bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Job 22
Job 22
Karakalpak 2022
← Chapter 21
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 23 →
1
Сонда теманлы Элифаз былай деди:
2
– Адам Қудайға пайда келтире ала ма? Ҳәтте, ең ақыллы адам да Оған пайда келтире алар ма еди?
3
Сениң әдиллигиңнен Қүдирети күшли Қудай не ләззет алады? Пәк өмир тәризиңнен Оған не пайда?
4
Қудайдың сени жазалаўы, ҳүким етиўи, Оннан қорққаның ушын ба?
5
Керисинше, сениң жаўызлығың уллы, Қылмысларың шексиз болғанлықтан емес пе?
6
Сен туўысқанларыңнан жөнсиз кепиллик алдың, Кийимлерин шешип алып, жалаңаш қалдырдың.
7
Шөллегенге суў бермедиң, Аш болғанға нан бермедиң.
8
Билегиңниң күши менен үлкеге ийелик еттиң, Ҳүрметли адам болып жасадың.
9
Бирақ жесир ҳаялларды қуры қол қайтардың, Жетимлердиң қол-қанатын қайырдың.
10
Сонлықтан әтирапыңды дузақлар орап алған, Тосаттан сени қорқыныш баспақта.
11
Қараңғылық ишиндесең, көре алмайсаң, Селлер сени ғарқ қылмақта.
12
Қудай көклерден де жоқарыда емес пе? Жулдызларға қара, олар қаншелли бийикте!
13
Бирақ сен: «Қудай не биледи? Терең қараңғылық ишинен ҳүким ете ала ма?
14
Қойыў бултлар Оны жасырып тур, Ол бизлерди көрмейди, Ол аспан гүмбезинде айланып жүр», – дейсең.
15
Сен не, залымлар жүрген, Ески жолды тутпақшымысаң?
16
Олар ўақтынан бурын жоқ қылынды, Тийкарларын сел ағызып кетти.
17
Олар Қудайға: «Бизлерди тыныш қой! Қүдирети күшли Қудай бизлерге не қыла алар еди?» – деди.
18
Бирақ олардың үйлерин берекетке толтырған Қудай еди ғой! Ал мен болсам, залымлардың нийетинен аўлақ боламан.
19
Әдиллер олардың қулағанын көрип, қуўанар, Айыпсызлар олардың үстинен күлип, былай дер:
20
«Душпанларымыз жоқ қылынды, Мал-мүлки жанып, күл болды».
21
Қудай менен жарас, тынышлықта бол, Сонда берекет табарсаң.
22
Қудайдың аўзынан шыққан көрсетпелерин қабыл етип, Сөзлерин жүрегиңде сақла.
23
Егер сен Қүдирети күшли Қудайға қайта жүз бурсаң, Ески ҳалыңа қайтарсаң. Шатырыңды наҳақлықтан тазаласаң,
24
Алтынды жердеги топырақтай, Офир алтынын сайдағы таслардай көрсең,
25
Онда Қүдирети күшли Қудайдың Өзи сениң алтының, Қымбатбаҳа гүмисиң болады.
26
Сонда Қүдирети күшли Қудайдан заўық аларсаң, Қудайға басыңды көтерип қарай аларсаң.
27
Оған дуўа ет, Ол сени еситеди, Сен де өзиң ўәде етип атағанларыңды бересең.
28
Сонда нени нийет етсең, орынланар, Жолларыңа нур төгилер.
29
Егер биреў аяқ асты болса, сен: «Оны қоллай гөр», – деп айтасаң, Сонда Қудай кемкеўиллилерди қутқарады.
30
Ол, ҳәтте, айыплыларды да қутқарады, Олар сениң қолларыңның пәклиги себепли қутқарылар.
← Chapter 21
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 23 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42