bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Job 19
Job 19
Karakalpak 2022
← Chapter 18
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 20 →
1
Сонда Аюп былай деп жуўап берди:
2
– Қашанға шекем мени қыйнап, Сөзлериңиз бенен мени езесиз?
3
Мине, мени он мәрте кемситтиңиз, Азар бере бериўге уялмайсызлар ма?
4
Егер мениң қәтелескеним ырас болса, Онда ол мениң мойнымда.
5
Өзлериңизди меннен жоқары қойып, Шерменде болғанымды бетиме бассаңыз,
6
Онда билип қойың: Қудай маған наҳақлық қылды, Өз торын үстиме таслады.
7
Мен: «Бул – зорлық», – деп бақырсам да, Ҳеш ким жуўап бермейди. Жәрдемге шақыраман, бирақ әдалатлық жоқ.
8
Қудай жолыма бөгет қойды, өте алмайман, Соқпақларымды қараңғылыққа бүркеди.
9
Ол мени абырайымнан журдай қылып, Басымнан тажымды шешип алды.
10
Мени жән-жақтан қырып жойды, тамам болдым, Ағашты суўырғандай етип, үмитимди түп-тамыры менен суўырып алды.
11
Оның ғәзеби маған қарсы қайнамақта, Ол мени душпан деп санайды.
12
Оның ләшкерлери де маған қарсы атланып, Мени қамал қылыў нийетинде, Шатырым әтирапына орда қурды.
13
Қудай туўысқанларымды меннен узақластырып, Жақынларымды жат қылды.
14
Ағайин-туўғанларым меннен жүз бурды, Досларым мени умытты.
15
Қонақларым да, шорыларым да, Мени жат санап, Өзге адамдай қарасады.
16
Хызметшимди шақырсам, жуўап бермейди, Оған жалыныўым керек.
17
Ҳаялым демимнен тиксинеди, Туўысқанларым меннен жеркенеди.
18
Ҳәтте, кишкене балалар да мени кемситеди, Орнымнан турсам, үстимнен күледи.
19
Жақын досларым меннен жеркенеди, Сүйгенлерим меннен жүз бурды.
20
Ет-терим сүйегиме жабысқан, Тәнимде шықпас жаным ғана бар.
21
Маған ашының, ҳәй досларым, маған ашының! Мени Қудай урды!
22
Неге Қудай сыяқлы сизлер де изимнен қалмайсызлар? Етиме еле тоймадыңыз ба?
23
Қәне енди, сөзлерим жазып қойылса, Орама китапқа жазып қалдырылса!
24
Темир қәлем ҳәм қорғасын менен, Тасқа ойылып мәңгиге қалса!
25
Бирақ мен билемен, Әмеңгерим тири, Ақырында Ол мен ушын жер бетине келип турады.
26
Денем бузылып кеткеннен кейин болса да, Усы денем менен Қудайды көремен,
27
Оны мен өзим көремен! Оны көретуғын басқаның емес, мениң өз көзлерим болады. Жүрегим қанамнан шығып баратыр!
28
Егер сизлер: «Бизлер оны қалай қуўдалаймыз, Ақыры, мәселениң түп-тамыры онда ғой», – десеңиз,
29
Онда қылыштан қорқың, Себеби Қудайдың ғәзеби басыңызға қылыш дөндиреди, Сонда ҳүким етиўшиниң бар екенин көресиз.
← Chapter 18
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 20 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42