bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Job 32
Job 32
Karakalpak 2022
← Chapter 31
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 33 →
1
Аюп өз нәзеринде ҳақ болғанлықтан, үш достысы оның менен тартысыўды тоқтатты.
2
Бирақ Аюп өзин ақлап, Қудайды айыплағаны ушын, Рам әўладынан, Буз тийресинен болған Барахел улы Элиҳудың Аюпқа ашыўы келди.
3
Сондай-ақ, Аюпты айыплағаны менен, оған жөнли жуўап қайтара алмағаны ушын, оның үш достысына да ашыўы келди.
4
Элиҳу Аюп пенен сөйлесиў ушын өзиниң гезегин күтти. Өйткени басқалардың жасы оннан үлкенирек еди.
5
Бирақ сол үш адамның басқа гәпи жоқлығын көргенде, Элиҳу ашыўға минди.
6
Солай етип, Буз тийресинен болған Барахел улы Элиҳу сөзин баслап, былай деди: – Мениң жасым киши, сизлер болсаңыз жасы үлкенсизлер, Сонлықтан батына алмадым, өз билгенимди сизлерге айтыўға қорқтым.
7
Жасы үлкенлер сөйлесин, Көп жасағанлар даналықтан сабақ берсин, дедим.
8
Бирақ адамға ишиндеги руўх, Қүдирети күшли Қудайдың деми ақыл береди.
9
Сонлықтан тек жасы үлкенлер дана болмайды, Тек көп жасағанлар ғана нениң дурыс екенин түсине бермейди.
10
Сонлықтан былай деймен: Мени тыңлаң, мен де өз билгенимди баян етейин.
11
Сизлер сөйлегениңизде, мен күттим, Сизлер не айтыўды излеп атырғаныңызда, Ақыллы сөзлериңизге қулақ түрдим.
12
Сизлерди бар дыққатым менен тыңладым. Бирақ ҳеш бириңиз Аюптың наҳақлығын дәлиллей алмадыңыз, Ҳеш бириңиз оның сөзлерине жуўап бермедиңиз.
13
«Бизлер дана жолды таптық: Аюпты адам емес, ал Қудайдың Өзи жеңсин», – демеңлер.
14
Аюп маған қарата сөйлемеди, Егер сөйлегенде де, оған сизлердиң сөзлериңиз бенен жуўап бермеген болар едим.
15
Сизлер иренжип, сөз таппай отырсызлар, Айтатуғын сөзиңиз де қалмады.
16
Сизлер үндемей, жуўап бермей тура берсеңиз, Мен де күтип тура бериўим керек пе?
17
Мениң де айтар сөзим бар, Мен де өз билгенимди баян етпекшимен.
18
Ишим сөзлерге толған, Ишимдеги руўх мени зорламақта.
19
Жүрегим ашылмаған шарап киби, Жаңа шарап қуйылған мес киби, жарылып кетейин деп тур.
20
Сөйлейин, жаным жай тапсын, Аўыз ашып, жуўап берейин.
21
Мен ҳеш кимниң бет-жүзине қарамайман, Ҳеш кимге жағымпазлық қылмайман.
22
Мен жағымпазлық қылыўды билмеймен, Болмаса, Жаратыўшым мени дәрриў жоқ қылған болар еди.
← Chapter 31
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 33 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42