bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Job 2
Job 2
Karakalpak 2022
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 3 →
1
Басқа бир күни иләҳий барлықлар Қудайдың алдына және келгенде, Оның дәргайында турыў ушын, шайтан да олар менен бирге келген еди.
2
Сонда Жаратқан Ийе шайтаннан: – Сен қай жерден киятырсаң? – деп сорады. Шайтан Жаратқан Ийеге: – Мен жер бетин гезип, оның ҳәмме жерин айланып шықтым, – деп жуўап берди.
3
Жаратқан Ийе шайтанға: – Қулым Аюпқа сер салдың ба? Жер бетинде ол сыяқлы минсиз, әдил, Меннен қорқатуғын ҳәм жаманлықтан аўлақ жүретуғын адам жоқ. Қара, ол еле минсизлигинде беккем турыпты. Ал сен болсаң, айыпсыздан айыпсыз оны жоқ қылыў ушын Мени ийтермеледиң, – деди.
4
Сонда шайтан: – Етке ет дегениндей, адам өз жаны ушын қолындағысының бәрин береди.
5
Қолыңды созып, ет пенен сүйегине зыян тийгизип көр, сонда Аюп жүзиңе тик қарап, нәлет айтады, – деди.
6
Жаратқан Ийе шайтанға: – Яқшы, оны сениң қолыңа беремен, тек оның жанын алма, – деди.
7
Солай етип, шайтан Жаратқан Ийениң дәргайынан шығып кетти ҳәм Аюпты басынан аяғының ушына дейин аўыртатуғын жара менен қаплап таслады.
8
Сонда Аюп күлдиң ортасында отырып, гүзениң сынығы менен жараларын қасып отырған еди.
9
Ҳаялы оған келип: – Сен еле минсиз болыўға тырысып атырсаң ба? Оннан да Қудайды нәлетлеп, кейин өлип қала ғойсеш, – деди.
10
Аюп оған: – Сен ақылсыз ҳаяллар сыяқлы сөйлеп турсаң. Сонда не, бизлер Қудайдан тек жақсылықты қабыл етип, жаманлықты қабыл етпеўимиз керек пе? – деп жуўап берди. Соншама азап шексе де, Аюптың аўзынан гүна болғандай сөз шықпады.
11
Аюптың үш достысы: теманлы Элифаз, шуўахлы Билдад ҳәм наамалы Софар Аюптың басына түскен бахытсызлықлары ҳаққында еситкенде, жасап турған жерлеринен шықты ҳәм бир жерде ушырасып, жолға атланды. Олар Аюптың қайғысын бөлисип, оған тәселле бериў ушын оның жанына келди.
12
Дослары Аюпты узақтан көрип, оны зорға таныды. Сонда олар зар еңиреп жылады, кийимлерин жыртып, аспанға қарай топырақ шашып, оны басларына да септи.
13
Дослары жети күн, жети түн Аюп пенен бирге қара жерде отырды. Ҳеш бири оған бир аўыз сөз сөйлемеди, олар Аюптың соншелли қатты қыйналып атырғанын көрип турған еди.
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 3 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42