bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Samuel 19
2 Samuel 19
Karakalpak 2022
← Chapter 18
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 20 →
1
Иоабқа: «Даўыт патша Абшалом ушын жылап, аза тутып атыр», – деп хабарлады.
2
Сол күнги жеңис әскерлер ушын азаға айланды. Себеби олар патшаның улы ушын аза тутып атырғанын еситкен еди.
3
Сол күни әскерлер қалаға саўаштан қашқан адамлар сыяқлы уялып кирди.
4
Ал патша болса, бетин басып, бәлент даўыс пенен: «Ўаҳ, улым, Абшалом! Абшалом, улым, улым!» – деп бақырып отырған еди.
5
Иоаб патша отырған үйге барып, оған былай деди: – Бүгин сизиң жаныңызды, ул-қызларыңыздың жанларын, ҳаялларыңыздың жанларын қутқарған адамлардың ҳәммесин уятқа қойдыңыз.
6
Өйткени сиз өзиңизди жек көргенлерди жақсы көрип, өзиңизди жақсы көргенлерди жек көресиз. Бүгин сиз әскербасылардың ҳәм хызметшилердиң өзиңиз ушын ҳеш нәрсеге арзымайтуғынын көрсеттиңиз. Аўа, егер Абшалом тири қалып, ҳәммемиз өлип кеткенде, сиз ушын жақсы болатуғынын мен бүгин аңлап жеттим.
7
Енди сыртқа шығып, адамларыңызды жигерлендириң! Жаратқан Ийениң аты менен ант ишемен: егер шықпасаңыз, бүгин түнде сизиң қасыңызда бирде бир адам қалмайды. Бул жаслығыңыздан усы күнге шекем басыңызға түскен апатлардың ишиндеги ең жаманы болады.
8
Сонда патша қала дәрўазасының алдына шығып отырды. Пүткил әскерлерге: «Патша қала дәрўазасының алдына келип отырды», – деген хабар жеткенде, олар да патшаның жанына келди. Сол ўақытта Абшаломның жанындағы израиллылар үйлерине қашып кеткен еди.
9
Израилдың ҳәмме урыўларынан болған адамлар бир-бири менен тартысып былай дести: «Патша бизлерди душпанларымыздың қолынан қутқарды. Бизлерди филистлердиң қолынан қутқарған да сол еди. Ал енди болса, ол Абшалом себепли елден қашып кетти.
10
Бизлерге басшы болыўы ушын майлағанымыз Абшалом болса, саўашта өлди. Солай екен, енди неге Даўыт патшаны қайтарып алып келиўге асықпай атырмыз?»
11
Даўыт патша руўханийлер Садоқ пенен Абиятарға былай деп хабар жиберди: «Яҳуда ақсақалларына былай деп айтыңлар: „Пүткил израиллылардың патшаны өз сарайына қайтарамыз деп айтқан сөзлери мениң қулағыма жетип келди. Ал сизлер неге патшаны қайтарыўда соңғылар болмақшысыз?
12
Сизлер мениң туўысқанларымсыз – өз сүйегим ҳәм өз етимсиз. Неге сизлер патшаны өз сарайына қайтарыўда ең соңғылар болмақшысыз?“
13
Амасаға да былай деп айтыңлар: „Сен мениң туўысқанымсаң – өз сүйегим ҳәм өз етимсең. Егер мен сени Иоабтың орнына мәңгиге сәркәрда етип қоймасам, Қудай мени жазалаған үстине жазаласын!“»
14
Солай етип, Даўыт пүткил яҳудалыларды өзине толық аўдырып алды. Яҳудалылар патшаға: «Пүткил адамларыңыз бенен қайтып келиң», – деп хабар жиберди.
15
Патша қайтып, Иордан дәрьясына барды. Яҳуда халқы патшаны күтип алып, Иордан дәрьясынан өткизиў ушын Гилгалға келди.
16
Бахуримнен беняминли Гера улы Шимей де Даўыт патшаны күтип алыў ушын, яҳудалылар менен бирге асығыс жолға шықты.
17
Оның жанында Бенямин урыўынан мың адам бар еди. Шаулдың үйиниң хызметшиси Сиба да он бес улы ҳәм жигирма қулы менен бирге Иордан дәрьясына, патшаның жанына жетип келди.
18
Олар патшаның үй-ишин дәрьядан өткериў ҳәм оның тилегин орынлаў ушын патшаның жанына келди. Патша дәрьяны кесип өтпекши болып турғанда, Гера улы Шимей патшаның алдына жығылып,
19
оған былай деди: – Тақсыр, мени айыпкер санамаңыз. Сиз Ерусалимнен шыққан күниңизде ислеген жаманлығымды кеўлиңизде сақламай, умытып жибериң.
20
Қулыңыз болған мен қандай гүна ислегенимди билемен. Сонлықтан тақсырымды қарсы алыў ушын, пүткил Юсуптиң халқынан биринши болып мен келдим.
21
Сонда Серуя улы Абишай: – Жаратқан Ийениң майлаған адамын ғарғағаны ушын, Шимей өлиўи тийис, – деди.
22
Бирақ Даўыт оған: – Ҳәй, Серуяның уллары, бул сизлердиң жумысыңыз емес. Бүгин сизлер неге маған қарсы шығып атырсыз? Израилда бүгин бирде бир адам өлтирилмейди! Мен өзимниң Израилдың патшасы екенимди билмеймен бе?! – деди.
23
Соңынан ол ант ишип, Шимейге: – Сен өлмейсең! – деди.
24
Шаулдың ақлығы Мефибошет те патшаны күтип алыў ушын шыққан еди. Ол патша кеткен күннен баслап, аман-есен изге қайтқан күнине шекем аяқларын да, кийимлерин де жуўмаған, сақалын да алмаған еди.
25
Мефибошет патшаны күтип алыў ушын Ерусалимнен келгенде, патша оннан: – Мефибошет, сен неге мениң менен бирге кетпедиң? – деп сорады.
26
Мефибошет патшаға былай деп жуўап берди: – Тақсыр, қулыңыз болған мен майып болғаным себепли, қулым Сибаға: «Ешекти ертле, мен оған минип, патша менен бирге кетемен», – дедим. Бирақ ол мени алдады.
27
Тақсыр, сизиң алдыңызда ол маған жала жапты. Бирақ сиз, тақсыр, Қудайдың периштеси сыяқлысыз. Сиз нени мақул көрсеңиз, соны ислең.
28
Себеби тақсырым, сизиң алдыңызда әкемниң урпақларының ҳәммеси өз өлимин күтип жүргенинде, сиз қулыңыз болған мени дастурханыңыздан аўқат жейтуғынлар арасына отырғыздыңыз. Сизден буннан артық бир нәрсе сораўға не ҳақым бар, о, патша?!
29
Патша оған: – Өз ислериң ҳаққында гәпти балалатыўдың не ҳәжети бар? Саған айтатуғыным мынаў: Сиба менен екеўиңиз жерлерди бөлисип алың, – деди.
30
Бирақ Мефибошет патшаға: – Тақсырым сарайына аман-саў қайтып келген екен, енди барлық жерлерди Сиба ала ғойсын, – деп жуўап берди.
31
Гиладлы Барзиллай да Иордан дәрьясын кесип өтиўде патшаға жолдас болып, оны шығарып салыў ушын, Рогелимнен келген еди.
32
Барзиллай оғада қартайған болып, сексен жасқа шыққан еди. Ол жүдә бай адам болғанлықтан, патша Маханайымда болған ўақытта, патшаны азық-аўқат пенен тәмийинлеп турған еди.
33
Патша Барзиллайға: – Мениң менен бирге дәрьяны кесип өт. Ерусалимде мен сени азық-аўқат пенен тәмийинлеймен, – деди.
34
Бирақ Барзиллай патшаға былай деп жуўап берди: – Сиз бенен Ерусалимге кететуғындай, қанша өмирим қалды дейсиз?
35
Мен ҳәзир сексен жастаман. Жақсы менен жаманды ажырата алмасам, ишкен-жегенимниң дәмин сезе алмасам, еркек ҳәм ҳаял қосықшының даўысын есите алмасам, тақсыр, сизге жүк болыўымның не кереги бар?
36
Қулыңыз болған мен тек ғана Иордан дәрьясын сиз бенен бирге кесип өтип, сизге аз-маз жолдас болмақшы едим. Патша, сиз неге маған буншелли сый көрсетип атырсыз?
37
Маған үйиме қайтыўға рухсат бериң. Бирақ қулыңыз Кимҳам усы жерде, ол сиз бенен бирге арғы тәрепке өтсин. Оған нени мақул көрсеңиз, соны ислең.
38
Патша оған: – Кимҳам мениң менен бирге арғы тәрепке өтеди. Сен оған нени мақул көрсең, мен соны ислеймен. Меннен не тилесең де, тилегиңди орынлайман, – деди.
39
Соннан кейин, патша ҳәм пүткил халық Иордан дәрьясынан өтти. Патша Барзиллайды сүйип, оған пәтия берди. Соңынан Барзиллай үйине қайтты.
40
Патша Гилгалға кетти. Кимҳам да оның менен бирге кетти. Пүткил Яҳуда әскерлери ҳәм Израил әскерлериниң ярымы патшаға жолдас болды.
41
Сонда израиллылар патшаға барып: – Неге туўысқанларымыз яҳудалылар сизди урлап кетип, сизди ҳәм хожалығыңызды пүткил адамларыңыз бенен Иордан дәрьясының арғы тәрепине өткерип қойды? – деди.
42
Яҳудалылар израиллыларға: – Өйткени патша бизлердиң жақынымыз. Неге буған қапа боласызлар? Патшаның аўқатынан бир нәрсе жедик пе? Я болмаса, өзимизге бир нәрсе алдық па? – деди.
43
Израиллылар яҳудалыларға жуўап берип: – Патшада бизлердиң он пайымыз бар. Сонлықтан Даўыт патшада сизлерден гөре көбирек ҳақымыз бар. Солай екен, неге бизлерди жерге урасызлар? Патшамызды қайтып алып келиўди биринши болып бизлер айтқан жоқ па едик? – деди. Деген менен, яҳудалылардың сөзлери израиллылардикинен күшлирек болды.
← Chapter 18
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 20 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24