bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Samuel 16
2 Samuel 16
Karakalpak 2022
← Chapter 15
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 17 →
1
Даўыт таўдың төбесинен арман қарай бираз түскенде, Мефибошеттиң хызметшиси Сиба қосақланған еки ешекке еки жүз нан, кептирип нығызланған кишмиштен жүз дана, таза пискен мийўеден жүз дана ҳәм бир мес шарап жүклеп, Даўыттың алдынан шықты.
2
Патша Сибадан: – Буларды не ушын алып келдиң? – деп сорады. Сиба оған: – Ешеклер патша хожалығындағылардың миниўи ушын, нан менен таза мийўелер хызметшилериңиздиң жеўи ушын, ал шарап шөлде ҳалдан тайғанлардың ишиўи ушын, – деп жуўап берди.
3
Патша оннан: – Мырзаң Шаулдың ақлығы қаяқта? – деп сорады. Сиба оған: – Мефибошет Ерусалимде қалды. Себеби ол: «Израил халқы бүгин атамның патшалығын маған қайтарып береди», – деп айтып атыр, – деп жуўап берди.
4
Сонда патша оған: – Мефибошеттиң ҳәмме нәрсеси сеники болады, – деди. Сиба патшаға тәжим етип: – Қуллық, тақсыр! Маған бәрқулла кеўлиңиз толғай! – деди.
5
Даўыт патша Бахуримге жетип барғанда, Шаулдың тийресинен болған Гераның улы Шимей ғарғаныўы менен оның алдынан шықты.
6
Пүткил әскерлери ҳәм мәрт жаўынгерлери Даўыт патшаның оң ҳәм шеп жағында турғанына қарамастан, Шимей Даўытқа ҳәм оның хызметшилерине тас ылақтырды.
7
Шимей былай деп ғарғанды: – Жоқ бол, кет. Ҳәй, қанхор, оңбаған адам!
8
Сен орнына патша болған Шаулдың үй-ишинде төгилген қанлардың қунын Жаратқан Ийе сеннен өндирип атыр. Ол патшалықты улың Абшаломға берди. Сен қанхор болғаның ушын, бул бәлеге жолықтың.
9
Серуя улы Абишай патшаға: – Бул өли көпек неге тақсырымды ғарғайды екен? Рухсат бериң, басын үзип таслайын, – деди.
10
Бирақ патша оған: – Серуя уллары, буның менен сизлердиң жумысыңыз болмасын! Жаратқан Ийе оған: «Даўытты ғарға», – дегени ушын ғарғап атырған болса, ким оннан: «Неге булай ислеп атырсаң?» – деп сорай алады? – деди.
11
Кейин Даўыт Абишайға ҳәм хызметшилерине былай деди: – Өз улым мени өлтирмекши болып турғанда, мына беняминли оннан бетерин ислемей ме? Оны тынышына қойыңлар, ғарғай берсин. Өйткени буны оған Жаратқан Ийе айтқан.
12
Бәлким, Жаратқан Ийе мениң хорланып атырғанымды көрип, бүгинги ғарғыслар орнына жақсылық қайтарар.
13
Даўыт адамлары менен бирге жолын даўам етти. Ал Шимей Даўыттың қапталында, таўдың жанбаўырында жүрип оны ғарғады, оған тас атып, топырақ шашты.
14
Иордан дәрьясындағы өткелге шаршап жеткен патша ҳәм оның жанындағы халық сол жерде дем алды.
15
Сол арада Абшалом ҳәм оның израиллы пүткил тәрепдарлары Ерусалимге келди. Ахитофел де Абшалом менен бирге еди.
16
Сонда Даўыттың достысы Арк тийресинен болған Хушай Абшаломның жанына барып: – Жасасын патша! Жасасын патша! – деп бақырды.
17
Абшалом Хушайдан: – Достыңа садықлығың усы ма? Не ушын достың менен кетпедиң? – деп сорады.
18
Хушай оған былай деп жуўап берди: – Яқ, мен Жаратқан Ийениң, мына халықтың ҳәм пүткил израиллылардың таңлаған адамы тәрепинде болып, оның жанында қаламан.
19
Енди мен Даўыттың улы Абшаломнан басқа кимге хызмет қыламан? Әкеңизге қалай хызмет еткен болсам, сизге де солай хызмет етемен.
20
Сонда Абшалом Ахитофелге қарап: – Не ислейик, бизлерге кеңес бер, – деди.
21
Ахитофел Абшаломға: – Сарайға қарап турыўы ушын, әкеңниң таслап кеткен тоқаллары менен жат. Сонда пүткил Израил әкеңиздиң сизди жек көрип қалғанын биледи ҳәм сизди қоллаўшылардың ҳәммеси және де күшке минеди.
22
Солай етип, сарайдың үшегине Абшалом ушын бир шатыр қурылды. Ол пүткил израиллылардың көз алдында әкесиниң тоқаллары менен жатып шықты.
23
Сол ўақытлары Ахитофел берген кеңеслер Қудай тәрепинен берилген кеңеслер деп саналатуғын еди. Ахитофелдиң ҳәр бир кеңеси Даўыт ушын да, Абшалом ушын да усындай еди.
← Chapter 15
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 17 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24