bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Job 5
Job 5
Karakalpak 2022
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 6 →
1
– Ал енди, Аюп, шақырғың келсе, шақыр! Саған жуўап бергендей, биреў бар ма екен? Периштелердиң қайсысынан жәрдем сорамақшысаң?
2
Ашыў-ғәзеп ақмақты набыт қылар, Күншиллик саданы өлтирер,
3
Мен ақмақтың тамыр жайғанын көрдим, Бирақ тосаттан оның үй-иши ғарғысқа ушырады.
4
Оның балалары аманлықтан аўлақ болар, Ҳүким ўақтында езилер, Бирақ оларды жақлайтуғын ҳеш ким болмас.
5
Оның зүрәәтин ашлар жеп қояр, Ҳәтте, тикенлер арасында өскенлерин де. Ашкөзлер мал-мүлкин де алып кетер.
6
Жаўызлық жерден өсип шықпайды, Ғам-қайғы да атызда өспейди.
7
Деген менен, от ушқынының жоқары қарап ушқаны сыяқлы, Азап шегиў ушын туўылар инсан.
8
Бирақ мен Қудайды излеген, Даўа-арзымды Оған тапсырған болар едим.
9
Ол ақылға сыймайтуғын, уллы ислерди ислеп, Сансыз кәраматлар көрсетер.
10
Ол жер бетине жаўын жаўдырып, Атызларды суўғарар.
11
Ол төмен аўҳалдағыларды жоқары көтерип, Қайғыға батқанларды қәўипсизликке шығарар.
12
Ол ҳийлекерлердиң нийетлерине тосқынлық жасап, Оларды табыстан маҳрум етер.
13
Ол даналарды өзлериниң мәккарлығы арқалы қолға түсирип, Ҳийлекерлердиң ойларын пушқа шығарар.
14
Күндиз олар қараңғылыққа тап болар, Тал түсте де түндегидей сыйпаланып жүрер.
15
Қудай жарлыны жаманлардың ашшы сөзлеринен, Күшлилердиң қолынан қутқарар.
16
Солай екен, кәмбағалларда үмит бар, Наҳақлардың аўзы жабылар.
17
Қудай ескертип, дүзететуғын адам қандай бахытлы! Сонлықтан Қүдирети күшли Қудайдың үгит-нәсиятын писент етпей жүрме.
18
Ол жаралайды ҳәм Өзи оны таңады, Ол зыян келтиреди, бирақ Өз қолы менен шыпалайды.
19
Ол сени алты бахытсызлықтан қутқарады, Жетинши апат та саған зыян келтире алмайды.
20
Ашаршылықта өлимнен, Урыста қылыштан сақлайды.
21
Ол сени тил бәлесинен қорғайды, Апат келгенде қорқпайтуғын боласаң.
22
Ўайраншылық ҳәм ашлық үстинен күлетуғын боласаң, Жабайы ҳайўанлардан да қорқпайтуғын боласаң.
23
Даладағы таслар менен тил табысасаң, Жабайы ҳайўанлар да сениң менен татыў болады.
24
Сен үйиңниң қәўипсизлик ишинде екенин билесең, Сүриў ҳәм падаларыңды көзден өткергениңде, Ҳеш нәрсеңниң жоғалмағанын көресең.
25
Сениң сансыз балаларың болады, Урпағың жер бетиндеги шөп сыяқлы мол болады.
26
Өз ўақтында буўылған бийдай баўы киби, Жасарыңды жасап, қәбириңе киресең.
27
Мине, бизлер буны изертледик, ҳәммеси ҳақыйқат екен, Усыларды тыңлап, қабыл қыл.
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 6 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42