bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Job 41
Job 41
Karakalpak 2022
← Chapter 40
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 42 →
1
Лиўятанды тутыўға үмит етиў пайдасыз, Оның қарасы көриниўден-ақ, қорқыныштан адамның жүреги жарылады.
2
Оны қозғаўға ҳеш кимниң батылы бармайды. Солай екен, онда ким Мениң алдымда тура алады?
3
Оған қарыздар болып қалатуғындай, ким Маған бир нәрсе берди екен? Аспан астындағы ҳәмме нәрсе – Меники.
4
Мен Лиўятанның дене ағзалары, Уллы күши ҳәм әжайып денеси ҳаққында айтып берейин.
5
Ким оның терисин сылып ала алады? Ким оның еки қабат саўытын тесип зақымлай алады?
6
Ким оның аўзын ашып көре алады? Оның аўзындағы тислери қорқынышлы.
7
Арқасы қатар-қатар қалқаннан исленген, Олар мөр басылғандай етип, бир-бирине тығыз беккемленген.
8
Олардың бир-бирине жақын жайласқаны соншелли, Арасынан ҳаўа да өтпейди.
9
Олар бир-бирине тығызланып, жабыстырылған, Оларды ажыратыў мүмкин емес.
10
Лиўятан түшкиргенде, от шашады, Оның көзлери таң нуры сыяқлы жайнап турады.
11
Аўзынан жалын лаўлап, От ушқынлары шашырайды.
12
Мурнынан шыққан түтин, Жанып турған қамыс үстинде қайнап турған қазанның пуўына уқсайды.
13
Деми көмирди алыстырады, Аўзынан жалын шашады.
14
Оның күши мойнында, Оның алдында қорқыныш ойынға түседи.
15
Етиниң қабатлары бир-бирине беккем жабысқан, Қуймаға уқсайды, ҳеш тербелмейди.
16
Жүреги тастай, Дигирманның астынғы тасындай қатты.
17
Ол орнынан турғанда, күшлилердиң де ҳүрейи ушады, Қорқыныштан артқа шегинеди.
18
Оны қылыш та кеспейди, Оған найза да, қанжар да, оқ та өтпейди.
19
Темир оған сабан киби, Қола шириген терек киби көринеди.
20
Атылған оқлар оны қашыўға мәжбүрлей алмайды, Сақпаннан атылған тас ол ушын қаўықтай нәрсе.
21
Шоқмар менен урған оған сабан менен урғандай, Өзине ылақтырылған семсерлердиң сестине күледи.
22
Денесиниң астынғы теңгелери гүзениң өткир сынықларына уқсайды, Ылайдың үстинде жатса, түйек айдалғандай из қалдырады.
23
Түпсиз терең ийиримди ол қазан киби қайнатады, Теңизди қайнап турған май киби тастырады.
24
Ол изинде нурлы из қалдырады, Көргенлер теңиздиң ақ шашы бар деп ойлайды.
25
Жер бетинде оның теңи-тайы жоқ, Ол қорқынышты билмейтуғын етип жаратылған.
26
Ол барлық тәкаббирлерге пәс нәзер менен қарайды, Ҳәм барлық менменлердиң патшасы.
← Chapter 40
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 42 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42