bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Samuel 21
2 Samuel 21
Karakalpak 2022
← Chapter 20
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 22 →
1
Даўыт патшалық еткен дәўирде үш жыл қатара ашаршылық болды. Сонда Даўыт Жаратқан Ийеден кеңес сорады ҳәм Жаратқан Ийе оған: – Буған Шаул ҳәм оның қанхор үй-иши себепши болды. Өйткени Шаул гибонлыларды өлтирди, – деп жуўап берди.
2
Патша гибонлыларды шақыртып алып, олар менен сөйлести. Гибонлылар Израил халқынан емес, ал амор халқынан қалған халық болып, израиллылар оларды тири қалдырыўға ант ишкен еди. Деген менен, Израил ҳәм Яҳуда халқы ушын жан күйдирген Шаул оларды жоқ қылыўға ҳәрекет етти.
3
Даўыт гибонлылардан: – Сизлер ушын не ислейин? Жаратқан Ийениң халқына пәтияңызды бериўиңиз ушын, бул гүнаны не менен жуўайын? – деп сорады.
4
Гибонлылар Даўытқа: – Бизлерге Шаулдан ҳәм оның үй-ишинен гүмис те, алтын да керек емес. Израилда ҳеш кимди де өлтириўди қәлемеймиз, – деди. Даўыт және: – Сизлер нени қәлесеңиз, мен соны орынлайман, – деди.
5
Сонда гибонлылар патшаға былай деп жуўап берди: – Израилдың ҳеш бир жеринде жасамаўымыз ушын, Шаул бизлерди қырып тасламақшы болды.
6
Сонлықтан Шаулдың урпақларынан жетеўин бизлерге бер. Бизлер оларды Жаратқан Ийениң таңлағаны болған Шаулдың қаласы Гибада, Жаратқан Ийениң алдында дарға асамыз. Патша: – Мен оларды сизлерге беремен, – деди.
7
Даўыт патша Шаулдың улы Ионатан менен Жаратқан Ийениң алдында ант ишискени себепли, Ионатанның улы Мефибошетке реҳим қылды.
8
Ал Айя қызы Риспаның Шаулдан туўған Армоний ҳәм Мефибошет деген еки улын, Шаулдың қызы Мерабтың мехолалы Барзиллай улы Адриелден туўған бес улын алдырып,
9
оларды гибонлылардың қолына тапсырды. Гибонлылар оларды таўда, Жаратқан Ийениң алдында дарға асты. Олардың жетеўи де бир ўақытта жан берди. Олар бәҳәрдеги жыйын-теримниң дәслепки күнлеринде, арпа орағының басланған ўақтында өлтирилди.
10
Айя қызы Риспа аза кийимин алып, сол таўдағы бир жартастың үстине жайды ҳәм жыйын-теримниң дәслепки күнлеринен баслап, денелердиң үстине гүзги жаўын жаўғанға шекем сол жерде отырды. Ол денелерди күндиз аспандағы қуслардан, түнде жабайы ҳайўанлардан қорыды.
11
Даўытқа Шаулдың тоқалы Айя қызы Риспаның ислеген ислери ҳаққында билдирилди.
12
Сонда Даўыт барып, Шаулдың ҳәм оның улы Ионатанның сүйеклерин Ябеш-Гилад халқынан алды. Филистлер Гилбоада Шаулды өлтирген күни оның ҳәм оның улының денелерин Бейт-Шан қаласының майданына асып қойған еди. Ал Ябеш-Гилад халқы денелерди жасырын түрде ол жерден алып қайтқан еди.
13
Даўыт Шаулдың ҳәм оның улы Ионатанның сүйеклерин ол жерден алып келди. Дарға асылған жети адамның сүйеклери де жыйналды.
14
Олардың ҳәм Шаул менен оның улы Ионатанның сүйеклери Бенямин жериндеги Селаға, Шаулдың әкеси Киштиң қәбирине қойылды. Солай етип, патшаның барлық буйрықлары орынланды. Буннан кейин, Қудай ел ушын соралған дуўаларға жуўап берди.
15
Филистлер менен израиллылар арасында жаңадан урыс басланды. Даўыт адамлары менен барып, филистлерге қарсы урысты ҳәм ол қатты шаршады.
16
Ушының өзи үш жүз шекел қоладан исленген найза көтерип, таза қылыш асынған дәў әўладларынан болған Ишбий-Беноб Даўытты өлтирмекши болды.
17
Бирақ Серуя улы Абишай Даўытқа жәрдемге келип, сол филистти өлтирди. Буннан кейин, Даўыттың адамлары ант ишип, Даўытқа: «Израилдың шырағы өшип қалмаўы ушын, енди сизиң бизлер менен урысқа барыўыңызға жол қоймаймыз», – деди.
18
Соңынан Гоб қаласында филистлер менен және урыс басланды. Бул урыста хушалы Сиббехай дәў әўладларынан болған Саф деген адамды өлтирди.
19
Гобта израиллылар менен филистлер арасында тағы бир урыс болды. Урыста бейтлеҳемли Яаре-Орегимниң улы Элханан гатлы Голиятты өлтирди. Голияттың найзасының сабы тоқыў үскенесиниң қадасындай еди.
20
Кейинирек Гат қаласында және саўаш болды. Ол жерде дәўдей бир адам бар еди. Оның қоллары ҳәм аяқлары алты бармақлы болып, ҳәммеси болып жигирма төрт бармағы бар еди. Ол да дәў әўладларынан еди.
21
Усы адам израиллыларды масқаралағанда, Даўыттың әжағасы Шимеаның улы Ионатан оны өлтирди.
22
Даўыт ҳәм оның адамлары тәрепинен өлтирилген усы төрт адам да Гаттағы дәў әўладларынан еди.
← Chapter 20
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 22 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24