bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Job 14
Job 14
Karakalpak 2022
← Chapter 13
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 15 →
1
Ҳаялдан туўылған инсанның, Өмири қысқа, азапқа толы болады.
2
Ол гүл сыяқлы өседи, солып қалады, Көлеңке сыяқлы тез өтип кетеди, турып қалмайды.
3
Сондай инсан болған маған нәзериңди үзбей қарайсаң ба? Ҳүким қылыў ушын мени дәргайыңа алып келесең бе?
4
Ким ҳарам нәрседен ҳадал нәрсе шығара алады? Ҳеш ким!
5
Инсанның күнлерин белгилеп, Айларының санын санап, Асып кетпейтуғын шек те қойған екенсең,
6
Енди оннан нәзериңди алып, оны тынышына қой. Ол да күнликшиниң жумыс күниниң аяқланғанына қуўанғанындай, өмиринен рәҳәтленсин.
7
Ҳәтте, ағашта да үмит бар, Оны кесип тасласа, ол қайта өседи, Өсиўин тоқтатпайды.
8
Тамырлары қартайып қаўсап, Түбири топырақта ширип кетсе де,
9
Суў ийисин алып-ақ, жайнап кетеди, Жас терек сыяқлы шақаларын жаяды.
10
Бирақ инсан өлсе, бар күшинен айырылады, Соңғы демин шығарғаннан соң, ол қай жерде болады?
11
Көлдиң суўы қурып қалғандай, Дәрья суўы тартылып, кеўип қалғандай,
12
Өлген адам да жатады, қайтып турмайды, Аспан жоғалып кетпегенше, ол оянбайды, Уйқысынан ҳеш турмайды.
13
Қәне, Сен мени өлилер мәканына жасырып қойсаң еди, Ғәзебиң басылғанша, сақлап қойсаң еди! Мен ушын бир ўақыт белгилеп, Соңынан мени еске алсаң еди!
14
Адам өлгеннен соң, қайта тириле ме? Егер сондай болса, азат етилгенимше, Азаплы күнлеримниң барлық күнлеринде қайта тирилиўди күтер едим.
15
Сонда мени, Өзиң жаратқан жаратылысыңды, Көргиң келгенде, шақырар едиң, Мен де жуўап берер едим.
16
Сонда Сен адымларымды санап, гүзетер едиң, Бирақ гүналарымның есабын алмас едиң.
17
Қылмысларымды дорбаға салып мөрлеп, Ислеген гүналарымды жасырар едиң.
18
Бирақ таўлар қулап, майдаланып, Жартаслар өз орнынан қозғалғандай,
19
Суўдың тасты жалмап, Ағыстың топырақты ағызып кеткениндей, Сен де инсанның үмитин жоқ қыласаң.
20
Сен оны ақырына шекем езесең, ол жоқ болады, Өлгенинде жүзин өзгертип, узаққа жибересең.
21
Уллары ҳүрметке миясар болар, буннан оның хабары болмас, Жерге урылар, буны билмес.
22
Ол тек өз денесиниң азабын сезер, Тек өзи ушын қайғырар.
← Chapter 13
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 15 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42