bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Job 33
Job 33
Karakalpak 2022
← Chapter 32
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 34 →
1
Енди Аюп, айтажағымды тыңлап, Барлық сөзлериме қулақ салың!
2
Мине, аўзымды аштым, Сөзлерим тилимниң ушында дизилип тур.
3
Сөзлерим пәк жүрегимнен шығады, Тилим билгенин ашық айтады.
4
Қудайдың Руўхы мени жаратты, Қүдирети күшли Қудайдың деми маған өмир берди.
5
Қолыңыздан келсе, маған жуўап бериң, Алдымда турып, дәлиллер келтириң.
6
Қудайдың алдында мен де сиздеймен, Мен де ылай бөлегинен жасалғанман.
7
Сонлықтан меннен қорқпасаңыз да болады, Қысқыға алыўым сизге аўыр батпасын.
8
Гәплериңизди өз қулақларым менен еситтим, Олар еле қулақларымда жаңлап тур.
9
Сиз былай дедиңиз: «Мен пәкпен ҳәм гүнасызбан, Минсиз ҳәм айыпсызбан.
10
Сонда да, Қудай маған қарсы себеп излеп атыр, Мени Өз душпаны деп санамақта.
11
Ол аяқларыма буғаў салып, Жолларымды гүзетпекте».
12
Бирақ сизге айтайын: бул жерде сиз наҳақсыз, Қудай адамзаттан уллы.
13
«Ҳеш бир сөзиме жуўап бермеди», – деп турып, Неге Оның менен тартысып атырсыз?
14
Қудай ҳәр қыйлы жол менен сөйлейди, Ал буны адамлар аңламайды да.
15
Адамлар терең уйқыға шүмгенде, Төсеклеринде қалғып кеткенде, Түслеринде, көрген аянларында,
16
Қудай олардың қулақларын ашып, Ескертиўлери менен оларды қорқытады.
17
Усылайынша, Ол адамды жаман ислеринен қайтарады, Менменликтен сақлайды.
18
Жанын қәбирден, Өмирин қылыштан қутқарады.
19
Ямаса адам төсек тартып жатқарылып, Сүйеклери тынымсыз сырқыраў менен жазаланады.
20
Сонда ол нанға да қарай алмайтуғын болып қалады, Ҳәтте, ең мазалы тағамларға да иштейи болмайды.
21
Азып-тозып, тек сүлдери қалады, Көринбеген сүйеклери енди анық көзге тасланады.
22
Оның жаны қәбирге, Өмири жан алыўшы периштелерге жақынласады.
23
Ал егер мың периштениң ишинде адамды жақлайтуғын, Оған өзи ушын нениң туўры екенин билдиретуғын бир периште бар болса,
24
Оның мийрими түсип: «Оны қәбирге түсиўден аман сақлап қала гөр! Мен оның қунын өтейтуғын төлем таптым», – десе,
25
Сонда адамның денеси жас баланикиндей болып, Оның жаслық шағы қайтып келеди.
26
Соңынан адам Қудайға дуўа етеди ҳәм Қудай оны қабыл етеди. Ол қуўаныш пенен Қудайдың дәргайына келеди, Қудай оның әдиллигин тиклейди.
27
Сонда адам адамлар алдында қосық айтып, былай дейди: «Мен гүна ислеп, ҳақыйқатты бурмаладым, Бирақ оның жазасын тартпадым.
28
Ол жанымды қәбирден қутқарды, Мен жақты дүньяны көрип турман».
29
Мине, Қудай бул нәрселердиң ҳәммесин, Еки емес, үш емес, қайта-қайта тәкирарлайды.
30
Буны адамның жанын қәбирден қайтарыў, Оған өмирдиң нурын көрсетиў ушын солай ислейди.
31
Дыққат қылың, Аюп, мени тыңлаң, Үндемең, мен сөйлейин.
32
Егер айтатуғын гәпиңиз болса, айтың, Мен сизиң ақланыўыңызды қәлеймен.
33
Егер болмаса, онда мени тыңлаң, Үндемең, мен сизге даналықты үйретейин.
← Chapter 32
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 34 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42