bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Job 27
Job 27
Karakalpak 2022
← Chapter 26
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 28 →
1
Аюп сөзин даўам етип, былай деди:
2
– Ҳуқықымнан маҳрум еткен тири Қудай ҳақы, Жанымды ҳәсиретке толтырған Қүдирети күшли Қудай ҳақы ант ишемен:
3
Геўдемде жаным бар екен, Қудай берген дем мурнымда екен,
4
Аўзымнан наҳақ сөз шықпайды, Тилим жалған сөз айтпайды.
5
Сизлерди ҳеш қашан ҳақ деп тән алмайман, Өлгенимше, пәклигимнен бас тартпайман.
6
Әдиллигимде беккем турып, оннан ҳасла жүз бурмайман, Тири екенмен, ҳүжданым мени айыпламас.
7
Душпанымның басына залымның күни, Қарсыласымның басына наҳақтың күни түссин.
8
Қудай қудайсыздың жанын алып, оны жоқ қылғанда, Онда қандай үмит қалады?
9
Қудайсыздың басына апатшылық түскенде, Қудай оның дад салып жылағанын есите ме?
10
Ол қүдирети күшли Қудайдан заўық ала ма? Бәрқулла Қудайды шақыра ала ма?
11
Қудайдың қүдирети ҳаққында сизлерге үйретемен, Қүдирети күшли Қудайдың нийетин сизлерден жасырмайман.
12
Ҳаслында, булардың ҳәммесин өзлериңиз көрдиңиз, Онда неге ҳәммеңиз мәниссиз сөзлерди сөйлей бересиз?
13
Залым адамның Қудайдан алатуғын үлеси, Қысым көрсетиўшиниң Қүдирети күшли Қудайдан алатуғын мийрасы мынаў:
14
Оның балалары қаншелли көп болса да, Олар қылыштан қырылып кетеди, Урпақларының жеткиликли тамағы болмайды.
15
Тири қалғанлары кеселликтен өлип, көмиледи, Жесир қалған ҳаяллары жоқлаў айтып, жыламайды.
16
Жаўыз адам жердиң шаңындай мол гүмис жыйнаса да, Ылайдай мол кийим-кеншек топласа да,
17
Оның топлағанларын әдиллер кийеди, Айыпсызлар гүмислерди бөлисип алады.
18
Жаўыздың салған үйи өрмекшиниң аўындай, Қараўылдың шертегиндей ҳәлсиз болады.
19
Ол бай болып, уйқыға кетеди, бирақ артық ондай болмайды. Көзин ашқанда, байлығы жоқ болып шығады.
20
Қорқыныш оны сел киби басады, Түнде дүбелей ушырып кетеди.
21
Шығыс самалы оны ушырып алып кетип, Ол көзден ғайып болады. Оны өз орнынан сыпырып таслайды.
22
Самал аяўсыз оған тасланар, Ол самалдың күшинен қашыўға урынады.
23
Самал оның үстинен күлип, қолларын шаппатлап, Өз орнынан оның изинен ысқырады.
← Chapter 26
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 28 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42