bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Job 4
Job 4
Karakalpak 2022
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 5 →
1
Сонда теманлы Элифаз Аюпқа былай деди:
2
– Егер биреў саған сөз айтпақшы болса, Саған аўыр батпай ма? Ақыры, ким сөйлеўден өзин тыйып тура алады?
3
Еслеп көр, сен көплерге тәлим берер, Ҳәлсизлерди жигерлендирип, күш берер едиң.
4
Сениң сөзлериң жығылғанға тирек болып, Дизелери қалтырап, ҳәлсирегенлерге күш беретуғын еди.
5
Ал енди сол нәрселер өз басыңа түскенде, Түскинликке түсип қалыпсаң, Өзиң бахытсызлыққа ушырағанда, Руўхың түсип кетипти.
6
Қудайдан қорқыўың – исенимиңниң, Минсиз жасаўың – үмитиңниң белгиси емес пе?
7
Ойлап көрши: қашан айыпсыз адам набыт болып, Әдил адам жоқ қылынған еди?
8
Мениң көргеним мынаў: ким жаўызлықты шүдигарлап, Ғам-қайғы туқымын ексе, соны орып алады.
9
Олар Қудайдың үплеген деминен набыт болады, Оның ғәзебиниң даўылынан жоқ болады.
10
Арысланлар ақырып, ырылдассын, Бирақ Қудай жыртқыш арысланлардың тислерин сындырады.
11
Сонда арыслан олжасыз өлип кетеди, Жетим қалған балалары тарап кетеди.
12
Маған жасырынша бир сөз келди, Сыбырлысы қулағыма шалынды.
13
Түнги тәшиўишли түстен туўған ойлар ишинде, Адамлар қатты уйқыға шүмген ўақытта,
14
Мени қорқыў бийлеп алып, қалтыратпа басты, Пүткил денем ләрзеге келди.
15
Самал бетимди сыйпап өтти, Сонда төбе шашым тик турды.
16
Бир сүлдер турғандай болды, Бирақ мен оның не екенин түсинбедим. Көз алдымда бир тулға пайда болды, Тынышлық ҳүким сүрди ҳәм мен өлпең даўысты еситтим:
17
«Адамзат Қудайдың алдында әдил бола ала ма? Адам өз Жаратыўшысының алдында пәк бола ала ма?
18
Қудай, ҳәтте, Өзиниң аспандағы хызметшилерине де исенбейди, Ҳәтте, периштелеринен де кемшилик табады.
19
Сонда тийкары топырақтан болған, Ылайдан жаратылған, Жәнликтей аңсат женшилип қалатуғынларға не болады?
20
Олар күн шыққаннан ымырт жабылғанға шекемги аралықта набыт болады, Олардың мәңгиге жоқ болғанын байқамай да қаласаң.
21
Олардың шатырларының ишиндеги жиплери үзилген, Даналықтан хабарсыз өлип кетеди».
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 5 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42