bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Samuel 22
2 Samuel 22
Karakalpak 2022
← Chapter 21
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 23 →
1
Жаратқан Ийе Даўытты пүткил душпанларынан ҳәм Шаулдың қолынан қутқарған күни Даўыт Жаратқан Ийеге арнап, мына жырды айтты:
2
«Жаратқан Ийе – жартасым, қорғаным ҳәм қутқарыўшым,
3
Қудайым мениң қорғаўшы жартасым, Оннан пана табаман, Ол қалқаным, қүдиретли қутқарыўшым, Ол қорғаным ҳәм панам, Қутқарыўшым, зулымлықтан мени Сен қутқарасаң.
4
Мақтаўға ылайықлы Жаратқан Ийени шақыраман, Қутқарыламан душпанларымнан.
5
Әжел толқынлары қоршап алып, Набыт қылыў ағыслары қорқытты мени.
6
Өлилер мәканының арқанлары байлады мени, Өлим дузақлары шықты қарсыма.
7
Азап ишинде Жаратқан Ийеге жалбарындым, Қудайымды шақырдым. Ибадатханасынан Ол даўысымды еситти, Қышқырғаным қулағына жетип барды.
8
Сол ўақытта жер жүзи титиреп, шайқалды, Аспанның тийкары ләрзеге келди, Себеби Жаратқан Ийе ғәзепке минген еди.
9
Мурнынан түтин көтерилди, Аўзынан жалмап жутатуғын жалын шығып, Оннан көмир шоғы жаўды.
10
Көклерди жарып, төменге түсти, Қара булт Оның аяғының астында.
11
Бир керубқа минип, Самалдың қанатлары үстинде ушып келди.
12
Түнекке оранып, Қара бултларды Өзине шертек қылды.
13
Оның алдындағы нурдан, Көмир шоғы шашырап турды.
14
Гүркиреди аспаннан Жаратқан Ийе, Даўыс берди Қудай Таала.
15
Оқлар атып, душпанларды пытыратты, Шақмақ шақтырып, оларды албыратты.
16
Жаратқан Ийениң кейисинен, Мурнынан шыққан күшли деминен, Теңиздиң түби көринди, Дүньяның тийкары ашылып қалды.
17
Алды мени Жаратқан Ийе қолын созып жоқарыдан, Ҳәм шығарды терең суўлардан.
18
Қутқарды мени күшли душпанымнан, Меннен күшлирек болған, Мени жек көретуғынлардан.
19
Қарсы турды олар маған басыма ис түскенде, Бирақ тирек болды маған Жаратқан Ийе.
20
Ол кең жерге шығарды мени, Кеўли толып, қутқарды мени.
21
Жаратқан Ийе ҳақлығым ушын сый берип, Пәк қолларым ушын есесин қайтарды.
22
Өйткени жүрдим Жаратқан Ийениң жолы менен, Жаманлық ислемедим, Қудайымнан узақласып.
23
Көз алдымда сақладым барлық қарарларын, Оның қағыйдаларынан жүз бурмадым.
24
Минсиз болдым Оның алдында, Өзимди сақладым гүна ислеўден.
25
Есесин қайтарды Жаратқан Ийе, Ҳақлығым ҳәм көз алдындағы пәклигим ушын.
26
Сен садыққа садықлық көрсетип, Минсизге минсиз боласаң.
27
Пәк адамға пәклигиңди көрсетип, Жалатайға жалатайшылығына гөре ис тутасаң.
28
Езилгенлерди қутқарасаң, Менменлерди бақлап, көкирегин басасаң.
29
Қараңғылығымды жақтыға айландыратуғын, Шырағым Өзиңсең, Жаратқан Ийе!
30
Сениң менен ләшкерлерди қыйратып, Қудайым менен дийўаллардан асарман.
31
Қудайдың жолы минсиз, Жаратқан Ийениң сөзи исенимли, Ол қалқаны Өзинен пана излеген ҳәр бир адамның.
32
Жаратқан Ийеден басқа Қудай бар ма? Қудайымыздан басқа қорғаўшы жартас бар ма?
33
Қудай мениң қорғаным, Жолымды минсиз қылатуғын да Ол.
34
Кийиктиң аяқларындай қылар аяқларымды, Қояр мени бийикликлерге.
35
Үйретеди қолларымды урысыўға, Ҳәм қола оқ жайды керип тартыўға.
36
Бересең маған қутқарылыў қалқаныңды, Мәртебели қылар жәрдемиң мени.
37
Кең қыларсаң басар жолымды, Аяқларым мениң сүрникпес.
38
Душпанларымның изинен қуўып жоқ қылдым, Оларды жоқ қылмай турып изге қайтпадым.
39
Қырып, жоқ еттим, тура алмай қалды, Аяқларым астында созылып жатты.
40
Саўаш ушын мени толтырдың күшке, Маған қарсы шыққанларды бас ийдирдиң алдымда.
41
Душпанларымды меннен қашатуғын қылдың, Мен де өзимди жек көргенлерди жоқ еттим.
42
Жалбарынды олар, бирақ қутқарған болмады, Жаратқан Ийени шақырды, бирақ Ол жуўап бермеди.
43
Басқыладым оларды даладағы ылай яңлы, Басқыладым оларды жердеги ылай яңлы.
44
Қутқардың халқымның көтерилисинен мени, Миллетлерге басшы қылыў ушын сақладың мени, Хызмет етер өзим танымайтуғын халықлар маған.
45
Жат еллилер меннен айбынар, Мен туўралы еситиўден маған бойсынар.
46
Жат еллилердиң жүзлери қуўарып, Шықты титиреп, паналаған жерлеринен.
47
Жаратқан Ийе тири! Қорғаўшы жартасыма алғыслар болсын! Қутқарыўшы жартасым, Қудай уллылансын!
48
Ол болады душпанларымнан өш алыўыма жол қойған, Халықларды маған бойсындырған.
49
Алып шығар Ол душпанларымның арасынан, Үстин қылар маған қарсы шыққанлардан, Азат қылар жаўызлардың қолынан.
50
Буның ушын Жаратқан Ийе! Тәрийиплеймен Сени миллетлер арасында, Саз шертип алғыс айтаман арнап атыңа.
51
Жаратқан Ийе Өз патшасын уллы жеңислерге еристирер, Майлаған патшасы Даўытқа ҳәм оның урпағына, Мәңгиге мийрим-шәпәәтин көрсетер».
← Chapter 21
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 23 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24