bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Job 37
Job 37
Karakalpak 2022
← Chapter 36
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 38 →
1
Буннан жүрегим дирилдеп, Қанасынан шығып кетейин дейди.
2
Тыңлаңлар! Оның гүркиреген даўысына, Аўзынан шыққан сестине қулақ түриңлер!
3
Ол пүткил аспан асты бойлап шақмақ шақтырады, Шақмақтың жалтылдысы жердиң төрт тәрепине жетип барады.
4
Буннан кейин, Қудайдың даўысы гүркиреп шығады, Ол әжайып даўысы менен гүркирейди, Оның даўысы еситилгенде, үзликсиз шақмақ шағады.
5
Қудайдың даўысы әжайып тәризде гүркирейди, Ол бизлердиң ақылымыз жетпейтуғын уллы ислерди ислейди.
6
Ол қарға: «Жерге жаў!» – дейди. Ал нөсер жаўынға: «Нөсер болып қуй!» – дейди.
7
Сонда ҳәр бир адам исин тоқтатады, Барлық адамлар булардың Оның иси екенин биледи.
8
Жабайы ҳайўанлар өз инлерине кирип, Уяларын паналайды.
9
Даўыл өз мәканынан шығып, Күшли самал аяз алып келеди.
10
Қудайдың деминен муз пайда болады, Шексиз суўлар музлап қалады.
11
Қойыў бултларды ығал менен тойдырады, Олар арқалы шақмағын шақтырады.
12
Бултлар Оның басқарыўында айланып жүреди, Пүткил жер бетин айланады, Булардың ҳәммесин Қудай өзлерине буйырғаны ушын ислейди.
13
Ол гейде адамларды жазалаў ушын, Ал гейде жер жүзин суўғарып, Сүйиспеншилигин көрсетиў ушын жаўын жаўдырады.
14
Аюп, мыналарды тыңлаң, Тоқтап, Қудайдың уллы ислери ҳаққында ойлап көриң.
15
Қудайдың бултларды қалай басқаратуғынын, Өз бултларынан шақмақты қалай шақтыратуғынын билесиз бе?
16
Бултлардың аспанда қалай қалқып жүретуғынын, Билими жетик Қудайдың кәраматлы ислерин билесиз бе?
17
Қубла самалы есип, жер бети қуўрап қалғанда, Кийимлериңиз сизди терлеткенде,
18
Қола айна сыяқлы қатты аспанды, Сиз де Қудай сыяқлы жайып жибере аласыз ба?
19
Қудайға не айтыўымыз кереклигин бизлерге үйретиң, Қараңғылықта болғанлығымыз себепли, биз исимизди қорғай алмаймыз.
20
Мениң сөйлеспекши болғаным туўралы Оған биреў хабарлай ма? Ким өзиниң набыт болыўын қәлейди?
21
Самал есип, аспандағы бултларды серпип таслағанда, Жарқыраған күн нурына ҳеш ким қарай алмайды.
22
Қудай арқадан алтын нур таратып келмекте, Ол әжайып салтанатқа бөленген.
23
Бизлер Қүдирети күшли Қудайға жете алмаймыз, Оның қүдирети ҳәм әдиллиги уллы, Әдалатлығы шексиз, Ол ҳеш наҳақлық қылмайды.
24
Сонлықтан, ҳәй адамлар! Оннан қорқыңлар! Өзин дана деп билгенлерге Ол итибар бермейди.
← Chapter 36
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 38 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42