир жапқыш алып, қудықтың аўзын жаўып қойып, ҳеш нәрсе сезилмеўи ушын, оның үстине масақларды жайып таслады.
20
Абшаломның хызметшилери үйге, ҳаялдың жанына келип, оннан: – Ахимаас пенен Ионатан қай жерде? – деп сорады. Ҳаял оларға: – Өзектиң арғы тәрепине өтип кетти, – деп жуўап берди. Абшаломның хызметшилери оларды излеп кетти, бирақ таба алмай, Ерусалимге қайтты.
21
Адамлар кеткеннен кейин, Ахимаас пенен Ионатан қудықтан шықты да, болып өткен ўақыяларды хабарлаў ушын, Даўыт патшаға кетти. Олар Даўытқа барып: – Қәне, ҳәзир-ақ дәрьяны кесип өтиңлер, – деди ҳәм Ахитофелдиң оған қарсы қандай кеңес бергенлигин айтып берди.
22
Даўыт сол ўақытта-ақ пүткил адамлары менен бирге Иордан дәрьясын кесип өтти. Таң атқанда, Иордан дәрьясын кесип өтпеген бирде бир адам қалмады.
23
Ахитофел өзи берген кеңестиң иске аспағанын көргенде, ешегин ертлеп, оған минди де, өз қаласына, өз үйине қайтып кетти. Ол үй-ишине ўәсиятнама қалдырғаннан соң, асылып өлди. Оның денеси әкесиниң қәбирине қойылды.
24
Даўыт Маханайымға барған ўақытта, Абшалом ҳәм оның жанындағы Израил әскерлери Иордан дәрьясын кесип өтип атырған еди.
25
Абшалом Иоабтың орнына Амасаны сәркәрда етип тайынлады. Амаса израиллы Итраның улы болып, анасының аты Абигайыл еди. Абигайыл Серуяның сиңлиси болып, олар Нахаш деген адамның қызлары еди. Серуя болса, Иоабтың анасы еди.
26
Абшалом ҳәм Израил әскерлери Гилад жерине орда қурды.
27
Даўыт Маханайымға барғанда, аммонлардың Рабба қаласынан болған Нахаш улы Шобий, ло-дебарлы Аммиел улы Махир ҳәм Рогелимнен болған гиладлы Барзиллай
28
Даўытқа көрпе-төсеклер, қырмалар ҳәм ылай ыдыслар алып келди. Және де, Даўыт ҳәм оның жанындағылардың жеўи ушын бийдай, арпа, ун, тары, ақ лобия, қызыл лобия, қуўырмаш,
29
пал, қатық, қой және де малдың сүтинен алынған иримтик алып келди. Себеби олар: «Халық шөлде аш, ҳалдан тайған ҳәм шөллеген болса керек», – деп ойлаған еди.
← Chapter 16
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 18 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24