bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Samuel 20
2 Samuel 20
Karakalpak 2022
← Chapter 19
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 21 →
1
Сол арада Бенямин урыўынан Бихрийдиң улы Шеба деген жарамас бир адам сол жерде пайда болды. Шеба кәрнай шертип: «Даўыт пенен байланысымыз жоқ, Ишай улы Даўытта қарызымыз жоқ. Ҳәй, израиллылар, ҳәр бириңиз өз үйиңизге қайтыңлар!» – деди.
2
Сонда пүткил израиллылар Даўытты таслап, Бихрий улы Шебаның изине ерип кетип қалды. Ал яҳудалылар өз патшасы тәрепинде қалып, Иордан дәрьясынан Ерусалимге шекем оған жолдас болды.
3
Даўыт патша Ерусалимдеги сарайына қайтып барғанда, сарайға қарап турыўы ушын таслап кеткен тоқалларын бақлаў астында сақлап, оларды тәмийинлеп турды. Бирақ олар менен жатпады. Олар өмириниң ақырына шекем үй қамағында сақланып, жесир ҳаяллар сыяқлы жасады.
4
Даўыт Амасаға: – Үш күн ишинде яҳудалыларды алдыма шақырып кел. Өзиң де усы жерде бол, – деди.
5
Амаса яҳудалыларды шақырып келиў ушын кетти. Бирақ ол белгиленген ўақытта қайтып келмеди.
6
Сонда Даўыт Абишайға: – Енди Бихрий улы Шеба бизлерге Абшаломнан да үлкенирек жаманлық ислейди. Ол өзине қорғанлы қалаларды таўып алып, көзимизден ғайып болмаўы ушын, сен мениң әскерлеримди ал да, оның изинен қуў, – деди.
7
Солай етип, Иоабтың адамлары, керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылар ҳәм пүткил мәрт жаўынгерлер Бихрий улы Шебаны қуўыў ушын, Абишайдың басшылығында Ерусалимнен шықты.
8
Олар Гибондағы үлкен жартастың жанына жетип барғанда, Амаса олардың алдынан шықты. Иоаб саўаш кийимин кийип алған еди. Ол кийиминиң сыртынан бир қайыс тағып, қайысқа қынында турған бир қанжар байлаған еди. Иоаб алдыға жүрип баратырып, қанжарды қынынан шығарды.
9
Иоаб Амасаға: – Қалайсаң, туўысқаным? – деди де, оны сүйиў ушын, оң қолы менен Амасаның сақалынан услады.
10
Амаса Иоабтың қолындағы қанжарды аңламады. Иоаб қанжарды Амасаның қарнына суғып жибергенде, оның ишек-қарны жерге төгилди. Екинши рет урыўға ҳәжет қалмады, ол өлген еди. Буннан соң, Иоаб ҳәм оның иниси Абишай Бихрий улы Шебаны қуўыўды даўам етти.
11
Иоабтың адамларының бири Амасаның өлигиниң жанында турып, Амасаның адамларына: – Иоабқа садық болып, Даўыт тәрепте болған ҳәр бир адам Иоабқа ерсин, – деди.
12
Амасаның өли денеси қанға былғанып, жолдың ортасында жатырған еди. Иоабтың адамы өлиге жақынласқан ҳәр бир адамның сол жерде тоқтап қалып атырғанын көргенде, Амасаның өлигин сүйреп, атызға ылақтырып жиберди де, үстине бир кийимди таслады.
13
Өлик жолдан алып тасланғаннан соң, ҳәмме Бихрий улы Шебаны қуўыў ушын, Иоабтың изинен кетти.
14
Сол арада Шеба пүткил Израил урыўларының жерлеринен өтип, Абел-Бейт-Маахаға келди. Сол аймақлардың халқы да оған қосылды. Ҳәммеси топланып, Шебаға ерди.
15
Иоаб барлық адамлары менен барып, Абел-Бейт-Мааха қаласында болған Шебаны қоршап алды. Олар қаланың алдына топырақ үйди ҳәм оның үстине минип, дийўалды қулата баслады.
16
Сол ўақытта ақыллы бир ҳаял қала ишинен бақырып: – Тыңлаңлар! Тыңлаңлар! Иоабқа айтыңлар, берман келсин, мен оның менен сөйлесежақпан, – деди.
17
Иоаб ҳаялға жақынласты. Сонда ҳаял оннан: – Иоаб деген сизбисиз? – деп сорады. – Аўа, мен, – деп жуўап берди Иоаб. Ҳаял Иоабқа: – Онда шорыңыздың гәпин еситиң, – деди. Иоаб оған: – Қулағым сенде, – деди.
18
Ҳаял сөзин былай деп даўам етти: – Бурынғылар: «Абел қаласына барып, мәсләҳәт алыңлар», – дейтуғын ҳәм мәселе солай шешилетуғын еди.
19
Бизлер Израилдың тынышлығын қәлейтуғын садық адамлармыз. Сиз болсаңыз, Израилдағы анадай қәдирли қалалардың бирин ўайран қылмақшысыз. Жаратқан Ийениң ийелигин не ушын жоқ қылмақшысыз?
20
Иоаб ҳаялға жуўап берип былай деди: – Ҳасла, олай емес! Мен ўайран қылмақшы да, жоқ қылмақшы да емеспен.
21
Ҳеш қандай олай емес. Эфрайым таўлы үлкесинен болған Бихрий улы Шеба деген адам Даўыт патшаға қарсы бас көтерди. Егер оның жалғыз өзин тутып берсеңиз, мен қаладан артқа шегинемен. Сонда ҳаял Иоабқа: – Оның басын сизге дийўалдан таслаймыз, – деди.
22
Соңынан ҳаял өзиниң дана сөзлерин пүткил халыққа жеткизиў ушын кетти. Халық Бихрий улы Шебаның басын кесип, Иоабқа ылақтырды. Сонда Иоаб кәрнай шертти ҳәм оның адамлары қаланы таслап, үйлерине кетти. Иоаб та Ерусалимге, патшаның жанына қайтып келди.
23
Иоаб пүткил Израил әскерлериниң сәркәрдасы еди. Еҳояда улы Беная керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылардың әскербасысы еди.
24
Адонирам мәрдикарға алынғанлар үстинен жуўапкер, Ахилуд улы Еҳошафат дийўанбеги еди.
25
Шеўа хаткер, Садоқ ҳәм Абиятар руўханийлер еди.
26
Және де, яирли Ира Даўыттың руўханийи еди.
← Chapter 19
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 21 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24